Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 14:31:04, 20.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ӨЗБЕКСТАНДА ЛДСП ИСЛЕП ШЫҒАРАТУҒЫН ЕКИНШИ КӘРХАНА

Дәрья, теңизимиз суўлы ўақытлары нуўқарағай қамыслардың көпшилик бөлеги өртелип, зая болар еди. Салының сабаны, қоқ, басқа да шийки затларымыздың қәдир-қымбатына жетпей, қайта ислеп шығарыў санааты менен жетерли шуғылланылмады. 

Елимиз өз ғәрезсизлигине ерисип, базар қатнасықларындағы меншиктиң көп түрлилиги, «гигант» қурылыслардан көре киши қуўатлылықлардағы кәрханалардың абзаллықлары дүнья тәжирийбесинде тән алынғанын мойынлаўымызға туўра келди.

Соңғы жылларда Мойнақ районын социал-экономикалық жақтан раўажландырыў бойынша Президентимиздиң қабыл еткен бир қанша  Пәрман ҳәм қарарлары күнделикли турмысымыздың барлық тараўларында алға илгерилеўлер менен жаңаланыў­ларға жол ашып берди. Солардың қатарында «Бозатаў» АПЖ аймағынан халық хожалығы ушын оғада зәрүрли, сырты түрли реңдеги жылтырақ затлар менен қапланған панер ислеп шығарыўшы кәрхананы қурып, пайдаланыўға бериў мәмлекетлик бағдарламаға киргизилген еди.

Қурылыс ушын аймақтан 50 гектар жер ажыратылған, соның 10 гектары ислеп шығарыў зонасына киреди. Сметалық нырқы 5 миллион 400 мың (АҚШ) долларлық бул кәрхана қытайлы қәнигелер менен бирликте қурылмақта. Шәртнама шәртлери бойынша қурылыс жумыслары жергиликли, ал, үскене-механизмлер менен тәмийинлеп, монтажлап, сынақтан өткериў қытайлылардың үлесине тийди.

­ 2019-жылдың март айынан иске киристик. Бүгинги күнге қурылыс жумыслары тийкарынан тамамлана келди. Қытайлылар өз гезегинде үскенелерди толығы менен әкелип, қурып монтажласа жыл ақырында пайдаланыўға тапсырылады.

Жумыс бабында қәнигелеримиз Қытайдың «Сары теңиз» бойына жайласқан реңли жылтырақ панерлер ислеп шығаратуғын Ли қаласындағы завод-фабрикаларда болып, ис-тәжирийбелерин үйренип қайтты, - дейди қурылысты қурып ҳәм ислеп шығарыўды өз мойнына алған исбилермен, «Мойнақ-ЛДСП» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң баслығы  Асқар Нийе­туллаев.

­ Кәрханамыз толық қуўатлылығында ислеўден жылына 50 мың кубметр жылтырақ панерлерди ислеп шығарыў арқалы Сурхандәрьядан кейинги екинши кәрханаға айланады. 150 адам жумыслы болып, қамыс таярлаў мапазында  мәўсимлик ислеўшилер менен саны және де көбейиў мүмкиншилиги бар.

Жақын дөгеректеги 7 мың гектарлық ишки көллер қараўымызға өткерилди. Ўақтында таза суў ашып, талан-таражлыққа жол қоймаў арқалы өзимизди өзимиз қамыс пенен тәмийинлеймиз. Кәрханамыз иске түсирилетуғын ўақытта сынаў ушын ислетилетуғын l2 мың кубметр қамысты жергиликли халықтан сатып алдық, - деген жәмийет баслығы Асқар Нийетуллаев бүгинги күнде қызғын түс алған жумыслары менен бирме-бир таныстырыўға өтти.

 

Ө.ӨТЕЎЛИЕВ,

өз хабаршымыз.

Мойнақ районы.

СҮЎРЕТЛЕРДЕ: 1. Қу­рылыс ислерине белсене қатнасып атырған «Арнаўлы бетон-сервис» ЖШЖ баслығы Қ.Таўмуратов пенен «Мойнақ ЛДСП» ЖШЖниң баслығы А.Ни­йетуллаевлар жумыс басында.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF