Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 23:02:07, 24.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

СУД СИСТЕМАСЫНДА ҲАЯЛ-ҚЫЗ СУДЬЯЛАРДЫҢ ОРНЫ

Өзбекстан Республикасы бойлап суд системасында жылдан-жылға унамлы өзгерислер жүз бермекте. Халық өз машқаласына әдил суд арқалы шешимин таппақта.

Узбекистан: блогеры подают в суд на своих обидчиков

Әсиресе, бул тараўда ҳаял-қызлардың орны айрықша. Өйткени, жәбирлениўши ҳаял адам болса, ҳаял судьяға өз дәртин емин-еркин жеткериўи, ислеген жынаятларының себебин ашық-айдын түсиндирип бериўи халықаралық тәжирийбелерден мәлим.

Пайтахтымыздағы «Жипек жолы» мийманханасында «Гендер теңлигин тәмийинлеўде суд ситемасының орны» атлы әмелий семинардың болып өтиўи жоқарыдағы гәпимизди айқын тастыйықласа керек. Өзбекстан Республикасы Жоқары суды баслығының биринши орынбасары Р.Махмудова, Өз­бек­стан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Ҳаял-қызлар ҳәм гендер теңлик мәселелери комитети баслығы Ф.Эшматова, Өзбекстан Республикасы Жоқары суды бас­қармасы баслығы С.Алимарданов, Қарақалпақстан Республикасы Жынаят ислери бойынша суды баслығы Г.Базарбаева ҳәм Ташкент мәмлекетлик юридикалық университетиниң профессор-оқытыўшылары, районлық судья­лар, суд хызметкерлери усы пикир әтирапында жыйналысты.

Негизинде дүнья жү­зинде ҳаял-қыз судьялар ХХ әсирде суд системасына кирип келген. Олар өз ўазыйпаларын булжытпай орынлаўы, өз жумысына өзгеше жантасыўы, жуўапкершилик сезиминиң жоқарылығы менен усы тараўда орны гиреўли. Мағлыўматлар бойынша, ҳаял адам өзиниң жумсақ минези менен жәбирлениўшиден көплеген мағлыўматларды билип, суд қарарын күтилмеген дәрежеде унамлы баҳалар екен. Раўажланған еллер есапланған  Швеция, Нидерландия, Греция, Кипр, Германия Федератив Республикаларында суд системасында ҳаял-қызлар жетекши орынды ийелейди. Сыр емес, бизиң менталитетимизде шаңарақта ҳаял адам көбирек үй шараятына араласып, перзентлер тәрбиясы менен өз ўақтын көп өткереди. Бул жағдай усы системада гендер теңсизликке алып келмекте ҳәм бул машқала бүгинги күнге шекем көзге тасланбақта.

­ Өзбекстан Республикасының суд системасында 156 судья ҳаял-қыз өз жумысын алып бармақта. Бизиң елимизде 1982-жылдан соң бул системаға ҳаял судьялар кирип келди. Сол жылдан 2010-жыл­ға шекем бизиң республикамызда  судьялардың 50 процентин ҳаял-қызлар қураған еди. Нураный судьялардан Ш.Ражапова, Б.Бекжанова, Ж.Қошанова, Э.Раззақовалар ҳәм басқаларды мақтаныш пенен тилге алып өтсек болады. Ал, ҳәзирги күнде республикамызда суд сис­темасында жәми 65 судья хызмет алып барып атырған болса, соннан 15и, яғный, 23 процентин ғана белгилейди. Бүгинги күн­де суд-ҳуқық тараўында гендер теңлигин тәмийинлеў мақсетинде тәжирийбели ҳаял-қыз судьяларды топлаў, оларға имканиятлар жаратыў, билим дәрежесин еле де кеңейтиў керек. Оларды судьялық лаўа­зымға таярлаў бойынша Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги менен биргеликте аймағымызда жумыс алып барып атырған ҳаял юристлердиң дизимин қәлиплестирип, олардың судьялыққа болған қызығыўшылығын оятыў бойынша сәўбетлесиў өткериў режелестирилмекте, - дейди Қарақалпақстан Республикасы Жынаят ислери бо­йынша суды баслығы Г.Базарбаева.

Семинарда суд системасында ҳаял-қыз судьялар санын арттырыў бо­йынша сырт ел тәжири­йбелерин үйрениў, олардың әдил судлаўға ерисиўин тәмийинлеў, суд уйым­ларының ҳаял-қызлар ҳуқық­ларын қорғаў бағдарындағы хызметиниң нәтийжелилигин өлшеў ушын гендер индикаторларын ислеп шығыў ҳаққында өз-ара пикир алысты ҳәм қатнасыўшылар «Ҳаял-қызлар ҳуқықы. Гендер теңлик ҳәм әдил судлаў» темасында сораўнамалар толтырды.

 

Т.ЖӘРИМБЕТОВА.

 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF