Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 11:42:46, 19.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ТИЛ  — ТИРИ ОРГАНИЗМ

Ҳәр бир жәмийетте тилдиң орны айрықша болып келген ҳәм еле де солай болып қала береди. Себеби, сөйлеў тили — адамды басқа тири орга­низм­лерден айрықшалап турған факторлардың баслыларынан есапланады.

Тилде әҳмийетли, әҳмийетсиз деген машқала болмайды, себеби киши дегениң өсип үлкенге айланбасына ҳеш ким кепиллик бере алмайды.

Тилдиң — турысы тарийх. Жақсылап тиллик қурамды көзден кеширсек, сөзлер халқымыздың нешше мың жыллық тарийхынан, турмыс-тиришилигинен сыр шертеди.

Қарақалпақ тилин тарийхый аспектте, яғный этимологиялық жақтан изертлеў көп, қызық, ойламаған тарийхый ўақыяларды ашып береди. Мәселен, бизиң жер көлеми, дала мәнисиндеги «майдан» сөзин украинлар еле биздеги формада, жазылыўда пайдаланбақта. Орыслардағы «деньги» — бизиң «теңге» сөзинен, «стакан» — «тостаған» сөзинен келип шыққанлығы белгили.

Сөзди усылай талқылап қарасақ, қазақ ҳәм өзбек тиллериндеги шал (ғарры мәнисиндеги) сөзиниң де бизге өгей емеслигине көзимиз жетеди. Шал — биздеги сал, яғный сал болып қалыўдан  (қолдың, аяқтың, денениң ислемей қалыўы) келип шыққан екен. «Шал» сөзиниң қартайған адам­ға айтылатуғынын ескерсек, бул болжаўымызға исенесиз. Қамыр ийленетуғын үлкен табақты самар табақ деп атаймыз. Бундағы самар сөзи табақтың  Самарадан (Россиядағы ўәлаят) келтирилгенлигине байланыслы пайда бол­ған.

Қулласы, ҳәр бир сөздиң өз алдына мәниси бар. Солай екен, сөзди этимологиялық жақтан изертлеў қай дәўирде де күн тәртибинен түспейтуғын тилимиздиң әҳмийетли ўазыйпаларынан есапланады.

Бүгинги қарақалпақ тилиниң және бир машқаласы, өзине жақын, туўысқан, шығысы бир қазақ ҳәм өзбек тиллеринен сөзлердиң кирип келиўи болып табылады. Әлбетте, бир елде, бир жәмийетте жасап турып, түрли миллет ўәкиллери менен қатнаста болатуғынлығымыз анық. Оның үстине қыз алып, қыз берисип, жақын адамлар болып кеткенбиз. Еки қарақалпақтың бириниң үйинде я қазақ, я өзбек табылады. Солай екен, сөйлегенде дыққатлы болып, Ана тилимизди таза сақлаўға, шубарландырып алмаўға ҳәрекет етиўимиз зәрүр. Әлбетте, туўысқан халықлар тиллериниң Ана тилимизди байытыўдағы әҳмийетин де айтып кетиўимиз орынлы.

Және бир машқала ис қағазларын жүргизиўге байланыслы. Ҳәзир мәкемелерде ис қағазларын мәмлекетлик тил — өзбек тилинде алып барыў әдетке айланбақта. Ҳеш ким «хатыңды я есабатыңды өзбекше әкел», деп қыстап атырғаны жоқ. Буның себеби, министрликлерге, мәкемелерге Ташкенттен келетуғын ҳәрқандай ҳүжжеттиң өзбекше болатуғыны анық, әне сол ҳүжжет өзимизге келгеннен соң қарақалпақшаға аўдарылмай, орынларға сол турысында көширмелеп тарқатылыўында болып тур. Нәтийжеде қарақалпақша ис қағазларын  жүргизиў өриси қысқармақта. Қарақалпақ тили мәмлекетлик тил екен, ҳүжжетлердиң қарақалпақ тилинде алып барылыўы нызамда көрсетилген екен, демек, бул мәселени де унамлы шешиўимиз керек, деп ойлаймыз.

Және бир мәселе, қарақалпақша туўысқанлыққа байланыслы сөзлерди қолланыўда қәте-кемшиликлерге жол қоймақтамыз.

Бүгинги жаслардың өз ата-анасын «мама, папа» деўине қулақ үйренискенликтен буны тоқтатыўға ҳәрекет етпеўимиз, биз бенен сизиң кемшилигимиз.

Бул да бара берсин, енди бизиң қарақалпақ келинлер өз қәйин атасы менен қәйин енесин де «папа», «мама» деўге қарады. Неге олай десеңиз, оларды да өз әке-шешедей жақсы көретуғынынан айтатуғын қусайды. Оннан қалыспай, күйеў бала да келиншегиниң әке-шешесин «мама-папа»лаўға өтти. Ал, айырым жезделер қәйнисин, қазақ ағайинлер қусап «балдыз» деп жүр. Балдыз деген нашар адам­ға айтылатуғынына айырым жасларымыз ой жибермейди, Сондай-ақ, гейпара жаслар, әсиресе, үйленгенлери, өзлеринше үлкен адам болғансып, анасын «кемпир», әкесин «ғарры»  дейди. Сондай-ақ, базы жигитлер өз келиншегин де «кемпир» десе, жап-жас келиншеклер күйеўин «ғарры» дейтуғынына күйип кетесең.

Бизде сөйлегенде адам атына «жан» деген сөз онша қосып айтыла бермейди. Ғарры-кемпирлер жасларға айтыўы мүмкин, онда да еркелетиў мәнисинде, яғный «жан» дегенди перзентлерине сағыйра, балалық дәўиринде ғана айтады. 

Бирақ соңғы ўақытта бул «жан»  сөзи де адамлардың исмине жаппай қосылып баратыр. Бул да тил қағыйдасына туўра келе бермейди. Жоқарыдағы үш мәселеге сыртқы факторлардың тәсири болса, буларға сыртқы факторлардың ҳеш қандай тәсири жоқ, тек өзлеримиздиң бийпәрўалығымыздан жүзеге келген  маш­қала болып табылады.

Қарақалпақ тилимиздиң булардан басқа да машқалалары баршылық.

Бизиң айтқанларымыз, сол машқалалардың оннан, бәлким жүзден бири шығар. Себеби тилдиң өзи адамлар арқалы тири организм болып есапланады. Солай екен, тири организм аўырады да, саўалады да. Иләйым, неше мың жыллар жасап келген қарақалпақ тилимиз тири ҳәм саў организм сыпатында еле де мың жыллар жасай берсин!

Алланазар Әбдиев,

филология илимлериниң кандидаты, жазыўшы.

 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF