Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 00:41:38, 24.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

САЛАМАТ ТУРМЫС ШАҢАРАҢТАН БАСЛАНАДЫ

Саламат әўлад — миллетимиз келешегиниң тиреги. Әзел-әзелден ата-бабаларымыз саламат әўлад тәрбиясына итибар менен қарап келген.  А.Авлонийдиң «Денениң саламат ҳәм қуўатлы болыўы инсанға ең керекли нәрсе.

Себеби, оқыў, оқытыў, үйрениў ҳәм үйретиў ушын инсанға күшли кеселсиз дене лазым» деген унамлы пикирлери инсанның саламат турмыс кешириўинде әҳмийетли есапланады.

Елимизде саламат әўлад тәрбиясына айрықша итибар қаратылыўы нәтийжесинде мәмлекетлик бағдарламалар, қарарлар қабыл етилди. Солардан «Саламат әўлад» бағдарламасы жас әўладтың саламатлығына қаратылған болып, шаңарақ, жәмийет ҳәм билимлендириў мәкемелеринде физикалық раўажланған, саламат ҳәм ҳәр тәреплеме кәмил инсан етип тәрбиялаўда барлық қолайлылықларды жаратыў талап етиледи.

Инсан саламатлығы ҳәм өмири даўамында тәсир көрсетиўши факторлардың 50 процентинен артығы әне, сол турмыс тәризине байланыслы, экологияға 20 процентке жақын әўладлық факторлар, медициналық факторларға болса l0 процент, яғный, инсан саламат болыўы ушын оның турмыс тәризи саламат болыўы шәрт ҳәм саламат инсанды тәрбиялаў ушын онда саламат турмыс тәризи түсинигин қәлиплестириў керек.

Саламат турмыс тәризи дегенде, мыналарды итибарға алыў керекF физикалық шынығыў, физикалық тәрбия ҳәм спорт пенен шуғылланыў, күн тәртибин пайдалы режелестириў ҳәм оған әмел етиў, физикалық ҳәм руўхый жақтан талығыўға жол қоймаў, ақылый ҳәм физикалық мийнетти гигиеналық талапларға бойсынған ҳалда режелестириў, туўры ҳәм сапалы аўқатланыў, жеке гигиеналық талапларға әмел етиў, эколо­гиялық мәдениятқа ерисиў, жуқпалы кеселликлер, жарақатланыў ҳәм бахытсыз ҳәдийселердиң алдын алыў, туўры тәрбия алыў, зыянлы әдетлерге берилмеў (темеки шекпеў, ишиўшиликке ҳәм нәшебентликке жол қоймаў ҳәм т.б.).

Бала тәрбиясында усы компонентлер басқышпа-басқыш үзликсиз рәўиште раўажланыўы тийис. Саламат турмыс тәризин қәлиплестириў шаңарақтан басланады ҳәм баланың шахсын қәлиплестириўде шаңарақ турмыс тәризи, ондағы үрп-әдет ҳәм қағыйдалар, психологиялық шараяты, зыянлы әдетлердиң барлығы ҳәм басқалар үлкен әҳмийетке ийе. Шаңарақ шараятында бала күн тәртибине, жеке гигиенаға әмел етиўи, ўақытты туўры үнемлеўи, үлкенлер ҳәм теңлеслери менен пикирлесиўди ҳәм басқа да көп нәрселерге үйренеди. Көшеден яки мектептен үйге қайтса, аўқатланыўдан алдын ҳәм кейин қол жуўыўы, кийимлерин, буйымларын, ханасын азада тутыўды үйрениў тийкарында көн­ликпелер қәлиплеседи. Саламат турмыс тәризиниң айрықша компонентлеринен бири ­ физикалық шынығыў есапланады. Ҳәр қыйлы дене тәрбия шынығыўлары арқалы балалар саламат өседи. Ақыры, «Сап денеде сап ақыл» деп бий­карға айтылмаған. Буларда ата-аналар менен бирге мектепке шекемги билимлендириў мәкемелери, мектеп ҳәм жоқары оқыў орынларының орны айрықша. Бул жерде бала, оқыўшы, студент әмелий көнликпе ҳәм тәжирийбелерге ийе болады. Әлбетте, бул өз нәтийжесин берери сөзсиз.

Қулласы, саламат жас әўладты тәрбиялаў ­ ҳәр биримиздиң муқаддес ўазыйпамыз. Мәмлекетимизде бул ўазыйпаны толығы менен әмелге асырыў ушын бәрше жетерли шараятлар жаратыл­ған. Оннан ақылға муўапық пайдаланып, бала шахсын қәлиплестириўдиң ҳәр бир бас­қышы кәмил инсан тәрбиясында әҳмийетли. Яғный, ҳәр бир басқыш кейинги басқыш тиреги есапланып, онда баланың жасына тән болған түсиниклерин сиңдириў ҳәм олар­ға саламат турмыс тәризи көнликпелерин басқышпа-бас­қыш раўажландырыў айрықша әҳмийетке ийе. Сонда ғана биз күткен мақсетке ерисемиз. Бизиң мақсетимиз ­ жәми­йетке физикалық ҳәм ақылый жақтан саламат инсанларды тәрбиялаў. Себеби, биз келешек ушын жуўапкермиз!

 

 

Дильфуза ГЕНЖЕБАЕВА,

Өзбекстан Экологиялық партиясы Қарақалпақстан Республикасы

партия шөлкеми атқарыў комитети қәнигеси.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF