Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 16:58:24, 18.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

МӘМЛЕКЕТ  ҚАЗНАСЫН  БАЙЫТЫЎ ЖОЛЫНДА...

Ерте заманлардан баслап мәмлекетлик дүзимниң ең баслы белгиси ретинде елден-еллерге кәрўан тартқан саўдагерлер бажы төлемин миннетли ҳәм шәртли түрде төлеп барған. Бийғәрез елимиздиң бажыхана хызмети сырт мәмлекетлер менен қарым-қатнасықлар жасаўда баслы роль атқарғанлығы себепли дүнья стандартлары талабына толық жуўап беретуғын дәрежеде раўажланыў жолына түскен.

Елимиздиң арқа-шығыс дәрўазасы саналған республикамыз қоңсы еллер менен «Даўыт ата» шегара ­ автомобиль ҳәм пиядалар өтетуғын, «Каракалпакия» темир жол шегара, Нөкис аэропорт шегара бажыхана постларында кеше-күндиз өзлериниң хызмет ўазыйпаларын қырағылық пенен атқарып атырған бажыхана хызметкерлерине ҳәр қандай мақтаў сөзлерин айтсаң арзыйды.

Ғәрезсизлигимиздиң 29 жыллық байрамы ҳүрметине Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бажыхана комитети, Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасының «Даўыт ата» шегара посты аға инспекторы Баймурза Өтәмбетов «Шуҳрат» медалы менен сыйлықлан­ған еди. Нөкис қаласында туўылып өскен Баймурзаның бул машақатлы, аса жуўапкерли кәсипти балалық ой-қыялы менен қалай таңлағанына қызық­сынғанымызда төмендегише жуўап берди.

­ Оқыўшылық пайытымда физика-математика, тил-әдебият, әсиресе, инглис тиллерин жетик меңгерип алғаным өз қәлеўим менен саналы түрде қатнас жасаўыма туўра келди. Әскерий кийим кийетуғын кәсипке қызыққанлықтан бажыхана институтында оқығым келип, ҳүжжетлеримди тапсырдым. Сол жылы Қарақалпақстаннан бес жигит, еки қыз инс­титуттың студенти болыў бахтына миясар болдық. Тынымсыз оқып-изленислер, физикалық шынығыўлар кәсибиме деген ықласымды арттырып жиберди.

Ҳәр бир пуқара өз елиниң қабыл еткен нызамлары менен  тәртип-қағыйдаларына бойсынып, ҳүрметлеп жасағанда ғана өмири мазмунлы ҳәм тәшўишсиз өтеди. Күнделикли турмысы­мызға бажыхана хызмети енгизилгенине көп жыллар болғанлықтан мәмлекет қазнасын байытыўға салмақлы үлеслерин қосып келмекте. Өкинишке қарай,  айырым пуқараларымыздың ҳуқықый жақтан саўатсызлық пенен «көзсиз» ҳәрекет етиўи қосымша қыйыншылықларды пайда етип атыр. Мәмлекет шегарасынан кесип өтиўши ўатанласларымыз бенен кирип киятырған сырт ел турғынлары бажыхана хызмети ҳүжжетлерин рәсмийлестириўден баслап өзлерине түсиниксиз болған айырым мәселелерди Басқармадан, орынлардағы бажыхана постлары, интернет тармақларындағы арнаўлы сайтларынан мағлыўмат алыўларына толық мүм­киншиликлер жаратып берилген. Нызам талаплары бойынша елимизге алып кириўге пүткиллей қадаған етилген нәшебент­лик, психотроп затлар, сана-сезимлеримизди уўлайтуғын сиясий, диний әдебиятлар, айырым қадаған етилген дәри-дәрмақлар, мөлшерден зыят азық-аўқат өнимлери, сондай-ақ, сырт ел валюталарын декларация толтыр­ғанда толық көрсетпей жасырып қалыў, айырым ўақытлары постларды айланып өтиўге ҳәрекет жасайды.    

Мәселен, тексериў па­йытлары кимлиги анықланбаған, сум нийетлилердиң бири «Бейнеў-Нөкис» жолаўшы поездының ҳәжетханасына аз муғдарда болса да «марихуана» таслап кеткен, Россиядан жүк алып киятырған автотранспорт қуралын басқарыўшының қол сумкасы көзден өткерилгенде «марихуана»ны хызметтеги изшил ийтлеримиз жәрдеми менен таптық.

Әлбетте, ҳәр қандай жынаят жазасыз қалмайтуғынындай, өзлериниң қымбатлы өмирлерин темир пәнжере артында өткериўге туўра келгенде ғана пушайман жегени менен кеш болады.

Елимизде сырт мәмлекетлер менен ҳәр тәреплеме қарым-қатнасықларымызды күшейтиў арқалы киши ҳәм орта бизнес, жеке исбилерменликти раўажландырыўға жол ашып берилмекте.  Өзбекстан Республикасы Минис­трлер Кабинетиниң 2020-жыл 10-августтағы «Өз­бек­стан Республикасы Министрлер Кабинетиниң айырым қарарларына өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў, айырымлары өз күшин жойтқан деп табыў ҳаққында»ғы қарарына тийкар, физикалық шахслар тәрепинен эквиваленти 100 миллион сумға тең ямаса оннан аспайтуғын нақ валюта қаржылары Өзбекстан Республикасынан сыртқа бажыхана бақлаўы қағыйдаларына әмел етилген жағдайда шеклеўлерсиз алып шығылады.  

Физикалық шахслардың Өзбекстан Республикасына товарларды алып кириў тәртиби, соның ишинде бажы төлемлерисиз алып кириў, шекленген затлар ҳәм олардың муғдарлары ҳаққында айтатуғын болсақ, төмендегише. Бул жерде еки түсиник пайда болады, яғный, товарларды шет еллерден алып кириў ҳәм товарларды сырт еллерден бажысыз, яғный, бажыхана төлемлерисиз алып кириў. Биринши жағдайда физикалық шахслар нызам ҳүжжетлери менен қадаған етилмеген ҳәм де шекленбеген товарларды өз қәлеўи ямаса мүтәжлигинен келип шығып, шекленбеген муғдарда алып кириўге болады. Тек ғана бул жағдайда нызам ҳүжжетлерине тийкар алып кирилген товарлар бажысыз алып кириў нормаларынан артатуғын болса, сол артықмаш бөлек ушын бажыхана төлемлери есапланады.

Ал, бажысыз алып кириў нормаларына тоқталып өтетуғын болсақ, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 6-февральдағы «Физикалық шахслар тәрепинен бажыхана шегарасы арқалы товарларды алып өтиўди және де тәртипке салыў ис-илажлары ҳаққында»ғы қарары ҳәм  бул қарар тийкарында Өзбекстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң 2018-жыл 22-июньдеги «Физикалық шахслар тәрепинен Өзбекстан Республикасына товарларды алып өтиў тәртибин жетилистириў бойынша қосымша ис-илажлары ҳаққында»ғы қарарларында айқын көрсетилип өтилген.

Усы нызам ҳүжжетлери тийкарында физикалық шахслар тәрепинен республикамызға алып кирилетуғын бажыхана төлемлерине тартылмайтуғын товарлардың белгиленген нормалары: Өзбекстан Республикасы халық­аралық аэропортлар бажыхана шегаралары арқалы алып өтиўде — 2000 АҚШ доллары, Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик шегараларының темир жол ҳәм дәрья бажыхана шегаралары өтиў пунктлери арқалы әмелге асырыл­ғанда 1000 АҚШ доллары, Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик шегараларының автожол (пияда) бажыхана шегаралары өтиў пунктлери арқалы өтиўде ­ 300 АҚШ доллары, физикалық шахслар мәнзиллерине халықаралық поч­талар курьерлик жөнелтпелер арқалы келетуғын товарлар ушын ­ 1 календарь ай даўамында 1000 АҚШ доллары муғдарында белгиленген.  

Елимизге қәдем қой­ған сырт ел пуқараларын ең биринши күтип алатуғын бажыхана хызметкерлери менен ислес болғанлықтан нызам талаплары бойынша жоқары мәдениятлы, әлпайым қатнас жасағанлығына қарай баҳа береди. Материаллық-техникалық базамыздың беккемлиги, заманагөй әсбап-үскенелер менен тәмийинлениўлерине көбирек итибарын қаратады. Барлық талапларға толық жуўап беретуғын «Даўыт ата» шегара ­ бажыхана посты имараты заманагөй архитектуралық үлгиде салынып, пайдаланыўға берилди. Түрли маркадағы автомобильлер ағымының өткизгишлик уқыбын күшейтиў мақсетинде тексеретуғын рентген аппаратлары, лабораториялар, басқа да арнаўлы әсбап-үскенелер менен тәмийинленген.

Хызмет бабындағы жумысларымды «Даўыт ата», «Каракалпакия», Нөкис-аэропорты менен Нөкис сыртқы экономикалық байланыслар постларында атқарып, түрли лаўазымларда ислеген кәсиплеслеримнен Азат Хожаниязов, Маҳмуд Исақов ҳәм Қуўаныш Жарылқағановларды ҳүрметли устазларым сыпатында  тилге аламан.

Институтты қатар питкерип келгели бирге ислесип атырған Нурсултан Назарбаев, Руслан Ещанов ҳәм Әзиз Отарбаевлар менен мудамы билим, кәсиплик шеберликлеримизди жетилистирип, бирге ислескенимиз кеўилли, - дейди Баймурза Өтәмбетов.

Баймурза өмирлик жолдасы Замира менен Султамурат ҳәм Сарахандай ул-қызларын саў-саламат өсирип, өз қушағында тәрбияламақта. 2015-жылы шегара постына жақын жерде салын­ған, барлық қолайлылықларға ийе еки қабатлы, отыз еки шаңараққа мөлшерленген турақ жайлардың бирине көшип өткен. Екинши турақ жай комплекси өткен жылы пайдаланыўға берилгени кәсиплеслерин үлкен қуўанышқа бөледи.

Мәмлекетимиз шегарасындағы постта көкиреги ояў сап ҳүжданлы, қырағылық  пенен турған бажыхана хызметиниң капитаны Баймурза Өтәмбетовтай  жигитлерди бәрқулла мақтаныш тутамыз.

 

 

Гүрриңлескен:

Ө.ӨТЕЎЛИЕВ,

өз хабаршымыз.

Қоңырат районы.

 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF