Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 13:33:27, 20.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

КӨЗ  БЕНЕН  КӨРГЕНГЕ  НЕ  ЖЕТСИН!

Президентимиздиң 2018-жыл 7-февральдағы «Ишки туризмди жедел раўажландырыўды тәмийинлеў илажлары ҳаққында»ғы қарарына муўапық, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм ўәлаятлар ҳәкимликлери Туризмди раўажландырыў мәмлекетлик комитети менен келисилген ҳалда туризмди раўажландырыў ушын жоқары потенциалға ийе район ҳәм қалаларда жайласқан объектлерге саяхатлар шөлкемлестириў белгиленген еди.

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм Беруний районы ҳәкимлигиниң басламасы менен қарақалпақстанлы ғалаба хабар қуралларының ўәкиллерин Беруний районының бүгинги күндеги социаллық-экономикалық раўажланыўы ишки туризм ҳәм зыярат туризминдеги имканиятлары менен жақыннан таныстырыў мақсетинде «Бүгинги режелер, анық мақсетлер, келешектеги имканиятлар ­ халық нәзеринде» темасында пресс-тур шөлкемлестирилди. Онда республикамыздағы жетекши ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери, баспасөз хаткерлер ҳәм блогерлер қатнасты.

БИРИНШИ  МӘНЗИЛ

 Төменги Әмиўдәрья мәмлекетлик биосфера резерваты болып, бул жердеги саяхатта дәслеп резерваттағы музей менен таныстық. Резерваттың илимий ислер бойынша директор орынбасары Ақылбек Туреев мийманларға былайынша мағлыўмат берди.

— Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2011-жыл 26-августтағы қарары тийкарында шөлкемлестирилген Төменги Әмиўдәрья мәмлекетлик биосфера резерваты республикамыздың Беруний ҳәм Әмиўдәрья районлары аймағында жайласқан болып, жер майданы 68717,8 гектарды қурайды.

Қорықхана қатаң режимдеги қорғалатуғын зона есапланады. Бул зона тәбият объект­лери ҳәм комплекслерин толық сақлап қалыў, илимий изертлеўлер ҳәм мониторинг алып барыў ушын мөлшерленген. Аймақта нызам ҳүжжетлерине муўапық мәмлекетлик қорықханаларының режими орна­тыл­ған ҳәм бул аймақта ҳәр қандай түрдеги хожалық хызметин алып барыў қадаған етиледи. Ҳәзирги күнде резерватта 32 жумысшы бар.  

Президентимиздиң 2019-жыл 20-марттағы Қарарына муўапық, Төменги Әмиўдәрья мәмлекетлик биосфера резерваты Тоғай хожалығы мәмлекетлик комитетиниң қурамынан Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў мәмлекетлик комитетиниң қарамағына өткерилди.

Резерватта үш жөнелис болып, булар ҳайўанатлар дүньясы, өсимликлер дүньясы ҳәм ески Жампық қорғанын да гүзетиў имканиятымыз бар.

Үлкемиз тәбиятының бийбаҳа ҳәм әжайып үлгиси есапланған резерват аймағындағы Бухара суўынлары ҳәзирги күнде өз нәсилин көбейтиўди даўам етпекте. Ҳәр жылғы гүзги санаў дәўиринде өткен жылғы гүз мәўсиминдеги есап бойынша Бухара суўынларының саны 1233 бастан артық екенлиги анықланды.

Усы жылы Президентимиздиң республикамызға болған сапары даўамында көплеген мәселелер қатарында биосфера резерватын раўажландырыў бойынша да бир қатар тапсырмаларды белгилеп берди. Яғный, бул жердеги шараятты жақсылаў, туристлер ағымын көбейтиў, еки этажлы визит орай қурыў, киши тәбият музейин ашыў, бул жерде тийисли мағлыўматлар менен танысыўы ушын барлық қолайлылықларды жаратыў кереклигин айтқан еди. Бул ўазыйпалар бойынша «Жол картасы» ислеп шығылып, тас­тыйықлаў ушын комитетке тапсырылды. 

Бүгинги күнде Бадай тоғай бөлиминде Қызыл китапқа кирген Бухара суўынының бас санын көбейтиўге айрықша итибар қаратылмақта. Оларға от-шөпти көбейтиў мақсетинде усы жерде жоқ болып баратырған тоғайларды сақлап қалыў ушын электронасослар қурылып, бул жерден 10 километр қашықлықтағы линия тартылды.

Резерватта илимий бөлим хызметкерлери тәрепинен Бухара суўынлары генофондын сақлап қалыў ҳәм көбейтиў бойынша Өзбекстан Илимлер Акаде­миясы Қарақалпақстан бөлими ҳәм мәмлекетлик университети менен биргеликте илимий-изертлеў жумыслары алып барылмақта. Бул жумыслар резерват флора ҳәм фаунасының басқа түрлери бо­йынша да жүргизилмекте. Соның менен бирге, биосфера резерваты аймағын экономикалық ҳәм социаллық жақтан раўажландырыў бойынша  мониторинг жүргизиў, эколо­гиялық туризмди шөлкемлестириў жумыслары жолға қо­йылмақта.

Режелестирилген жумыслар әмелге асса өсимлик ҳәм ҳайўанат дүньясы бай бул үлкеге туристлердиң де келиўи көбе­йеди.

ЕКИНШИ  МӘНЗИЛ

Султан Ўайс баба тарийхый орнына қарай сапарымызды даўам еттирдик.

Султан Ўайс баба мақбарасы өзгеше көринисте бийик жерде биняд болған. «Бадр ата» мешити имамы Ислам Жумамуратовтың таныстырыўынша, Султан Ўайс пайғамбарымыздың заманласы болып, елимизге келген уллы уламалардың бириншиси екен. Бул бабамыз пайғамбарымыз бенен көриспесе де, меҳир-муҳаббаты шексиз бол­ған. Расулуллаҳ с.а.у.ның тислери сынғанын еситип, өз тислеринде сындырады. Бул муҳаббат ҳәм ҳүрметиниң күшли екенлигинен еди. 

Бир уллы инсанды көрмес­тен, оннан руўхый билим ал­ған адамға Ўайс делинер екен. Бул лақап ең дәслеп пайғамбарымыз тәрепинен усы ин­санға берилген. Бул ҳаққында Әлийшер Наўайы шығармаларында да келтирилген. Ал, Султан деп аталыўына себеп, бул уламалар Султаны бол­ғанлығы ушын айтылған. Пайғамбарымыз «қай бириңиз Уайс ҳәзиретлерин ушыратсаңыз, оның алдына барғаныңызда, әлбетте, пәтиясын алың. Себеби, бенделердиң ишинде оның пәтиясы орынланыўшыдур» деген.

Биз жасап атырған бул журт Алланың нәзери түскен, уллы инсанлар жасап өткен дияр. Мине, соның ушын өтмишимизге нәзер салып, өтмишимизди үйренип, уллы бабаларымыздың мийрасына қызығып, оларды өмиримизге алып киретуғын болсақ, әлбетте, келешегимиз айдын болады.

Елимизде қаншадан-қанша теберик орынлар абат болмақта, қаншадан-қанша уллы уламалардың өмири үйренилип, жасларымызға зәрүр мағлыўматлар берилмекте. Бул бизлердиң өтмишимизге нәзеримиз, келешекке қойған қәдемимиз.

Ҳүрметли Журтбасшымыздың басламасы менен бул жерлер абаданластырылды. Адамлардың емин-еркин зыяратқа келип-кетиўи ушын шараятлар жаратылды.  

Бул муқаддес орынға қоңсылас республикалар менен ўәлаятлардан да зыяратшылар келеди.

Илайым, Жаратқан ийемиз елимизди тыныш, аспанымызды ашық, халқымызды абат етсин, деп пәтияға қол жайылып, марҳумлар руўхына қуран оқылды.

 ҮШИНШИ  МӘНЗИЛ

Пил қала тарийхый естелиги бойлап саяхат журналистлерде үлкен қызығыўшылық оятты.

Республикалық «Беруний әўладлары» жәмийетлик қорының баслығы, Қарақалпақстан Республикасына хызмет көрсеткен журналист Қурбанбай Шаниязовтың мағлыўмат бериўинше, бул эрамыздан алдынғы IV-III әсир, эрамыздың IV-IX-XI-XIII-XIV әсирлерге тийисли археологиялық мәдений мийрас объекти болып, мәмлекет қорғаўына алынған.

Беруний бабамыздың «Әййемги халықлардан қал­ған естеликлер» китабында усы қала ҳаққында мағлыўматлар бар. Онда эрамыздан алдынғы IV әсирде Шах Афри мине усы қаланы қурды деп жазылған. Бул бас­қа авторлардың мийнетлеринде ал-Пир деп те айтылады. Жергиликли халық тәрепинен Пил қала деп аталып кеткен. Ал, Пир дегенимиз «үлкен», «көлемли» деген мәнисти аңлатады екен.

Қаланың пайда болыў себебине тоқталсақ, бул тарийхый мийрас жыллар даўамында аўған халқы зыялыларының итибарын тартып келген. Буның қай жерде жайласқанлығын билмеген. Алымлар Илимлер Академиясына хатлар жазып, сораўлар жоллап тур­ған.

Қала Пир-Кат екеўиниң тарийхы бир-бири менен тутасып кеткен. Бул жерде әскерий мақсетлерге хызмет ететуғын сәркардалар жайласқан болыўы мүмкин. Себеби, жергиликли халықтың ишинде оларға хызмет еткен адамлар усы жерли болған. Ҳиндстаннан пиллер алып келинип, Пил қала атан­ған деген аңызда бар.

Тарийхый естеликлерди сақлап қалыў мақсетинде ра­йон басшылары тәрепинен қала қорғанлары қайта оңланып, унырап түсип, ыдырап кетип баратырған дийўалларының түби қайтадан беккемленип, дөгереги орап шығыл­ған. Еле басқа да илажлар исленсе тарийхымыздың  оғада бир бийбаҳа бөлеги сақланып қалынған болар еди, деп тилеклерин, пикирлерин билдирди Қ.Шаниязов.

 Журналистлер бул жерге биринши мәрте келип ҳәм көриўи арқалы қәнигеден алған тәсирлери менен тарийхқа шегинис жасап, тарийхқа қайтып ис көриў қайырлы екенлигин және бир мәрте уғындық.

 ТӨРТИНШИ МӘНЗИЛ

Доктор Максудова инновациялық клиникасы жәмәәти күнниң екинши ярымында пресс-тур қатнасыўшыларын жыллы жүзлилик пенен қарсы алды.

Клиника имаратының қайта оңланыўы ҳәм медициналық үскенелер менен тәми­йинлениўи ушын 10 миллиард сум кредит қаржысы жумсалған болып, бул жерде 10 шыпакер, 10 мийирбийке, 3 киши хызметкер ҳәм 4 техникалық хызметкерлер жумыс алып барады.

Клиника бас шыпакери Ваҳид Ҳакимовтың айтыўынша, бул жерде офтальмология хызметиF эксимер лазер әмелияты (миопия, гиперметропия ҳәм астигматизмди емлеў лазер нуры жәрдеминде алып барылады. Әмелият қәўипсиз ҳәм аўырыўсыз болып, наўқас екинши күннен баслап жумыс процесин даўам еттире алады), катаракта кеселлигин заманагөй медицинаның алтын стандарты болған факоэмульсификация усылы менен емлеў, тор пердеде болған патологияларды (дистрофик өзгерислер, диабетик ретинопатия) лазер жәрдеминде емлеў, глаукоманы хирургиялық усыл менен емлеў, сондай-ақ, бир қатар көз кеселликлерин консервативлик ҳәм микрохирургиялық усыллар арқалы емлеў жолға қойыл­ған.

ЛОР хызмети. Бунда тонзиллоэктомия, аденотомия, гайморотомия, фронтотомия, конхопластика, септопластика, ринопластика операцияларын қолланыў, гинекология хызметинде видеокольпаскопиялық диагностика, кардиоло­гиялық хызметте амбулато­риялық шараятта консерватив емлеў, электрокардиограмма, ультра даўыслы тексериў, ЭХО-КГ, сондай-ақ, стоматологиялық ҳәм клиникалық лабораториялық тексериў хызметлери көрсетиледи.

Клиникадағы медициналық үскенелер Корея, Америка, Франциядан келтирилген болып, ҳәзирги пайытта сынаў режиминде мүрәжат етиўшилер ушын бийпул жумыс баслап атыр.

Ташкент қаласында усы атама менен жумыс алып барып атырған көз кеселликлерин емлеў бойынша қәнигелескен клиниканың ис-тәжирийбелерин бизиң республикамызда да енгизиў клиниканың тийкарғы мақсети саналады.

Инновациялық клиниканың жетискенлиги — туўрыдан-туўры онлайн түрде Франция ҳәм басқа да мәмлекетлердеги жетекши клиникалар менен тәжирийбе алмасыў имка­ниятлары жаратылып, телемедицина системасы енгизилиўи режелестирилген. Клиника 5 мың наўқасты қабыллаў қуўатлылығына ийе. Және бир айрықшалығы, қағазпазлық, жазыў-сызыў мәселеси жоқ, барлығы компьютерлескен. Наўқас дизимнен өтиўден-ақ, шыпакер хабардар болып, ти­йисли шыпакер қабыллаўына гезек пенен барады.

Журналистлер бул жерде жаратылған шараятлар ҳәм қолайлылықлар менен жақыннан танысты, қәнигели шыпакерлерден өзлерин қызықтыр­ған сораўларына жуўаплар алды.

 БЕСИНШИ МӘНЗИЛ

Абу Райхан Беруний атындағы музей комплекси арқалы бул районның атамасы бо­йынша түсиниклеримизди ба­йытыўға еристик.

Абу Райхан Беруний энциклопедист алым, ойлап табыўшы болып, дүнья илимине өзиниң 160 тан аслам илимий мийнетлери менен үлесин қосқан уллы ойшыл сыпатында билемиз.

Ол өз заманының барлық пәнлерин, биринши гезекте астрономия, физика, мәденияттаныў сыяқлы бир қатар пәнлерди пуқта ийелеген. Илим пән раўажланыўына қосқан үлкен үлеси себеп аты дүнья илиминиң уллы ойшыллары қатарынан орын алған. Абу Райхан Муҳаммед ибн Аҳмет ал-Беруний 973-жылы  ески Кат (ҳәзирги Беруний) қаласында туўыл­ған. Оның атының мәниси «берун» сөзи «сыртқы қала», «Беруний» болса «сыртқы қалада жасаўшы адам» мәнисин билдиреди екен.

1957-жыл 4-июльда Өзбекстан Республикасы Олий Кенгашының қарары менен алым Абу Райхан Беруний Кат қаласына жақын жерде туўылғанлығы илимий жәмийетшилик тәрепинен өз тастыйығын тап­қаннан кейин Шаббаз районына Абу Райхан Беруний аты берилген. Мине, усы ўақыттан баслап район уллы ўатанласымыздың мүбәрек аты менен аталып келинбекте.

1997-жылы 18-декабрь күни алымның топырағы Аўғанстанның “азна қаласынан Беруний районына келтириледи ҳәм символикалық қәбир орнатылады. Бүгинги күнде бул жердиң әтирапы абаданластырылып, абат мә­кан­ға айланған. Аймақта музей шөлкемлестириў белгиленген болып, қурылыс ислери алып барылмақта.

Бүгинги күнде зийрек, талантлы жасларды материаллық ҳәм руўхый жақтан  қоллап-қуўатлаў, халқымыздың миллий-мәдений, илимий мийраслары бойынша терең илимий изленислер алып барып атырған республикамыз ҳәм сырт елдеги илимпазлардың хызметин, бирге ислесиўин еле де раўажландырыў ушын «Беруний әўладлары» жәмийетлик қоры шөлкемлестирилген. Илим-пән, руўхыйлығымыздың раўажланыўына салмақлы үлес қосқан мәмлекетимиз ҳәм сырт ел алымларын, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик ғайраткерлерди әмелдеги нызамлар шеңберинде «Беруний әўладлары» жәмийетлик қорының сыйлығы ҳәм оның лауреатлық алтын көкирек нышаны менен сыйлықлаў белгиленген.

Абу Райхан Беруний музейи комплекси 12,5 гектар майданды қурайды. Уллы алымның 2023-жылы 1050 жыллығын үлкен көтериңкилик руўхта өткериў ушын таярлық жумыслары баслап жиберилген.

Қор директоры Санам Юсупова биз бенен сәўбетте Беруний музейин жақын ўақытларда қурып питкериў ҳәм алымның юбилейин мүнәсип тәризде белгилеўди шөлкемлестириў мақсетинде ҳәзирги күнде қурылыс жумыслары жедел пәтлер менен алып барылып атырғанлығын айтып берди. Атап айтсақ, музей әтирапын миллий ансамбль көринисинде безеў, өнерментшилик түрлери, сондай-ақ, туризмниң раўажланыўы ушын жойбарлар, 330 орынға ийе математика пәнине қәнигелестирилген мектеп, 60 орынлық заманагөй мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми, заманагөй мийманхана,  85 парк, 2  қабаттан ибарат музейдиң қурылыс ислери режеге киргизилген.

Бундай руўхыйлық орынлары өзиниң бай тарийхый мийрасы менен алдағы ўақытта туризмниң раўажланыўына анағурлым мүнәсип үлесин қосары анық.

 АЛТЫНШЫ МӘНЗИЛ

Мәлимлеме китапханасы орайы пресс-тур қатнасыўшыларының соңғы мәнзили болды. Бул жерде Беруний районының ҳәкими, райондағы сектор басшылары, ҳәким орынбасарлары, кәрхана ҳәм шөлкем басшылары, “хҚ ўәкиллери, журналист ҳәм блогерлер менен биргеликте пресс-конференция өткерилди.

Быйылғы жылдың 1-январына район халқының саны 196 652 ни қурайды.

Районда 40 мәҳәлле ҳәм аўыл пуқаралар жыйыны, 72 улыўма билим бериў мектеби бар. Район Әмиўдәрьяның оң тәрепинде жайласқан болып, 72 километрге созылған. Улыўма жер майданы 3,9 мың квадрат километрден ибарат.

Район ҳәкими Атабек Сапарбаев районда әмелге асырылып атырған социаллық-экономикалық жаңаланыўлар, қурылыс-абаданластырыў ислери, руўхый-ағартыўшылық тараўларындағы жаңалықлар ҳаққында мағлыўмат берди. Социаллық тараўда алып барылып атырған жумысларға айрықша итибар қаратып, жаңа мектеп ҳәм мектепке шекемги билимлендириў мәкемелерин қурыў, барларын қайта оңлаў  бойынша мәнзилли бағдарлар тийкарында жумыслар алып барылып атырғанлығын айтып өтти.

Сәўбетлесиў барысында халықты турақ жай менен тәмийинлеў, коммуналлық хызметлердиң сапасын жақсылаў, ишки жолларды тәми­йинлеў, районда экотуризмди раўажландырыў, жаслардың китапқумарлық мәдениятын арттырыў бағдарындағы жумыслар ҳаққында да айтылып, быйылғы ҳәм келеси жыллар  ушын режелестирилген жумыслар туўралы да мағлыўмат берилди.

Пресс-конференция сораў-жуўаплар менен жуўмақланды.

Район ҳәкими алдағы ўақытлары райондағы жаңаланыўларды республикамыз бойлап кең жәмийетшиликке жеткериўде ғалаба хабар қураллары ўәкиллери менен тығыз байланыс орнатылып, журналистлердиң белсендилик көрсетиўине исеним билдирди.

Беруний районына болған бир күнлик сапарымыз даўамында бул аймақ турмысы менен жақыннан танысып, жаңаланыўлардың гүўасы болып, терең тәсирлер алдық. Бул район ҳаққында тарийхшы илимпазлардың, әсиресе, архео­лог алым, мар­ҳум “айратдин Хожаниязовтың мийнетлери арқалы да таныспыз. Солай болса да, «Мың рет еситкеннен, бир рет көрген абзал» дегениндей, билгенлеримизди еле де толықтырыў, имканы жаратылып, саяхат шөлкемлестирилгенинен жүдә қуўанышлымыз.

 

 

Гүлнара ЖҮГИНИСОВА,

арнаўлы хабаршымыз.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF