Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 04:46:24, 29.03.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ЖЫНАЯТШЫЛЫҚ ҲӘМ КОРРУПЦИЯҒА ҚАРСЫ ГҮРЕСИЎГЕ ҲӘМ ӘДИЛ СУДЛАЎДЫ ТӘМИЙИНЛЕЎГЕ БАҒЫШЛАНДЫ

Бәршемизге белгили, бүгинги күнде елимизде ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында әдил судлаўды тәмийинлеў, жынаятшылық ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў бағдарындағы илажлар жаңа басқышларға көтерилип бармақта.

Ҳақыйқатында да, соңғы жыллары елимизде суд ҳәм басқа тараўларда алып барылып атырған түпкиликли реформалар, нызамшылыққа киргизилип атырған қосымша ҳәм өзгерислер өзиниң унамлы нәтийжесин бермекте.

Усы жылдың 30-июнь күни ҳүрметли Президентимиз Ш.М.Мирзиёевтиң басшылығында елимизде әдил судлаўды тәмийинлеў ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў бағдарындағы ўазыйпаларды додалаўға арналған видеоселектор мәжилисинде бул бағдарда әмелге асырылып атыр­ған жумысларды және де жеделлестириў бойынша анық ўазыйпалар белгилеп берилген еди.

Мине усы мәжилис протоколында белгиленген тапсырмалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Олий Мажлис Сенатында дүзилген жумысшы топар тәрепинен Қарақалпақстан Республикасында жынаятларды жылаўлаў, жынаятшылық профилактикасын және де жетилис­тириў, әдил судлаўды тәми­йинлеў ҳәм коррупциядан жырақ аймаққа айландырыў бойынша 70 бәнттен ибарат, 13 жөнелис бойынша «Жол карта»сының жойбары ислеп шығылған.

12-ноябрь күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесинде усы «Жол карта»сын додалаўға бағышланған мәжилис болып өтти.

Илажда Олий Мажлис Сенаты ҳәм жумысшы топар ағзалары, Жоқарғы Кеңес депутатлары, ҳүкимет ағзалары, ҳуқық қорғаў уйым­лары, ти­йисли министрлик, шөлкемлердиң басшылары ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Мәжилисти Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов кирис сөз бенен ашты.

Буннан соң Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Баслығы Т.Нарбаева сөзге шығып, ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында Қарақалпақстан Республикасын социаллық-экономикалық раўажландырыў, халықты қыйнап киятыр­ған маш­қалаларды шешиў, турмыс дәрежесин жақсылаў бойынша алып барылып атырған ийгиликли ислерди, сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасын 2020-2023-жылларда комп­лексли раўажландырыў бағдарламасы ислеп шығыл­ғанлығын айрықша атап өтти. Соның менен бирге, елимизде әдил судлаўды тәмийинлеў, коррупцияға қарсы гүресиў, жынаятшылықтың алдын алыў бағдарында алып барылып атырған илажларға тоқтап өтип, жынаятшылықтың ерте алдын алыў бойынша ҳуқық қорғаў уйым­лары менен биргеликте басқа да мәмлекетлик уйымлардың жуўапкершилигин арттырыў, сис­темада жүзеге келген машқалаларды саплас­тырыў бойынша ўазыйпаларды белгилеп берди.

Буннан кейин сөзге шыққан исши топар ағзалары «Жол карта»сында белгиленген ўазыйпалар бойынша толық түсиник берип, өзлериниң пикир-усынысларын билдирип өтти.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң баспасөз хызмети.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF