Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 15:43:13, 24.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ ЖОҚАРҒЫ КЕҢЕСИНИҢ ОН ҮШИНШИ СЕССИЯСЫ ҲАҚҚЫНДА МӘЛИМЛЕМЕ

Усы жыл 16-январь күни Нөкисте Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң он үшинши сессиясы болып өтти.

Видеобайланыс тәризинде өткен сессияға сенаторлар ҳәм ҳүкимет ағзалары, секторлар ҳәм тараў басшылары, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери, сондай-ақ,  Жоқарғы Кеңес­тиң депутатлары қала ҳәм район студияларында қатнасты.

Сессияны Қарақалпақстан Республикасы Жоқар­ғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов кирис сөз бенен ашты.

Депутатлар сессияның Секретариатын сайлады ҳәм күн тәртибин тас­тыйықлады.

Атап өтилгениндей, өткен жылдың соңғы күнлериндеги елимиздиң жәмийетлик-сиясий турмысындағы ең әҳмийетли ўақыялардың бири — бул Президентимиздиң Олий Мажлиске жоллаған Мүрәжаты болып табылады. Онда өткен жылы әмелге асырылған кең көлемли жумыслар, ерисилген нәтийжелер менен бир қатарда быйылғы жылда алда турған үлкен ўазыйпаларға тоқтап өтилди.

Атап айтқанда, Президентимиз мәмлекетимизди ҳәм жәмийетимизди буннан былай да раўажландырыўға байланыслы тийкарғы бағдарлар, барлық дәрежедеги мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларының бир қатар әҳмийетли ўазыйпаларын белгилеп берди. Соның менен бирге, кәмбағаллықты қысқартыў бойынша комплексли қатнас ҳәм стандарт емес усылларды енгизиўге айрықша итибар қаратыў, жергиликли Кеңеслердеги депутатлық корпуслары менен халықты социаллық қорғаў бойынша әмелге асырылып атырған жумысларды мәнзилли үйренип барыў, Сенаттың Аралбойы аймағын раўажландырыў мәселелери бойынша комитети парламентлик қадағалаўды жергиликли ҳәм республика дәрежесинде, яғный, Жоқарғы Кеңес ҳәм Сенат Кеңесинде тыңлаўлар шөлкемлестириўи, Парламентлик сораў жибериў, орынларда депутатлық үйрениўлерди шөлкемлестириў зәрүрлиги атап өтилди.

Буннан тысқары, жергиликли Кеңеслер мәмлекетлик басқарыў уйымлары басшыларының есабат ҳәм мәлимлемелерин тыңлап барыў, жергиликли бюджеттиң орынланыўына жуўапкершилик қатнаста болыў, ҳәр бир қала ҳәм районда кәмбағаллықты қысқартыў бойынша ислеп шығылатуғын мәнзилли бағдарламаның орынланыўы  бойынша  есабатты тыңлаў, додалаў, «Темир дәптер», «Ҳаяллар дәптери», «Жаслар дәптери» бо­йынша илажлар бағдарламаларының орынланыўына айрықша итибар қаратыў, ҳәр бир депутат өзи сай­ланған аймақ турғынлары, сайлаўшылары менен тиккелей пикирлесиўди жолға қойыўы, машқалаларды шешиўге жәрдемлесиўи зәрүрлигине тоқтап өтти.

Сондай-ақ, усы жылдың 6-январь күни болып өткен Олий Мажлис Сенатының он биринши жалпы мәжилисинде Мүрәжатта белгиленген әҳмийетли ўазыйпалар ҳаққындағы мәселе көрип шығылды.  Буннан тысқары, 12-14-январь күнлери қалалық ҳәм районлық Кеңеслердиң сессияларында да Мүрә­жаттың мазмун-мәнисин үгит-нәсиятлаў, ондағы тапсырмаларды әмелге асырыў бойынша анық ўазыйпалар белгилеп алынып, тийисли қарарлар қабыл етилди. Әлбетте, елимиз басшысы тәрепинен белгилеп берилген тапсырмалардың белгиленген мүддетинде ҳәм сапалы орынланыўын тәмийинлеў Жоқарғы Кеңес және жергиликли Кеңес депутатларының дыққат-итибарында болыўы тийис.

Сессияда Президентимиздиң Мүрәжатынан келип шығатуғын ўазыйпалар  бойынша Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Сариев баянат жасады.

Баянатта атап өтилгениндей, елимиз басшысының Парламентке жоллаған Мүрәжатында жәмийетимиздиң барлық тараўларына тоқталып, өткен жылда әмелге асырылған жумыслар ҳәм быйылғы жылы алдымызда турған  ўазыйпалар белгилеп берилди. Ҳақыйқатында да, өткен жыл коронавирус панде­миясы ақыбетинде пүткил инсаният ушын аўыр болды. Солай болса да, елимизде алып барылған халықшыл сиясат, социаллық қорғаўға қаратылған айрықша итибар нәтийжесинде турақлы экономикалық раўажланыў даўам етпекте.

Әлбетте, бундай унамлы нәтийжелердиң негизинде өткен төрт жыл даўамында Президентимиз тәрепинен қабыл етилген анық мақсет және ўазыйпаларды өзинде жәмлеген пәрман ҳәм қарарлар айрықша әҳми­йетке ийе болды. Бул ҳүжжетлер халқымыздың абадан тумысын тәмийинлеў, оларға қолайлы шараят жаратыў, исбилерменликти раўажландырыў, аўыл хожалығы, билимлендириў, денсаўлықты сақлаў, спорт, мәденият, улыўма барлық тараўларды буннан былай да жетилистириўге әҳмийетли тийкар болды.

Президентимиздиң 2017-жыл 19-сентябрьде Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас Ассамблеясындағы жасаған баянатында алға қойған басламасы тийкарында  Аралбойы регионы ушын Инсан қәўипсизлиги бойынша көп тәреплеме шериклик тийкарында траст фонды шөл­кемлестирилген еди. Ҳәзирге шекем усы фондқа келип түскен қаржылар ишимлик суўы, халықтың денсаўлығын сақлаў ҳәм бәнтлигин тәми­йинлеў, исбилерменлик, экология, ирригация-мелиорация системаларын жақсылаў жойбарларына жумсалмақта.

Бүгинги күнге шекем Арал теңизиниң қурыған түбинде «жасыл қапламалар» қор­ғаныў тоғайзарларын пайда етиў мақсетинде 1 миллион 167 мың гектар майданда сексеўил ҳәм шөлге шыдамлы басқа да өсимликлер егилди. Бул жумыслар ҳәзирги ўақытта да қызғын даўам етип, быйылғы жылы 450 мың гектарға егиледи.

Елимиз басшысы 2020-жылдың 23-сентябрь күни  БМШ Бас Ассамблеясындағы онлайн сөйлесиў режиминде болып өткен сессияда шығып сөйлеген сөзинде Аралбойы регионын экологиялық инновация ҳәм технологиялар аймағы деп жәриялаў ҳаққында баслама менен шықты.

Арал машқаласы бо­йынша жумыслардың даўамы сыпатында Олий Мажлис Сенатында Аралбойы регионын раўажландырыў бойынша турақлы ислеўши комитет шөлкемлестирилди. Бул ҳәрекетлердиң бәршеси аймағымызды раўажландырыў, халқымыздың турмыс дәрежесин жақсылаў, соның ишинде, пуқаралардың денсаўлығын беккемлеў, олардың бәнт­лигин тәмийинлеў ҳәм дәраматын арттырыў имканиятын жаратпақта. Өз гезегинде, бундай кең көлемли илажлар халқымыздың ертеңги күнге болған исенимин және де арттырып, оларды дөретиўшилик ислерге руўхландырмақта.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң  2020-жыл 11-ноябрьдеги «2020-2023-жылларда Қарақалпақстан Республикасын комплексли социаллық-экономикалық раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы қарары бул бағдарда тарийхый ҳүжжет болды. Усы қарар тийкарында қала ҳәм районларымызды, тараўларды жедел раўажландырыў, халықтың турмыс шараятын жақсылаў бо­йынша үш жылға мөлшерленген 2788 жойбарды өз ишине қамтыған бағдарлама белгилеп алынды. Сондай-ақ, елимиз басшысының 2020-жыл 5-декабрьдеги «Қарақалпақстан Республикасында суў ресурсларынан нәтийжели  пайдаланыў ҳәм жерлердиң мелиоративлик жағдайын жақсылаў бойынша кешиктирип болмайтуғын илажлар ҳаққында»ғы қарары халқымыздың турмыс шараятының буннан былай да жақсыланыўына хызмет етеди. 

Сессияда Қарақалпақстан Республикасы Минис­трлер Кеңеси Баслығының орынбасарлары ҳәм депутатлар Президентимиз Мүрәжатының әҳмийетине, оның орынланыўын тәми­йинлеў бойынша алда турған ўазыйпаларға тоқтап өтти ҳәм күн тәртибиндеги мәселе бойынша тийисли қарар қабыл етилди.

Депутатлар Жоқарғы Кеңес Президиумы тәрепинен сессиялар аралығында қабыл етилген тийисли қарарларды тастыйықлаў ҳаққында қарар қабыл етти.

Усының менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң он үшинши сессиясы өз жумысын жуўмақлады.

Сессияның жумысына Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Аралбойы аймағын раўажландырыў мәселелери бо­йынша комитетиниң баслығы Б.Алиханов қатнасты ҳәм шығып сөйледи.

Қарақалпақстан

хабар агентлиги.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF