Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 05:48:05, 19.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

БАСПАСӨЗ  КОНФЕРЕНЦИЯСЫ

14-ноябрь күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқар­ғы Кеңесинде Өзбекстан Республикасы Гендер теңликти тәми­йинлеў мәселелери бо­йынша комиссиясының басламасы менен гендер теңликти тәмийинлеў бойынша алып барылып атырған жумыслар, машқалалар ҳәм усынысларға бағышланған баспасөз конференциясы болып өтти.

Баспасөз конферен­циясына мәмлекетлик басқарыў уйымлары, жоқары оқыў орынларының басшылары ҳәм де ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Илажда Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Баслығы — Гендер теңликти тәмийинлеў мәселелери бойынша комиссиясының баслығы Т.Нарбаева елимизде бул бағдарда алып барылып атырған жумыслар ҳаққында айтып өтти.

Сондай-ақ, гендер теңликти тәмийинлеў бойынша Қарақалпақстан Республикасында алып барылып атырған жумыслар кеңнен додаланды. Соның менен бирге, ҳаял-қызлар ҳәм ерлер ушын тең ҳуқықларды, имканиятларды тәмийинлеў, әсиресе, ҳаяллар арасында жынаятшылықты кемейтиў, олардың бәнт­лигин тәмийинлеў, ҳуқы­қый саўатын арттырыў мәселелери ҳаққында да сөз етилди.

Ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери өзлерин қызық­тырған сораўлары менен мүрәжат етип, пикир-усынысларын да билдирип өтти.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқар­ғы Кеңесиниң баспасөз хызмети.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF