Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 13:35:15, 25.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ЖАС БАЛАЛАРДЫ ҮЙДЕ ЖАЛҒЫЗ ҚАЛДЫРМАҢ

Нөкис районы Айрықша жағдайлар бөлими тәрепинен ис-илажлар ислеп шығылып, район аймағында жайласқан мәкеме, кәрханаларда, оқыў орынлары, мектепке шекемги билимлендириў мәкемелеринде ҳәм пуқаралар турақ жайларында ийис газинен зәҳәрлениўдиң, пайда болыўы мүмкин болған айрықша жағдайлардың, өртлердиң алдын алыў бойынша бир қанша жумыслар әмелге асырылыўы жолға қойылды.

Өткерилип атырған «Ийис газинен зәҳәрлениўдиң алдын алыў илажлары» бойынша Нөкис районы Айрықша жағдайлар бөлими хызметкерлери ҳәм 15-кәсиплестирилген өрт қутқарыў бөлекшеси жеке қурамы, тийисли тараў қәнигелери менен бирликте район аймағында жайласқан пуқаралар турақ жайларында ҳәм көп қабатлы турақ жайларында өрт қәўпиниң ҳәм ийис газинен зәҳәрлениўдиң алдын алыў мақсетинде өртке қарсы жағдай көзден өткерилди. Пуқаралардың өз турақ жайларында ушырасқан айырым кемшиликлерди өз орнында сапластырыў илажлары көрилди.

Ҳүрметли ўатанласлар, өткерилип атырған «Ийис газинен зәҳәрлениўдиң алдын алыў илажлары» илажы даўамында Сизлерди жоқарыда атап өтилген өрт қәўпиниң алдын алыў қәделерин орынлап, өзиңиздиң шаңарағыңызда өрт қәўипсизлигин тәмийинлеген ҳалда «Ийис газинен зәҳәрлениўдиң алдын алыў илажлары»на белсене қатнасыўыңызға шақырып қаламыз!

 

А.ХОЖАНИЯЗОВ,

Нөкис районы Айрықша жағдайлар бөлими қәнигеси,

аға сержант.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF