Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 11:46:14, 29.03.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ЖАҢА БАҒЛАР ЖАРАТЫЛМАҚТА

Мәмлекетимизде хал­қымызды сапалы азық-аўқат өнимлери менен тәмийинлеў ҳәм экспортқа қолайлы өним жетистириў, бул арқалы жаңа жумыс орынларын жаратыўға үлкен итибар қаратылып атыр.

Бүгинги күнде республикамыздың барлық районларында аўыл хожалығы мийнеткешлери ушын бағшылық ҳәм жүзимгершиликти раўажландырыўға бағыш­ланған көргизбели семинарлар шөлкемлестирилмекте.

Елликқала районында болып өткен семинар да усы тараўларды раўажландырыўға қаратылған болып, оған Өзбекстан Республикасы Бас Прокуратурасы басқармасы баслығы А.Умаров, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының Аўыл ҳәм суў хожалығы мәселелери бо­йынша орынбасары С.Хожаметов, аўыл хожалығы министри А.Якубов, Қарақалпақстан фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери Кеңеси баслығы Қ.Нурымбетов ҳәм басқа да тараў ўәкиллери қатнасты. Илажда жүзимгершилик ҳәм бағшылықты раўажландырыў, егислик майданларында суўды үнем­леўши технологияларды ен жайдырыў, интенсив усылда өним алыўға бағдарланған пикир ҳәм усыныслар билдирилди. 

Буннан соң семинар Төрткүл районында даўам еттирилип, егин майданларында мийнет етип атыр­ған фермер ҳәм дийқанлар ушын тек ғана ишки базарларымызға емес, ал, сырт еллерге экс­порт етилетуғын мийўе түрлерин жетистириў бо­йынша пикирлер билдирилип, егислик майданларына мийўе нәллери отырғызылды.

­ Егислик майданларын сапалы түрде таярлап, мийўе нәллери еле оянбаған ўақытта отырғызыў арқалы жоқары өним алыўға ерисиледи, - дейди Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының Аўыл ҳәм суў хожалығы мәселелери бойынша орын­басары С.Хожаметов. ­ Дийқанларымыз қыстың соңғы айларынан таярлық жумысларын баслап жиберди. Ферғана ўәлаятынан мийўе нәллери алып келинген болып, бул бағдарда дийқан, фермерлеримиз өз-ара тәжирийбе алмасып атыр.

Атыз майданлары лазерли технология тийкарында тегисленип, мийўе нәллерин отырғызыў ушын зәрүрли агротехникалық илажлар көрилип атырған болып, жаңа жүзимзар ҳәм мийўе бағларының тийкары жаратылмақта. Семинар шеңберинде усы бағдардағы әмелий жумыслар район аймағындағы барлық фермер ҳәм дийқанлар ушын көрсетилип атырған болса, мәмлекетлик уйымлар, банклер ҳәм кластерлерге атыз майданлары пидайылары ушын бағшылық ҳәм жүзимгершилик пенен шуғылланыўы ушын ти­йисли қаржылар ажыратылыўы бойынша тапсырмалар берилди. Семинар даўамында жүзим жетистириў бойынша әмелий жумыслар қәнигелер тәрепинен көрсетилди.

Илажға Қарақалпақстан Республикасы Минис­трлер Кеңеси Баслығы Қ.Сариев қатнасты.

Бундай семинарлар Беруний ҳәм Әмиўдәрья районларында даўам етти.

Қарақалпақстан фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери Кеңеси баспасөз хызмети.

СҮЎРЕТЛЕРДЕ: семинардан көринислер.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF