Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 14:21:18, 20.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

СУД — ӘДИЛЛИК ҚОРҒАНЫНА АЙЛАНЫЎЫ ШӘРТ

Суд уйымларына әдиллик излеп барған адам, әлбетте, мәмлекетимизде әдиллик бар екенлигине исеним менен қайтыўы лазым.

Мәмлекетимиз басшысының бул пикири елимиз пуқараларының әдиллик қорғанына айланған ҳуқық қорғаў уйым­ларына түпкиликли бурылыс жасады.

Верховный суд разъяснил правила компенсации за незаконное уголовное дело —  Российская газета

Жақын ўақыттың өзинде суд системасында әдил судлаўды әмелге асырыў барысында мәмлекетимизде еки пәрман, бир қарар қабыл етилди. Тийкарғы мақсет ­ суд системасында реформаларды қатаң әмелге асырыўға қаратылды. Барлық пуқаралар ушын судлар есиги ашылды. Судлар жумысларының ашық-айдынлығын тәмийинлеў илажлары көрилди, көшпели қабыллаўлар жолға қойылып, суд баслықлары, олардың орынбасарлары қатнасыўында брифинг, баспасөз конференциялары өткерилиўи әмелге асырылды.

Ғалаба хабар қураллары менен бирге ислесиў арқалы судлар искерлиги халықтың кең қатламына жеткерилиўи жолға қойылды.

Усы мақсетте жақында Қарақалпақстан Республикасы Жынаят ислери бо­йынша судының мәжилислер залында быйылғы жылдың 9 айы даўамында республикамыздағы судлардың алып бар­ған жумыслары ҳаққында баспасөз конференциясы болып өтти.

Конференцияда ғалаба хабар қураллары хызметкерлери қатнасында Қарақалпақстан Республикасы Жынаят ислери бойынша суды баслығы Г.Базар­баева, Пуқаралық ислери  бойынша суды баслығы К.Тарийхов, Экономикалық суды баслығы Г.Зарипова, Ҳәкимшилик суды баслығы А.Адиловлар мәлимлеме берди.

ЖЫНАЯТ НЕГЕ АЗАЙМАЙ АТЫР?

Буның тийкарғы себеби, халықтың ҳуқықый мәденияты сайызлығы болса, және бир себеби, тәлим-тәрбиядағы бослық, деп қараўымызға болады. Жақын­ға шекем мектеплердеги тәлим-тәрбия ислерине итибар берилмегенлиги себепли оқытыўшылардың қызығыўшылығы сөнип, шет еллерге жумыс ислеўге кетиў жағдайлары ушырасқаны ашшы ҳақыйқатлық. Дәслеп ата-аналар менен биргеликте мектепте дурыс жолға тәрбиялан­ған инсанлар кейин ала өзлерин алып кете алады.

Қарақалпақстан Республикасы Жынаят ислери бойынша судлары тәрепинен усы жылдың 9 айы даўамында 954 (өткен жылы 912) шахслар қатнасында 735 (өткен жылы 744) жынаят иси көрип тамамланды. Демек, өткен жылдың усы дәўири менен салыстырғанда шахслардың қатнасы бойынша 4,6 процентке көбейген, ал, жынаят ислери 1,2 процентке кемейген. Әсиресе, айырым аймақларда, Нөкис қаласы, Беруний, Кегейли, Қанлыкөл, Қараөзек, Қоңырат, Тахтакөпир, Төрткүл районларында жынаятшылық көбейгени мәлим.

Судланған шахсларды анализлеп қарағанымызда бурын судланған 25,1 процент­ти қураған 147 адам және жынаят көшесине кирген. Демек, булар жазадан жуўмақ шығармастан және жынаятқа қол урған.

Бир қолы менен бесикти, екинши қолы менен әлемди тербеткен аналар тәрепинен 12,5 процент, яғный, 73 ҳаял-қызлар судланған. Бул өткен жыл менен салыстырғанда 28 процентке көбейгени ашынарлы жағдай, әлбетте. Тәлим-тәр­бияда өрнек болатуғын жасы үлкен әўлад ўәкиллери тәрепинен 2,4 процент, яғный, 14 шахс 60 жастан асқан ересек адамлар жынаят ислеген. Жаслар тәрепинен l82 жынаят исленген, олардың басым көпшилигин урлық, бийзарылық, жол ҳәрекети қәўипсизлиги қағыйдаларын бузыў, алдаўшылық, ҳүжжетлер, штамплар, мөрлер, бланкалар таярлаў ҳәм қәлбекилестириў, сатыў жынаятлары қурайды. Деген менен, өткен жылға салыстырғанда 14,5 процентке кемейген.

Ҳаял-қызлар комитети, Жаслар аўқамы, Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары искерлигин муўапықластырыў бойынша Республика Кеңеси менен дүзилген Меморандумларға байланыслы жумыс алып барылмақта. Мәкан пуқаралар жыйынлары тәрепинен 9 кепиллик хаты, Жаслар аўқамы тәрепинен 8, Ҳаял-қызлар комитети тәрепинен 2 кепиллик хатлары тийкарында судлан­ғанларға еркинен айырыў менен байланыслы болмаған жеңилирек жаза шаралары қолланылды.

Судлар тәрепинен жынаятлы ислерди көшпели суд мәжилислеринде жәмийетшилик қатнасында талқылаў арқалы халықтың кең қатламына тәрбиялық тәсир көрсетиў ҳәм жынаяттың алдын алыў мақсетинде 155 жынаят ислери көшпели суд мәжилислеринде көрилди.

ҲӘКИМШИЛИК ЖУЎАПКЕРШИЛИК

Өткен жылдың усы дәўири менен салыстырғанда жәрийма жазасына 1,706 шахс тартылған болып 3 процентке, арнаўлы ҳуқықтан айырыў жазасы менен 96 шахс, яғный, 0,8 процентке кемейген болса, ҳәкимшилик қамақ жазасы 158 шахсқа қолланылып, 3,8 процентке көбейген. Усы жылдың 9 айы даўамында 3,863 отыз жас­қа толмаған шахслар, 2,058 ҳаял-қызлар, 28 жас өспиримлер, 560 шахс 60 жастан асқан пуқаралар ҳәкимшилик жуўапкершиликке тартылған.

Ҳәкимшилик ҳуқықбузарлық жынаятлы истиң басламасы. Сонлықтан ҳәкимшилик жуўапкершиликтен жуўмақ шығарған пуқаралар жынаят көшесине кирмейди.

Мәмлекетимизде жасларға жаратыл­ған имканиятлар жетерли. Соған қарамастан 30 жасқа толмаған жаслар тәрепинен исленген жынаятлардың 29,5 процентти қураўы, миллетимиз келешеги қолында болған ҳаял-қызлар тәрепинен 15,6 процент, сондай-ақ, басқаларға өрнек болатуғын 60 жастан асқан 4,3 процент пуқаралардың ҳәкимшилик жуўапкершиликке тартылыўы ойландырады.

Ҳуқықбузарлықтың алдын алыў ҳәм кең жәмийетшиликтиң ҳуқықый мәдениятын асырыў мақсетинде 30,1 процент ҳәкимшилик ислер көшпели суд мәжилислеринде көрилди. Деген менен, көшпели суд мәжилислерине халықтың кең қатламын тартыў мәселеси немқурайдылыққа салынбақта. Мәкан ҳәм аўыл пуқаралар жыйынлары хызметкерлери белсендилик көрсетпей атыр.

ПУҚАРАЛЫҚ ИСЛЕР

Пуқаралардың ҳуқықлары ҳәм миннетлери тиккелей Конституциямызда беккемленген. Сонлықтан, олардың ҳуқықларын қорғаў, егер пуқаралар өз миннетиндеги жуўапкершиликке немқурайды қарағанда нызамлы жол менен шара қолланыў белгиленген.

Пуқаралық ислер бойынша келип түскен даўалардың көпшилиги шаңарақ қатнасықлары менен байланыслы ислер 1813 ис ­ 32,9 процентти қураған. Ал, питимлер менен байланыслы даўалар 1268 болып, 23 процент. Меншик ҳуқықы менен байланыслы 1146, айрықша тәртипте көрилетуғын 521, мийнет қатнасықлары менен байланыслы 279 пуқаралық ислер көрилип, жуўмақ шығарылған. Улыўма пуқаралық судларда 5.498 даўа арзалар көрип шығылған. Усы даўалардың 34,l проценти, яғный, 1.874 даўа арзалар көшпели суд мәжилислеринде көрилген.

ЖУЎМАҚ

Деген менен мәмлекетимиз басшысы тәрепинен суд уйымлары алдына қойыл­ған талаплар толық түрде өз шешимин тапты, деўге болмайды. Судтың ашық-айдынлығын тәмийинлеў ­ дәўир талабы мәселеси болып турғанлығы бәршеге мәлим. Суд уйымы қаншелли ашық-айдын болса, әдил судлаўды әмелге асырыўда соншелли искерлик болады. Судлар жәмийетшилик арасында көбирек болса пуқаралардың ҳуқықый мәдениятын асырыўға, солай етип жынаятшылықтың азайыўына себепши болады. Бунда көшпели суд мәжилислериниң тәрбиялық әҳмийети айрықша екенлиги де белгили.

Сонлықтан, Президентимиз тәрепинен билдирилген көрсетпелерге әмел етип жуўапкершиликти сезинген ҳалда халық ишине кирип, олардың машқалаларын тыңлап, халық пенен көбирек ушырасып, олардың дәрти менен жасаў судлар ушын баслы ўазыйпа болыўы лазым.

 Б.КАРАМАТДИНОВА.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF