Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 07:36:20, 25.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

«КАМОЛАДДИН БЕКЗАД ИЗБАСАРЛАРЫ» СЫЙЛЫҚЛАНДЫ

Өзбекстан Көркем өнер академиясы Қарақалпақстан бөлиминде «Камоладдин Бекзад избасарлары» миниатюра ҳәм халық әмелий көркем өнери шығармалары дөретиўшилик таңлаўы Қарақалпақстан Республикасы басқышының жеңимпазларын сыйлықлаў мәресими болды.

Онда атап өтилгениндей, Президентимиздиң 2020-жыл 21-апрельдеги «Сүўретлеў ҳәм әмелий көркем өнер тараўының нәтийжелилигин буннан былай да арттырыўға байланыслы илажлар ҳаққында»ғы қарарының орынланыўын тәмийинлеў бағдарында республикамызда бир қатар жумыслар әмелге асырылмақта. Талантлы дөретиўши жасларды анықлаў ҳәм оларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўда бул таңлаў айрықша әҳмийетке ийе болмақта.

Таңлаў жуўмағында «Ең жақсы миниатюра» бағдарында Нөкис қаласындағы 12-санлы Балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебинен  Аселья Үсенова, Қарақалпақстан Республикасы қәнигелестирилген көркем-өнер мектебинен  Улбосын Атаниязова, Нөкис қәнигелестирилген мәденият мектебинен Гули Атаўбаева, «Ең жақсы графика» бағдарында Қарақалпақстан Республикасы қәнигелестирилген көркем өнер мектебинен Ақылбек Жанибеков, Жасмина Утемисова, Мухлиса Бахтиярова,   Елликқала районындағы 18-санлы Балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебинен Роза Зарипбаева, Нөкис қаласындағы 1-санлы Балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебинен  Дилноз Абдрашидовлар жеңимпаз болды.

— Таңлаўға қырықтан зыят қәбилетли оқыўшы өзлериниң 90 ға жақын шығармалары менен қатнасты,-дейди Өзбекстан Көркем өнер академиясы Қарақалпақстан бөлиминиң атқарыўшы хызметкери Тоқтагүл Өтепбергенова. —Соннан ең жақсылары мәмлекетимиз бас­қышына жоллама алды.

Жеңимпазлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен сыйлықланды.

Илаж қатнасыўшылары дөретиўши жаслар шығармаларының көргизбеси менен танысты.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

М.ҲӘБИБУЛЛАЕВтың түсирген сүўрети.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF