Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 05:39:13, 16.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

«КИШКЕНЕ ДЕМЕҢ БИЗДИ...»

Желбиретип Өзбекстан байрағын,

Жәҳән тән алады, мениң ғайратым.

Бул кишкене Гүлсәнем Оразбаеваның қосық қатарлары арқалы алға қойған мақсети. Пикирлеў дүньясы, шаққан ҳәм зийреклиги менен қатарларынан басым болып көзге түскен Гүлсәнем «усы қыздан бир нәтийже шығады-аў» деп үмит еткен өзи билим алып атырған мектеп жәмәәтиниң, ата-анасы, жақынлары, аўылласларының исенимин пушқа шығармады.

Ол Бозатаў районындағы 1-санлы улыўма билим бериў мектебиниң 8-класында оқыйды. Баслаўыш класста оқып атырғанында-ақ спорттың жеңил атлетика ҳәм шахмат түрлерине қызығып, дөгереклерге қатнасқан. Шахмат инсанның ой-өриси, ақылының раўажланыўына, ал, жеңил атлетика спорт түри жас өспиримниң саламат өсиўине тәсири тийетуғын болғанлықтан оны ата-анасы дәслеп усы спорт түрлери менен шуғылланғанын мақул көрди. Әкеси Жалғасбай Абдуллаев, анасы Гүлсәўир Рамбергенова да қызының спортқа қызығыўшылығын алдыннан сезип оны қоллап-қуўатлады.

Гүлсәнем 4-класста оқып атырғанда 2016-2017-жыллары жарысларға қатнасып, жеңимпаз болды. Кейин ала мектебинен спорттың «Шотокан каратэ-до» түринен секция ашылып, анасының мәсләҳәти менен усы дөгерекке қатнасты. Дәслебинде районлық, Қарақалпақстан Республикасы көлеминдеги жарысларға, ашық турнир, кубок жарысларына қатнасып, жеңимпаз болды. Тренери Жумабийке Қарабалаева оның ықласына бола еринбей шынығыўлар алып барды, Гүлсәнемге үлкен исеним менен қарады.

­ Анам мектепте қарақалпақ тили ҳәм әдебияты пәнинен муғаллим болғанлығы себепли мен де әдебиятқа, музыкаға қызығаман. Халық қосықларын, дәстанларды, шайыр, жазыўшылардың китапларын оқыйман. Арасында өзим де қосықлар жазаман. Бул маған табыс алып келди. 2020-жылы январьда Өзбекстан Республикасы Президенти мәслә­ҳәтшиси Турсунхан Қудайбергенов ҳәм марҳум атамыз, республика  Жоқарғы Кеңеси Баслығы Муса Ерния­зовлар менен ушырасыўда пикирлеримди билдирдим ҳәм жазған қосығымды оқып бердим. Пикирлеримди еркин билдиргеним ушын мени хошаметлеп, уялы телефон ҳәм компьютер саўға етти, - дейди ол.

Бул Гүлсәнемди руўхландырып, 2020-жылы октябрь айында Президентимиз бенен видеоконференц байланыста  Бозатаў районындағы жүз берип атырған жаңалықлар ҳаққында пикирлерин билдирди. Ал, сол жылдың декабрь айында Президентимиздиң Ташкент қаласында бой көтерип атырған IT-Park қурылысы ҳәм республика жаслары менен видеоконференц байланыс арқалы өзиниң жетискенликлерин билдирип Ташкент қаласында ноябрь айында болып өткен Өзбекстан кубогында жеңимпаз болғанлығын мақтаныш еткен Гүлсәнем бозатаўлы жаслар атынан миннетдаршылық билдирди.

Кишкене қыздың тол­қынланып билдирген «шақмақтың тасындай» пикирлери, өзи дөретип оқыған қосығы елимиз басшысын бийпарқ қалдырмады. Президентимиз руўхланып, әлбетте, Зульфия атындағы мәмлекетлик сыйлыққа миясар болатуғынлығын билдирген еди.

­ Мен усы сыйлық ийеси болыўды әрман ететуғын едим. Бул ата-анамды, жақынларымды, пүткил халқымды қуўанышқа бөледи. Бул сыйлық мениң келешегиме берилген исеним, деп билемен, - дейди Гүлсәнем. 


Фото: Зульфия атындағы мәмлекетлик сыйлықты тапсырыў мәресиминен

 Дерек:kun.uz

Исеним ­ үлкен жуўапкершилик. Келешекте Гүлсәнем өзи айтқанындай, Өзбекстан байрағын көклерге көтереди, әлбетте!

 

Б.КАРАМАТДИНОВА.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF