Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 08:33:45, 20.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ИДЕНТИФИКАЦИЯ ID-КАРТАЛАРЫН ЕНГИЗИЎ ӘМЕЛДЕ

Мәмлекетимизде хабар сис­темасын жедел раўажландырыў, халыққа мәмлекетлик хызметлерди көрсетиўде заманагөй хабар-коммуникация техноло­гия­ларынан кең пайдаланыў, аралықтан хызмет көрсетиўде шахсты идентификациялаўдың айрықша механизмин енгизиў бо­йынша бир қатар ўазыйпалар орынланыўы белгиленди.

2021-жыл 1-январьдан баслап идентификация ID-карталарын алыў ҳәм алмастырыў ушын Өзбекстан Республикасы пуқаралары өз ықтыяры менен қәлеген ишки ислер уйым­ларының миграция ҳәм пуқаралықты рәсмийлестириў бөлимлерине, оларды алмастырыў ушын болса мәмлекетлик хызметлер орайларына да мүрәжат етиўге имканият жаратылмақта.

Идентификация ID-карталарын алыў ушын Өзбекстан Республикасында турақлы жасаўшы шет ел пуқаралары ҳәм пуқаралығы болмаған шахслар турақлы жасаў орны бойынша дизимге алынған мәнзилдеги ишки ислер уйымының миграция ҳәм пуқаралықты рәсмийлестириў бөлимшесине, алмастырыў ушын өз қәлеўине бола қәлеген ишки ислер уйым­ларының миграция ҳәм пуқаралықты рәсмийлестириў бөлимшелерине мүрәжат етиўге имканият жаратылған.

Идентификация ID-картасының бланкасында ийесиниң миллети ҳаққындағы мағлыўматлар көрсетилместен ID-картаның чипине киритиледи. Пуқара өз ID-картасын алыў яки алмастырыў жүзесинен өз ўақтында мүрәжат етпеген, жарамсыз ҳалға келтирилген ҳәм жоғалтып қойған жағдайда ҳәкимшилик жуўапкершиликке тартылмайтуғынлығы белгиленди.

Жаңа туўылған балаға идентификация ID-карталары мәжбүрий берилместен, оның туўылыўы ПҲАЖ уйымы тәрепинен дизимге алынып, туўыл­ғанлығы ҳаққында гүўалық алынғаннан соң ата-анасы, қәўендерлери қәлеўине бола рәсмийлестириледи.

Идентификация ID-карталары белгиленген ҳүжжетлер қабыл етилип алынғаннан соң бир жумыс  күни даўамында рәсмийлестирилип бериледи. Оны рәсмийлестириў ушын мүрәжат өзгелер жәрдемине мүтәж қариялар ҳәм майыплығы болған шахслардан келип түскенде жуўапкер хызметкер тәрепинен 15 күн мүддетте усы шахслардың жасаў мәнзилине барған жағдайда идентификация ID-картасы рәсмийлестириледи ҳәм көрсетилген хызмет ушын қосымша төлем өндирилмейди.

Жаңа туўылған балаға бир жасқа шекем еки жыл мүддетке, бир жастан 16 жасқа шекем бес жыл мүддетке, 16 жастан кейин 10 жыл мүддетке бериледи.

ID-карта белгиленген үлги бойынша латын әлипбесинде өзбек тилинде, Қарақалпақстан Республикасы ушын мүрәжат еткен пуқараның қәлеўи менен латын әлипбесинде қарақалпақ яки өзбек тиллеринде персоналластырылады.

ID-карта ийесиниң фами­лиясы, исми, әкесиниң исми, туўылған сәнеси өзгергенлиги яки ID-картаға киргизилген анық емес мағлыўматлар анықланғанлығы мүнәсибети менен алмастырылып атырғанда пуқара тәрепинен мағлыўматларды жыйнаў пунктине усы жағдайларды тастыйықлаўшы ҳүжжетлер усыныс етиледи ҳәм арза келип түскен күннен баслап бес жумыс күнинде көрип шығылады.

Пуқара ID-картаны жоғалт­­­қан жағдайда жаңа ID-карта белгиленген тәртипте ID-карта жоғалтқанлығы ҳаққында арза келип түскен күннен баслап бес жумыс күнинде бериледи.

ID-картасы болмаған пуқара 16 жасқа толғанда, бир айдан кешиктирместен мағлыўматларды жыйнаў пунктине ID-картаны алыў ушын мүрәжат етиўи лазым.

Өзбекстан Республикасы пуқаралары биометриялық паспортлар ҳәм пуқаралығы болмаған шахс ҳәм шет мәмлекетлер пуқараларының жасаў гүўалықларын идентификация ID-карталарға алмастырыў: биринши басқышта ­ 2021-жыл 1-январьдан 2022-жыл 31-декабрьге шекем ықтыярлы тийкарда l6 жасқа толғанда ҳәм нызамшылықта көзде тутыл­ған басқа себеплерге бола; екинши басқышта ­ 2023-жыл 1-январьдан 2030-жыл 31-декабрьге шекем мәжбүрий тәртипте әмелге асырылады.

Өзбекстан Республикасы пуқарасының 2011-жылғы үлгидеги биометриялық паспорты 2031-жыл 1-январьдан баслап ҳақыйқый емес, деп есапланады.  

Б.АЛЛАНАЗАРОВ,

Нөкис қаласы, Ишки ислер уйымлары жумысын муўапықластырыў

басқармасы Миграция ҳәм пуқаралықты рәсмийлестириў бөлими баслығы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF