Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 03:44:16, 24.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ИЛИМДИ 2030-ЖЫЛҒА ШЕКЕМ РАЎАЖЛАНДЫРЫЎ КОНЦЕПЦИЯСЫН ТАСТЫЙЫҚЛАЎ ҲАҚҚЫНДА

Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы

Экономика тармақларын ҳәм социаллық тараўды жедел раўажландырыў, илимий-интеллектуаллық  және қаржы ресурс­ларын толық  жумсаған ҳалда илимий-инновациялық потенциалдан кеңнен пайдаланыў, келешекте илимди турақлы реформалап барыўдың тийкары бағдарларын белгилеў, заманагөй билимге ийе ҳәм еркин пикирлейтуғын  жоқары маманлықтағы кадрлар таярлаў, илимий инфраструктураны  модернизациялаў жумысларын  сапалы жаңа басқышқа көтериў мақсетинде, сондай-ақ, 2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясын «Илим, мәрипат ҳәм санлы экономиканы раўажландырыў жылын»да әмелге асырыўға байланыслы мәмлекетлик бағдарламасына муўапық:

  1. Илимди 2030-жылға шекем раўажландырыў концепциясы (кейинги орынларда — Концепция) және Концепцияның мақсетли көрсеткишлери ҳәм индикаторлары 1 ҳәм 1а-қосымшаларына муўапық тас­тыйықлансын.
  2. Концепция және оның мақсетли көрсеткишлери ҳәм индикаторлары, соның ишинде, төмендегилерди нәзерде тутатуғынлығы белгиленсин:

а) илим тараўында басқарыў системасын жетилистириў  бағдарында:

илимий шөлкемлердиң илимий-инновациялық жумыс нәтийжелилигин баҳалаўға бағдарланған миллий рейтинг  системасын енгизиў;

илимде өзин-өзи басқарыў сис­темасын раўажландырыў арқалы мәмлекетлик ҳәм илимий шөлкемлер арасында социаллық шерикликти  раўажландырыў және оның шеңберинде жойбарларды әмелге асырыў;

б) илим ҳәм илимий жумысты қаржыландырыў системасын жетилистириў және қаржыландырыў дәреклерин диверсификациялаў бағдарында:

2025-жылға шекем  илимге  бағдарланған улыўма қаржылардың жалпы ишки өнимге салыс­тырғанда үлесин 6 есеге, 2030-жылға шекем 10 есеге арттырыў;

2025-жылға шекем илимди улыўма қаржыландырыў көлеминде илимий-изертлеў ҳәм тәжирийбе-конструкторлық жумысларына  жеке меншик сектор тәрепинен ажыратылатуғын қаржылардың үлесин әмелдеги 8 проценттен 20  процентке, 2030-жылға шекем болса 30 процентке жеткериў;

инновациялық қолланбалар  ҳәм стартап жойбарларды қаржыландырыў мақсетинде сырт ел жетекши инвестиция  компаниялары менен биргеликте 2021-жылда  2, 2025-жылда 10 венчур қорларын шөлкемлестириў;

в) жоқары маманлықтағы илимий ҳәм инженер кадрлар таярлаў және оларды илимий жумыс­қа бағдарлаў бағдарында:

илимий шөлкемлердеги изерт­леўшилердиң орташа жасын 2025-жылға шекем 45 ке, 2030-жылға шекем болса 39ға  жеткериў;

2025-жылға шекем 39 жасқа  шекемги изертлеўшилердиң улыўма санында жоқары маманлықтағы илимий хызметкерлердиң (илим кандидаты, философия ҳәм илим докторлары) үлесин 2 есеге, 2030-жылға шекем 30 есеге арттырыў;

г) илимди раўажландырыўдың заманагөй инфраструктурасын жаратыў бағдарында:

2025-жылға шекем илимий-изертлеў ҳәм қолланбалар тараўындағы технологиялық инновацияларға қәрежетлердиң улыўма көлеминде шөлкемниң өз күши  менен орынланған технологиялық инновацияларға қәрежетлердиң үлесин 3,5 есеге, 2030-жыл­ға шекем болса 9 есеге  арттырыў;

2021-жылы «Яшнобод» инновациялық технопаркттиң резидентлериниң санын 60 қа жеткериў ҳәм усы тийкарда инновациялық өнимлердиң түри ҳәм көлемин арттырыў, сондай-ақ, 720 дан аслам жаңа жумыс орынларын жаратыў;

7 заманагөй лаборатория комплекслерин шөлкемлестириў, оларды GLP  ҳәм GMP  жәҳән стандартларына сәйкес үскенелер менен тәмийинлеў;

д) илимниң раўажланыўына жәрдем беретуғын заманагөй мәлимлеме орталығын қәлип­лестириў бағдарында:

миллий илимий порталды жаратыў;

илимпазлар, шөлкемлер, илимий-техникалық мәлимлеме дәреклериниң рейтинглерин енгизиў.

  1. Илимий шөлкемлердиң басшылары лаўазымына тийкарғы түрде илим системасын бас­қарыў көнликпесине ҳәм экономикалық билимге ийе болған жас қәнигелер тайынланатуғынлығы;

2021-жыл 1-январьдан баслап илимий шөлкемлердиң басшыларын Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Мәмлекетлик басқарыў академиясында оқытыў ҳәм турақлы маманлығын арттырып барыў системасы енгизилетуғыны;

2021-жыл 1-январьдан баслап ҳәр бир илимий шөлкемде оның басқарыў хызметкерлериниң шекленген улыўма саны шеңберинде илим ҳәм илимий  жумыс бойынша  мәсләҳәтши лаўазымы киргизилетуғыны, бул лаўазымға белгили илим ғайраткерлери ҳәм абырайлы илимпазлардан бири тайынланатуғыны және мәсләҳәтши шөлкемниң Илимий кеңесин басқаратуғынлығы;

илимий бағдарларды қәлип­лестириў ҳәм олардың нәтийжели жумыс ислеўин тәмийинлеў және илимий мектеплер, илим ғайраткерлери ҳәм жетекши илимпазлардың тараўдағы жуўапкершилигин арттырыў мақсетинде ҳәр бир илим бағдарлары бойынша илимий жәмийетлер шөлкемлестирилетуғынлығы;

2021-жылда халықаралық еркин эксперт компанияларын тартқан ҳалда Инновациялық раўажланыў ҳәм новаторлық идеяларды қоллап-қуўатлаў қорының қаржылары есабынан барлық мәмлекетлик илимий шөл­кемлердиң илимий-инновациялық жумысы аудиттен өткерилетуғынлығы;

барлық мәмлекетлик басқарыў уйымлары ҳәм хожалық бирлеспелериниң республика дәрежесиндеги басшылары (биринши орынбасарлары) бир ўақыттың өзинде илим ҳәм инновациялық жумысты  раўажландырыўға жуўапкер есапланатуғыны және бул бағдарда системадағы шөлкемлердиң жумысын муўапықластырып баратуғынлығы белгилеп қойылсын.

  1. Аймақларда илимий жумыс пенен шуғылланып киятырған талантлы жасларды қоллап-қуўатлаў, илимге кеңнен тартыў, абырайлы илимий мектеплерди қәлиплестириў, олардың илимий потенциалын арттырыў мақсетинде 2021-жыл 1-январьдан баслап «Академиялық ҳәрекетшеңлик» бағдарламасы енгизилсин.

«Академиялық ҳәрекетшеңлик» бағдарламасы шеңберинде:

илимий жумыс пенен шуғылланып киятырған талантлы жаслардың илимий идеяларын хошаметлеў, олардың сырт ел университетлери ҳәм илимий орайларына қысқа мүддетли стажировкаларын шөлкемлестириў ушын Жаслар академиясының  талантлы жасларды қоллап-қуўатлаў қоры қаржылары есабынан грантлар ажыратылатуғынлығы;

усы жасларға илимий шөлкемлер, жоқары билимлендириў мәкемелери, сондай-ақ, минис­трлик, уйымлар ҳәм шөлкемлер жанындағы илимий структуралардағы заманагөй илимий әсбап-үскенелерден бийпул пайдаланыў ҳуқықы берилетуғынлығы белгиленсин.

Инновациялық раўажланыў министрлиги мәпдар минис­трликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте 2020-жыл 1-декабрьге шекем «Академиялық ҳәрекетшеңлик» бағдарламасын әмелге асырыў бойынша Ҳүкимет қарарының жойбарын  белгиленген тәртипте Министрлер Кабинетине киргизсин.

  1. Төмендегилер:

Илимди 2030-жылға шекем раўажландырыў концепциясын 2020-2022-жылларда әмелге асырыў бойынша «Жол картасы» (кейинги орынларда — «Жол картасы») 2-қосымшаға муўапық;

Илим тараўы ҳәм илимий-изертлеў жумысларын 2021-2023-жылларда қаржыландырыў көлемин кеңейтиў ҳәм қаржыландырыў дәреклерин диверсификациялаўдың мақсетли параметрлери  (кейинги орынларда — Мақсетли параметрлер) 3-қосымшаға муўапық;

Илим тараўы ҳәм илимий-изертлеў жумысларын 2021-2023-жылларда қаржыландырыў көлемин кеңейтиў ҳәм қаржыландырыў дәреклерин диверсификациялаўдың мақсетли параметрлерине ерисиў бойынша комплексли илажлар режеси (кейинги орынларда — Илажлар режеси) 4-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

  1. 2021-жыл 1-январьдан баслап Илимий дәрежели кадрлар таярлаўды муўапықластырыўдың бирден-бир электрон системасы енгизилсин.

илимий дәрежели кадрларды таярлаўды муўапықластырыўдың бирден-бир электрон системасы арқалы төмендеги жумыслар толық әмелге асыры­ла­ту­ғынлығы:

стажёр — изертлеўши, излениўши, илимий басшы ҳәм консультантларға байланыслы мағлыўматлар банкин қәлиплестириў, стажёр-изертлеўши ҳәм излениўшилердиң жеке тәртиптеги режесиндеги жумыслар орынланыўын көрсететуғынлығы;

илимий дәрежели кадрларды таярлаў институтларының нәтийжелилиги мониторингин алып барыў, тийисли есабатлар ҳәм таллаўлы мағлыўматларды қәлиплестиретуғынлығы;

стажёр-изертлеўшилик, таяныш докторантура, докторантурада оқыў ушын қабыллаў квоталары бойынша буйыртпа хаты қәлиплестиретуғынлығы;

илимий дәрежели кадрларды таярлаў институтларында оқыў ушын талапкерлерди дизимге алатуғынлығы белгиленсин.

Инновациялық раўажланыў министрлиги усы электрон системаның үзликсиз ислеўи, оған техникалық хызмет көрсетиў ҳәм қоллап-қуўатлаў, сондай-ақ, оның функционаллық имка­ниятларын буннан былай да жетилистириў менен байланыслы қәрежетлерди қаржыландырып барсын.

  1. Сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық:

жоқары билимлендириўден кейинги билимлендириўдиң бир басқышлы системасы енгизилген сырт мәмлекетлердиң дизими ҳәр жылы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги ҳәм Билимлендириўдиң сапасын қадағалаў мәмлекетлик инспекциясының қоспа қарары менен тастыйықланатуғын халықаралық рейтинглерде биринши 300 орыннан бирин ийелеген жоқары билимлендириў шөлкемлеринде алынған философия докторы (РhD) ямаса илим докторы (DSc) илимий дәрежеси ҳаққындағы ҳүжжетлери Өзбекстан Республикасында илим докторы (DSc) сыпатында тиккелей тән алынады ҳәм нострификация етиледи (эквивалентлиги көрсетилип өтиледи);

халықаралық рейтинглерде биринши 300 орыннан бирин ийе­леген жоқары билимлендириў шөлкемлеринде алынған профессор, доцент, үлкен илимий хызметкер ҳәм олар­ға теңлестирилген басқа да илимий статуслар ҳаққындағы ҳүжжетлер жоқары билимлендириў мәкемелери ҳәм илимий шөлкемлер кеңеслериниң усынысына тийкарланып Өзбекстан Республикасында қосымша экспертиза өткерместен ҳәм басқа да сынақларсыз тиккелей тән алынады.

  1. Министрлер Кабинети еки ҳәпте мүддетте төмендегилерди нәзерде тутатуғын Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Илимий ҳәм инновациялық жумысты раўажландырыў бойынша мәмлекетлик басқарыў системасын жетилистириў ҳаққында»ғы ҳәм «Илим тараўындағы мәмлекетлик сиясат ҳәм инновациялық раўажланыўдағы мәмлекетлик басқарыўды және де жетилистириўге қаратылған илажлар ҳаққында»ғы қарарлар жойбарын Өзбекстан Республикасы Президенти администрациясына кир­гизсин:

илимий жумысқа байланыслы мәмлекетлик бағдарламаларды қәлиплестириўдиң жаңа тәртибин енгизиў;

Инновациялық раўажланыў ҳәм новаторлық идеяларды қоллап-қуўатлаў қоры, Илимий ҳәм илимий-техникалық жумыстың нәтийжелерин коммерцияластырыў Президент қоры ҳәм Жаслар академиясының талантлы жасларды қоллап-қуўатлаў қоры қаржыларынан нәтийжели пайдаланыў;

Инновациялық раўажланыў министрлигиниң әмелдеги ўазыйпа ҳәм функцияларын қайта көрип шығып, оның жумыс нәтийжелилигин және де арттырыў.

  1. Жәҳән банки тәрепинен илимий қолланбаларды коммерцияластырыў тийкарында республикамызда инновациялық системаны раўажландырыў, инновациялық жумыс тараўындағы индикаторларды жақсылаўға жәрдем бериў мақсетинде 50 миллион АҚШ доллары муғдарындағы жеңиллетилген кредит қаржыларын ажыратыў ҳаққындағы «Өзбекстанның миллий инновациялық системасын модернизациялаў» жойбары (кейинги орынларда — Жойбар) мақулланғанлығы мағлыўмат ушын қабыл етилсин.

Инновациялық раўажланыў министрлиги және Инвести­циялар ҳәм сыртқы саўда минис­трлиги 2021-жыл 1-январьға шекем:

жойбар шеңбериндеги басламаларды (жойбарларды) баҳалаў ҳәм экспертизадан өткериў ушын Халықаралық эксперт кеңесин (International Expert Board)  шөлкемлестириў;

Жәҳән банки талапларына тийкарланып, жойбар шеңбериндеги басламаларды әмелге асырыўға жәрдем бериў, финанс­лық қадағалаў ҳәм есабат системасын жүргизиў мақсетинде жойбарды әмелге асырыў топарын шөлкемлестириў илажларын көрсин;

2021-жылы «Өзбекстанның илимий потенциалын арттырыў» жойбарын әмелге асырыў ушын Жәҳән банкиниң қосымша 50 миллион АҚШ доллары муғдарындағы жеңилликли кредит қаржыларын тартыў бо­йынша усыныс киргизсин.

  1. Қаржы министрлиги, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери, жуўапкер министрликлер, уйымлар ҳәм басқа да шөлкемлер мақсетли параметрлерди әмелге асырыў шеңбериндеги тийисли қәрежетлер ушын Мәмлекетлик бюджет, тийисли жергиликли бюджетлердиң параметрлери ҳәм бюджеттен тысқары қорлар шеңберинде қаржылар ажыратсын.
  2. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 1-майдағы ПҚ-4702-санлы қарары менен тастыйықланған Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласының социаллық-экономикалық раўажланыў дәрежесин баҳалаўдың рейтинг көрсеткишлерине 2021-жыл 1-январьдан баслап тийисли аймақта жергиликли бюджет қаржылары есабынан қаржыландырылған фундаменталь, әмелий ҳәм инновациялық жойбарлардың саны, бир миллион халықтың санына туўра келетуғын илимий изертлеўшилер ҳәм илимпазлардың саны, коммерцияластырыл­ған илимий қолланбалардың саны ҳәм көлеминиң индикаторлары киргизилсин.
  3. Инновациялық раўажланыў министрлиги 2020-жыл 1-декабрьге шекем 2019-жылы илимий жумысқа байланыслы бағдарламалары шеңберинде жуўмақланған илимий жойбарлар нәтийжелилигин пуқта ҳәм ҳәр тәреплеме таллаў тийкарында жаратылған әҳмийетли илимий қолланбаларды коммерцияластырыўды бир неше мәрте көбейтиў бойынша жумысларды шөлкемлестириў бағдарламасын қабыл етсин.
  4. Жуўапкер орынлаўшылар — системасында илимий шөл­кемлер бар болған мәмлекетлик басқарыў уйымлары ҳәм хожалық бирлеспелериF

бир ай мүддетте Иннова­циялық раўажланыў министрлиги менен келисилген ҳалда «Жол картасы»нда белгиленген ўазыйпалар ҳәм илажларды әмелге асырыўдың 2020-2021-жыллар ушын және ҳәр жылдың ақырында — келеси жыл ушын илажлардың режелери ислеп шығылыўын ҳәм тас­тыйықланыўын;

ҳәр шеректе есабат айынан кейинги айдың 5-сәнесине шекем илажлар режелери ҳәм «Жол картасы»ның орынланыўы бойынша мағлыўматлардың ти­йисли түрде Инновациялық раўажланыў министрлигине усынылыўын тәмийинлесин.

Инновациялық раўажланыў министрлиги мәпдар минис­трликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте ҳәр шеректе есабат айынан кейинги айдың 10-сәнесине шекем усы Пәрманның орынланыўы бойынша улыўмаластырылған мағлыўматлар ҳәм анықланған кемшиликлерди сапластырыў бойынша усыныслардың таярланыўын ҳәм Минис­трлер Кабинетине киргизилиўин тәмийинлесин.

  1. Төмендегилер:

Илим ҳәм технологиялар бойынша республикалық кеңес (А.Н.Арипов)ке — усы Пәрманның өз ўақтында, толық ҳәм сапалы орынланыўын тәми­йинлеў, Концепция және «Жол картасы»н әмелге асырыў ҳәм мақсетли көрсеткишлерге ерисиў бойынша жуўапкер министрликлер, уйымлар ҳәм шөлкемлердиң жумысын нәтийжели шөлкем­лестириў және муўапықластырыў, жуўапкер басшылардың орынланған жумыслар ҳаққындағы есабатларын кеңес мәжилислеринде бир жылда кеминде еки мәрте тыңлаў және анықланған кемшиликлерди сапластырыў илажларын көриў;

инновациялық раўажланыў министри (И.Ю.Абдурах­монов)не — Концепцияның мақсетли көрсеткишлерине ерисиўди тәмийинлеў, илимий жумыстың нәтийжелилигин арттырыў ҳәм илимий қолланбаларды коммерцияластырыў тийкарында илимий өнимлердиң көлеми ҳәм инновациялық өнимлердиң түрлерин кеңейтиў жумысын турақлы түрде муўапықластырып барыў;

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлери, жуўапкер министрликлер, уйым­лар ҳәм басқа да шөл­кемлердиң басшыларына — Концепция ҳәм «Жол картасы»нда нәзерде тутылған илажларды өз ўақтында, сапалы ҳәм толық орынлаў, илимий жумыс­қа байланыслы аймақлық бағдарламаларды қәлиплестириў тийкарында тийисли аймақтағы барлық машқалалардың илимий шешимин тәмийинлеўге қаратыл­ған илимий жойбарлардың әмелге асырылыўын тәмийинлеў;

Илимлер академиясының президенти (Б.С.Юлдашев)не — Илимлер академиясы системасындағы илимий шөлкемлердиң илимий-инновациялық жумысын экономика тармақлары ҳәм социаллық тараў зәрүрликлерине толық бейимлестириў, жоқары нәтийжели илимий қолланбалар ҳәм технологиялардың санын ҳәм енгизиў көлемин кеңейтиў бойынша жеке жуўапкершилик жүкленсин.

  1. Илим ҳәм технологиялар бойынша республикалық кеңес еки ҳәпте мүддетте усы Пәрманның мақсет ҳәм ўазыйпаларын илимий жәмийетшилик ҳәм халық арасында кеңнен сәўлелендириў бойынша 2020-жылдың ақырына шекем шығыўлар ҳәм тематикалық телекөрсетиўлер шөлкемлестириў мақсетинде тийисли мәмлекетлик уйымлар ҳәм мәкемелердиң Өзбекстан миллий телерадиокомпаниясы, Өзбекстан миллий мәлимлеме агентлиги ҳәм басқа да ғалаба хабар қуралларына бириктирилиўин тәмийинлесин.
  2. Усы Пәрманның орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи А.А.Абдуваҳитовқа жүкленсин.

 

Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ.

Ташкент қаласы, 2020-жыл 29-октябрь.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF