Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 12:21:54, 20.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

АҢ-ҚУСЛАРҒА УЯ БОЛҒАН СЕКСЕЎИЛЗАРЛЫҚЛАР...

«Қоңырат-Мойнақ» асфальт жолының еки бо­йындағы туқымын самал сеўген сексеўиллик район орайына шекем жолдасың болып,  теңиздиң ултанындағы екпелери менен тутасып кетеди.

Бир жақсы жери, 1990-жыллардағы азы-кем самал ессе көз аштырмайтуғын дузлы шаң басылып қалған. Атақлы шайырымыз Ибрайым Юсуповтың  сексеўилди «Бултты саўып ишкен, шөлистанның сом билекли батырлары» деп тәрийплегениндей, тәбиятта тоғай айрықша орын тутады. Дәрья, теңиз, көллердиң «жаны» саналған тоғайлар тереңге кеткен тамырлары арқалы ызғарын услап, жерди эррозиядан сақлайды екен.

Апатшылық зонасына айланған экологиялық қыйын жағдайды жумсартыў, тәбийғый ҳалына келтириўде Президентимиздиң Пәрман ҳәм қарарлары тийкарында қурғап кеткен теңиз ултанындағы бир неше миллион гектарлық бослықларға  шөккен дузлы шаң-тозаңлары ҳаўаны патасламаўы ушын шөл өсимликлерин егиўде жобалы тапсырмалар табыслы әмелге асырылмақта.

Шешиўши қәдемлер атылған 2018-жылдың декабрь айынан берли 1 миллион 200 мың гектар жер сексеўилзарлыққа айландырылған. Бул иске Өзбекстан Республикасының барлық ўәлаятларынан тоғай хожалықлары хызметкерлери, Айрықша жағдайлар басқармасы, бас­қа да тараўларда ислеўшилердиң күши менен ҳәр жылы 1000нан зыят адамлар, 600ге жақын меха­низм­лер, 4 «АН-2» самолёты менен дельтапланлар қатнастырылмақта.

Егис мапазы декабрь айынан басланып, қашан күн ысығанша даўам етеди. Орайлық штабта Қарақалпақстан Республикасы Тоғай хожалығы комитети баслығының орынбасары Ҳәкимниязов Ернияз Сәрсенбаевич пенен ушырасып, өзимизди қызықтырған бир қанша сораўларға жуўап алдық.

­ Бүгинги күнде ғажжа-ғаж түс алған егис мапазы теңиз акваториясының «Сүргил-Ахантай» ҳәм «Ақбеткей» массивлеринде алып барылмақта. Соның ишинде «Ахан­тай»дан 375 мың, «Ақбеткей»ден 100 мың гектар жерге сексеўил, қандым, қарабарақ, басқа да шөлге шыдамлы егинлер егиў көзде тутылған. Ис жобасы бойынша бир самолёт күнине 6 мың, ҳәр механизм 55-60 гектар жерге сапалы туқым себеди. Быйылғы жыл ушын 1500 тонна сексеўил ҳәм басқа да өсимликлердиң туқымлары таярланыўы керек болса, бул көрсеткиш 1000 тоннадан асты. Туқым таярлаўда Тоғай хожалығы хызметкерлери белсендилик көрсетсе, жергиликли халық жақыннан жәрдемлесип, ҳәр килограмын 15000 сумнан сатып алғанымыз мақул түспекте.

Егис пенен бир қатарда сеплеў жумысларына да айрықша кеўил бөлинген. Жумысшыларымызға барлық қолайлы турмыс шараятлары ис басында жаратылғанлығы себепли күннен-күнге өнимдарлығы артып, сапалы егисти тәмийинлейди.

­ Ернияз Сәрсенбаевич, дәслепки егилген майданлардағы қалың тоғайлыққа айланған жерлерде ҳайўанатлар ҳәм өсимликлер дүньясының өсип-раўажланыўы қалай!

­ Аралда тиришилик қайта оянды. Әсиресе, «Возрождение» атаўына жақын жерде қазылған артезиан қудықларының суўы 65-70 гектар жерге жайылғаны жақсы болды. Көптен берли жолларын Аралдан бурыў салыўшы жыл қусларына тырналар бас болып, ғаз-үйреклер келгеннен «Қус базары»на айланды. Тиришиликтиң арқаўы болған суўға кийиклерге қосыла сай­ғақлар үйир-үйири менен аралас жүрипти. Тоғайлар болса, әзелден аң-қусларға уя. Сексеўилликлердиң арасында қоян, қырғаўыл, қуслардың не түрин гезлестиресең. Түлки, сағаллар жийи ушырасып, «Ахантай»дың қасқырлары Мойнаққа жақын келгенин еситтик...

Сексеўил егилген жерлердиң топырақ қурамы жақсыланып, қатар аралары бир жыллық егинлер менен толысқаны қуўа­нышлы жағдай, - деп гәптиң тоқетери айтыл­ғаннан соң сәўбетимизди қысқа жуўмақладық.

Ө.ӨТЕЎЛИЕВ,

өз хабаршымыз.

Мойнақ районы.

СҮЎРЕТТЕ: Қарақалпақстан Республикасы Тоғай хожалығы комитети баслығының орынбасары Е.Ҳәкимниязов ҳәм районның бас тоғайтөреси Т.Шү­кирбердиевлер «Ақбеткей» массивинде.

Автордың түсирген сүўрети.   

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF