Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 04:21:17, 25.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

СЕНАТ БАСЛЫҒЫ ЖАҢА ЖОЙБАРЛАР МЕНЕН ТАНЫСТЫ

Алдын хабар бергенимиздей, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Баслығы Т.Нарбаева республикамызда хызмет сапарында болды.

Сапар даўамында Т.Нарбаева аймақты социалллық-экономикалық раўажландырыўға қаратылған бир қатар перспективалы жойбарлар менен танысты.

13-ноябрь күни Сенат Баслығы Т.Нарбаева Шоманай, Хожели ҳәм Тақыятас районларында болып, ҳүрметли Президентимиз тәрепинен белгилеп берилген тапсырмаларының орынланыўы бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар менен танысты.

Дәслеп Т.Нарбаева Шоманай районындағы «Shomanay eco teks» жуўапкершилиги шекленген жәми­йетинде болды. 21 миллион АҚШ доллары болған бул жойбар усы жылдың март айында иске түсирилген. Бул жерге Швейцария, Япония, Түркиядан заманагөй үскенелер келтирилген. Нәтийжеде 480 жаңа жумыс орны жаратылды. Бүгинги күнге шекем 4500 тонна өним Пакистан, Қытай Халық Республикасы, Түркия мәмлекетлерине экспорт етилди.

Буннан соң Т.Нарбаева ра­йондағы «RANN-ОМАD» жуўапкершилиги шекленген жәмийетинде болды. Соны айрықша атап өтиўимиз тийис, бул кәрханаға 1 гектар майданда заманагөй теплица қурыў жойбары ушын 4,3 миллиард сумлық кредит ажыратылған. Қубла Кореяның «Myung Sung Placon» LTD фирмасынан шәртнама тийкарында 500 мың АҚШ доллары муғдарындағы кредит қаржысы есесине заманагөй үскенелер алып келинди. Бул жойбар 2019-жыл январьда толық пайдаланыўға тапсырылды ҳәм 30 жаңа жумыс орны жаратылды. Теплицада жылына 120 тонна қыяр өнимлери жетистирилип,  ишки базарды тәмийинлемекте. Келешекте жойбар және де кеңейтилип, жәми 5 гектарға жеткериў режелестирилген. Сенат Баслығы усы жердиң өзинде ҳаял-қызлар менен сәўбетлесип, олардың маш­қалалары менен қызықты.

Сондай-ақ, Сенат Баслығы Т.Нарбаева сектор басшылары ҳәм район белсендилери менен ушы­расты.

Илажда Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёев басшылығында 10-ноя­брь күни болып өткен Қарақалпақстан Республикасын социаллық-экономикалық раўажландырыў мәселелери бо­йынша видеоселектор мәжилисинде, сондай-ақ, Президентимиз тәрепинен 2-октябрь күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң гезексиз сессиясында белгилеп берген ўазыйпалардың орынланыўы сөз етилди.

Бул жумысларды шөлкемлестириў ҳәм қадағалаў ушын Олий Мажлис Сенатында Аралбойы регионын раўажландырыў, халықтың турмысын жақсылаў ҳәм дәраматларын арттырыў бойынша жаңа комитет шөлкемлестирилгени атап өтилди.

Илаж қатнасыўшылары ҳәм депутатлар бул бойынша өзлериниң пикир-усынысларын билдирди.

Сондай-ақ, усы күни Сенат Баслығы Т.Нарбаева Хожели районындағы 2-санлы республикалық «Меҳрийбанлық үйи» тәрбияланыўшылары менен ушырасты ҳәм бул жерде жаратылған шараятлар менен жақыннан танысты.

Буннан соң «Elite Stars Textile» ЖШЖ тәрепинен шөлкемлестирилген жип ийириў кәрханасы жумысын көзден өткерип, хызметкерлер менен сәўбетлести.

Соның менен бирге, Тақыя­тас районындағы «Nayman agro teplica» ЖШЖ тәрепинен жетилистирилип атырған палыз өнимлерин, «Region agro invest» ЖШЖның май өнимлерин ислеп шығарыў жойбарын, сондай-ақ, аймақтағы «Atiyag gulzar» ЖШЖ тәрепинен ислеп шығарылып ҳәм экспорт етилип атырған ун өнимлерин көзден өткерди.

Буннан тысқары, Т.Нар­баева ра­йон депутатлары менен ушырасты. «Сақаўат ҳәм көмек» улыўма халық ҳәрекети шеңберинде «Темир дәп­тер»ге киргизилген ҳәр бир шаңарақты жумыс пенен тәми­йинлеў бойынша әмелге асырылып атыр­ған жумысларға да итибарын қаратты.

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Баслығы Т.Нарбаеваның республикамызға сапары нәтийжели жуўмақланды.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқар­ғы Кеңесиниң баспасөз хызмети.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF