Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 13:53:30, 29.03.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ГАЗ  БУЛАҒЫН  ТАСТЫРҒАН  ЖИГИТ

Өзбекстанымыздың келешеги саналып, түңлиги өткен әсирдиң алпысыншы жыллары ашылған Үстирттеги «Шақпақты», «Қуўаныш» газ кәнлеринен бүгинги күнде де «Бухара-Урал» орайлық магис­трал трассасынан тийисли орынларға тәбийғый газ жеткерилип берилмекте.

Елимиз Ғәрезсизлигиниң 29 жыллық байрамы ҳүрметине «Шуҳрат» медалы менен сыйлықлан­ған «Өзбекнефтегаз» акционерлик жәмийети Үстирт газ қазып шығарыў бас­қармасының «Арыслан» газ кәни баслығы Мурат Якуповты жумысында ушы­рат­қанымызда алдына жайылған теңиз бойының  географиялық картасына көз тикти.

­ Байлықтың дереги жерде, суўда, Аралдың суўы қурығаны менен теңиз акваториясындағы газ кәнлери «Үшсай» «Сүр­гил», «Арқа Бердақ», «Арыслан» ҳәм басқа да кәнлеримизден өндирис ушын жетерли муғдарда тазаланған тәбийғый газ бенен тәмийинленбекте.

Өткен жылы «Энтер Инжиниринг» компаниясы қурып питкерген «Арыслан» кәнимиздеги жигирмадан аслам қудықтан газ шығып тур. Бурынлары бураўлап алын­ған газ «Үшсай»дағы сеператорда тазаланып, арнаўлы конденсат машиналарында «Қырыққыз» темир жол станциясына шекем тасылып, вагонларға жүкленетуғын болса, ендиликте «Uz-Kor Gaz Chemical»ге, басқа да өндирис орынларына конденсатларымыз трубалар арқалы баратуғын болды.

Жақын жылларда 2,5-3 мың метрге шекем бураўлайтуғын болса,  бүгинги күнде бул көрсеткиш өз күшимиз бенен 4,5-5 метрге жеткерилди. Бас­қармамызға қараслы газ кәнлери ең заманагөй технологиялар менен тәми­йинленип, материаллық-техникалық базаларымыз жылдан-жылға беккемленбекте. Ислеўшилеримиздиң барлығы дерлик арнаўлы ҳәм жоқары мағлыўматлы, көп жыллық мийнет стажына ийе маман қәнигелер саналып, кәсиплик шеберлигин арт­тырыўға мудамы кеўил бөлинбекте...

Мурат өзи туўылып өскен Қоңырат районы орайындағы С.Мәжитов атындағы орта мектепти 1994-жылы питкергеннен соң ТИИИМСХның суў хожалығы тармақларында тарнаўлар қурылысы бо­йынша қәнигелик ийелеп, өзи таңлаған кәсибиниң нанын жейди.

2004-жылы басқарманың «Үшсай»дағы сеператорына автомат режимде ислеген ўақытта қысыл­ған ҳаўа менен тәмийинлеўши компрессор үскенесине оператор болып жумысқа киреди. «Жигитке жети өнер де аз» дегендей, бул қәнигеликти жетик меңгерип алыў ушын өн­дирис­тен қол үзбей, Қаршыдағы инженер-экономикалық институтын питкерип, «Нефть ҳәм газ иси» қәнигелигин ийелеп шығады.

­ Оқыўды питкерип, технолог болып жумыс баслаған жыллары «Сүр­гил» газ кәнин ашыўда көп мийнет сиңдирген, бас инженер болып ислеўши Алым Орынбаев, Икрам Саидов ҳәм Альберт Абдуллаевлардай устазларыма өз миннетдаршылығымды билдирип, бәрқулла мақтаныш етип жүремен.

Үстирт тегислигинде тәбийғый газге бай қатламлар көп болғаны менен топырақ қурамында  суў көбирек ушырасқанлықтан қазып алыныўы қыйын регионға жатады. Бүгинги күнге келип, газин бураўлап алған ўақытлары оңлаў жумысларын иркинишсиз алып баратуғын Америка, Россия, Қытай ҳәм Голландияның жаңа технологиялары өндириске енгизилмекте. Жақын арада теңиз акваториясынан «Ултан» деп аталыўшы жаңа газ кәнин иске түсиремиз...

Вахталық усылда ислеўге үйренисип, ўақтының көбисин ис басында өткерип, газ булағын тастырыўшы Мураттың балалар бақшасында тәрбияшы болып ислейтуғын өмирлик жолдасы Ханифа менен Асадбек, Камала, Баку ҳәм Бунёдбектей ул-қызларына алған «Шуҳрат» медалы шексиз қуўаныш бағышлады.

 

Ө.ӨТЕЎЛИЕВ,

өз хабаршымыз.

Қоңырат районы.

 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF