Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 16:26:56, 28.03.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ПАРТИЯ БАҒДАРЛАМАСЫ ӘМЕЛДЕ:

МӘДЕНИЙ  МИЙРАС  ИЛИМИЙ  ИЗЕРТЛЕЎ ИНСТИТУТЫ  ШӨЛКЕМЛЕСТИРИЛЕДИ

Мәмлекетимизде соңғы жылларда миллий мәдениятты және де раўажландырыў, жаңа Өзбекстанның жаңа тарийхын жаратыў, материаллық ҳәм мате­риаллық емес мәдений мийрас дүрданаларын сақлаў ҳәм үгит-нәсиятлаў, халық аўызеки дөретиўшилиги ҳәм ҳәўескерлик көркем-өнерин және де кең ен жайдырыў, елимиздиң дүнья мәдений мәканына белсене интеграцияласыўын тәми­йинлеў, мәденият ҳәм көркем-өнер тараўын инновациялық раўажландырыўға қара­тылған системалы ис-илажлар әмелге асырылмақта.

Ата-бабаларымыздан бизге мийрас болып киятырған миллий қәдириятларымыз, бай тарийхымызды келешек ийелерине үйретиў, бул арқалы оларда ана-Ўатанға муҳаббат ҳәм садықлық сезимлерин қәлиплестириў бүгинги күнде бәршемиздиң жуўапкершиликли ўазыйпаларымыздан бири саналады. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 26-майдағы «Мәденият ҳәм көркем өнер тараўының жәмийетлик турмыстағы орны ҳәм тәсирин буннан былай да арттырыў илажлары ҳаққында»ғы Пәрманы ҳәм «Өзбекстан Республикасы Мәденият министрлигиниң жумысын жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарары қабыл етилип, тараўда әмелге асырылып атырған жумысларды жаңа бас­қышқа алып шығыў имканияты жаратылған еди.

Усы Пәрман ҳәм қарарда белгиленген көплеген ўазыйпалар партиямыз идея ҳәм мақсетлерине сәйкеслиги менен үлкен әҳмийетке ийе. Атап айтқанда, Президент қарарына көре Мәдений мийрас илимий-изертлеў институтының шөлкемлестирилиўи, сондай-ақ, институтқа нызам ҳүжжетлери талапларына әмел еткен ҳалда, архитектура-қалақурылысы ҳүжжетлерин жаратыў, геодезия ҳәм картография искерлиги, материаллық мәдений мийрасының көшпес мүлк объектлерин сақлаўға байланыслы хызмет түрлерин тийисли лицензияларды алмас­тан әмелге асырыў ҳуқықы берилгенлиги бизиң ата-бабаларымыздан, бизге жетип келген бай тарийхый мәдений мийрас объект­лерин, археология ҳәм монументал көркем-өнер естеликлерин келешек әўлад ушын таза ҳалында сақлап қалыўда үлкен әҳмийетке ийе. Соны айрықша атап өтиўимиз керек, Қарақалпақстан Республикасы аймағындағы археоло­гиялық естеликлерди үйрениў тарийхымыз ушын жаңа бет ашып қоймас­тан, тарийхымызды дүньяға танытыў ушын хызмет етеди. Ҳәзирги ўақытта Қарақалпақстан Республикасы аймағында жайласқан 288 мәдений мийрас объектлери дизимге алынған болып, булардың барлығы тарийхымызды терең үйрениў, келешек әўладларға жеткериў ҳәм ата-бабаларымыздың уллы ислерин жаслардың санасына сиңдириў мақсетинде әмелге асырылып атырған қәдемлерден бири болып есапланады.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2019-жыл 4-октябрьдеги «Материаллық мәдений мийрастың көшпес мүлк объектлери миллий дизимин тастыйықлаў ҳаққында»ғы 846-санлы қарары менен Қарақалпақстан Республикасы аймағында жайласқан 288 мәдений мийрас объектлери қайта тастыйықланды. Соннан, 131 археология, 24и архитектура, 88и монументал көркем-өнер естеликлери ҳәм 45и дыққатқа ыла­йықлы орынлар есапланады.

Өзбекстан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясының Сайлаўалды Платформасында Мәдений мийрасты қорғаў ҳәм туризмди раўажландырыў бағдарында елимиздеги бар мәдений мийрас объектлерин сақлаў, Өзбекстан қалаларының тарийхый келбетин сақлап қалыўда нәтийжели ис-илажларды әмелге асырыў тийкарғы ўазыйпалар етип белгиленген. Бул бойынша өткен дәўир ишинде бир қатар ислер әмелге асырылды.

Атап айтқанда, 2018-жылы партия Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси ҳәм барлық қала, районлық Кеңеслери ҳәм де партиямыздан сайланған депутатлар, тараў қәнигелеринен ибарат болған исши топарлар шөлкемлестирилип, Қарақалпақстандағы барлық мәдений мийрас объектлериниң ҳәзирги жағдайы үйренип шығылды. Үйрениўлер даўамында аймақтағы материаллық мәдений мийрас объектлерге тийисли тарийхый мағлыўматлар топланып, сүўретлери жыйналып, фото альбом таярланды.

Сондай-ақ, Халық депутатлары қала ҳәм районлық Кеңеслери сессияларына партиямыздан сайланған депутатлар тәрепинен мәдений мийрас объектлериниң сақланыўы ҳәм олардан пайдаланыў бо­йынша әмелге асырылатуғын жумыслар ҳаққында мәселелер киргизилип, үйрениў даўамында анықланған кемшиликлерди сапластырыў ҳаққында тийисли қарарлар қабыл етилиўине ерисилди.

Атап айтқанда, үйрениўлер даўамында Шымбай районында жайласқан Қарақалпақ халқының атақлы фольклор қаҳарманы Өмирбек лаққы естелик әтирапын абаданластырыў ҳәм де оны қайта оңлаўға мүтәж екенлиги анық­ланған еди. Бул машқала партиямыздан сайланған депутатлар тәрепинен Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңеси сессиясына киргизилгеннен соң, бул естелик оңланып, әтирапы абаданластырылды.

Пар­тияның Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси ҳәм Жоқарғы Кеңестеги партия фракциясы басламасы менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумы мәжилиси күн тәртибине «Мәдений мийрас объектлерин қорғаў, олардан пайдаланыў жағда­йын үйренип шығыў ҳәм де анықланған кемшиликлерди сапластырыў ҳаққында»ғы мәселе киргизилди ҳәм де Президиум қарары менен тийисли жуўапкерлерге зәрүр тапсырмалар берилди ҳәм машқалаларды сапластырыў жумыслары әмелге асырылды.

Сондай-ақ, партияның Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси ҳәм Өзбекстан Илимлер Академиясы Қарақалпақстан бөлими тәрепинен «18-апрель — Халықаралық естеликлерди ҳәм тарийхый орынларды сақлаў күни» мүнәсибети менен «Материаллық мәдений, архео­логиялық мийрас объектлерин қорғаў ҳәм олардан пайдаланыўды жетилистириў мәселелери» атамасында илимий-әмелий конференция шөлкемлестирилди.
Өзбекстан Республикасы Олий Мажлис Сенаты ағзалары, Нызамшылық палатасы, Жоқарғы Кеңес, Халық депутатлары жергиликли Кеңес депутатлары, Өзбекстан Илимлер Академиясы Қарақалпақстан бөлими, Өзбекстан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси, қала ҳәм районлық кеңеслери, тийисли шөлкемлери менен Тарийх пәни бағдары студентлери, археологлар, тийисли тараў қәнигелери ҳәм де ҒХҚ ўәкиллери қатнасқан конференцияда тараўға байланыслы мәселелер додаланды. Конференциядан соң конференция материаллары топланып, китап етип басып шығарылды.

Елимизде туризмди жақыннан қоллап-қуўатлаў арқалы экономикамызды және де раўажландырыў, тараўда әмелге асырылып атырған жумысларды жаңа бас­қышқа көтериў белгиленген.

Өзбекстанның тарийхый ҳәм бай мәдений мийрасларын халықаралық көлемде тән алыныўына ерисиў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы аймағындағы «Саҳрадағы қорғанлар» аты менен объектлерди ЮНЕСКОның Улыўма жәҳән мийрасы дизимине киргизиў илажларын көриў белгиленген болып, атап айтқанда, Хожели районындағы «Миздахкан» комплекси, Әмиўдәрья ра­йонындағы «Шылпық» археологиялық объекти, Елликқала районындағы «Аяз қала», «Гүлдирсин қала», Төрткүл районындағы «Жамбас қала» археологиялық объекти, Қараөзек районындағы «Жампық қала» археологиялық объектлери усылар қатарында.

Сондай-ақ, 2017-жыл 15-16-декабрь күнлери Өзбекстан Республикасы Президентиниң Қарақалпақстанға сапары даўамында Мойнақ районындағы «Ҳәким ата» (Сулайман Бақырғаний) комплексинде қурылыс жумыслары, Елликқала районындағы «Топыраққала», «Үлкен Гүлдирсин» археологиялық объектлеринде консервация жумыслары әмелге асырылды.

Жуўмақлап айтқанда, миллий мийрасларымыз, қәдириятларымыз, материаллық мәдений мийрас объектлери, тарийхымыз — неше әсирлерден бери әўладтан-әўладқа өтип киятырған мәнаўий байлықларымыз есапланады. Мәдений мийрас илимий-изертлеў институтына болса мине усы әҳмийетли ўазыйпалар жүклетилмекте. Оларды сақлаў, илимий жақтан үйрениў, оларды кейинги әўладлар ушын жеткериў тек ғана партиямыздың емес, ал, ҳәр биримиздиң  ўазыйпамыз болыўы керек.

 

Тажибай Романов,

ӨзМТДП Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси баслығы, Қарақалпақстан Республикасы

Жоқарғы Кеңесиндеги ӨзМТДП фракциясы баслығы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF