Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 14:01:10, 29.03.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ТАМШЫ СУЎДЫҢ ҚӘДИР-ҚЫМБАТЫ...

Республикамызда бириншилер қатары пахташылықта тамшылатып суўғарыўды әмелге асырыўдың абзаллықларын Қанлыкөл районындағы «Сардар-сары алтын» фермер хожалығы мысалынан көрсек, быйылғы жылда дийдилегенинен де зыят мол табыслар менен жуўмақлаўға ерис­ти.

Көрип турғаныңыздай, аппақ шағаладай ашылған хожалықтың пахтазарлықлары жыйын-терим мапазы басланған күнлери емес, 90 гектар жерге шигит егип, ҳәр гектардан 21 центнерден 195 тонналық өним жетистириў жобасын 224 тоннаға зыятына орынлап, қосымша 50 тонна ҳасыл топлаў ушын терим пәтин босастырмаған,  21-октябрь күни сүўретке алынды.

Ең бир қуўанышлы жери, жүги аўыр кәрўандағы тәрезиде тас басқан «ақ алтын»ы райондағы 150 фермер хожалығы жетистиретуғын пахтаның 5 процентин тутар екен. Жыйын-терим алдынғыларын дала шертегинде өткерилген илажда район ҳәкиминиң орынбасары Н.Абдуллаев, Қарақалпақстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлигиниң пахташылық бөлими баслығы, районға бекитилген ўәкил Қ.Атажанов ҳәм «Қосжап» АПЖ баслығы Ж.Жақсымуратов ҳәм басқалар қутлықлап, алдынғы теримшилер, механизаторларға қымбат баҳалы саўғалар тапсырылды.

Хожалыққа озық ойлы, жаңалыққа жаны қумар Шүкирилла Садуллаев негиз салғаны менен баласы Даниялдың атында екен.  «Сары алтын» аўыл хожалығы колледжин питкерген Шүкирилла өз қәнигелиги бойынша, соңын ала қурылыста бахтын сынап, ҳәзирги күнде Түйемойын ишимлик суў тармақлары басқармасының аймақлық аға операторы болып  ислейди. Шарўашылыққа қызыққан, жерлерди лазер технологиясы менен сүрип-тегислеўдиң басы-қасында жүрип, халықаралық шөлкем ПРООНның аймақтағы координаторы сыпатында ис-тәжирийбелерин арттырады. Өндиристен қол үзбей Самарқанд аўыл хожалығы ҳәм шарўашылық институтының инженер-механиклер таярлайтуғын факультетин питкерип шыққан.

СҮЎРЕТТЕ: Хожалықтың ис жүргизиўшиси Ш.Садуллаев.

Аўыл хожалығына кеңнен енгизилип атырған тамшылатып суўғарыўда   өз тәжирийбелерин пүткил дүнья еллерине ен жайдырып киятырған Израиль технологиясын жетик үйрениў ушын бул мәмлекетте 17 күн болып қайтады. Гидропоникада (ыссыхана) жетис­тирилген овощ-палыз өнимлери  төрт сааттан соң Батыс Европа еллерине жеткерилип берилетуғын ис усыллары мақул түседи.

Баласы Даниял менен келини Гүлбәҳәрлер өзлери ислейтуғын, банкротлық дәрежеге түсип қалған «Санеми» фермер хожалығын өз аты, жуўапкершилигине алып, 2017-жылы «Сардар-сары алтын» фермер хожалығын ашады. Фермер хожалықлары ирилендирилгенде  қоңсылас еки фермерди қосып алғанның есабынан улыўма жер майданы 305, 249 гектарлық егислик жерге ийе, үлкен хожалыққа айланады.

Ким көрингенниң дийқан-фермер бола алмағанындай, жерге айрықша меҳир, ықлас қойып, алдынғылар менен ийин тиресип жүриў ушын  ис тәжирийбелерин оқып-үйрениў талап етиледи.  Хожалыққа тийисли егислик жерлер соңғы жыллары қараўсыз қалғаны менен бурын инженерлик системада ашылғаны, жап-салма, коллекторлары саз, суўға қанық, минерал төгинлер араласпалары менен жетерли дәрежеде азықландырыл­ғаны ушын мийнетлери зая кетпесине исенеди.

­ Балалықта, сыйқырлы халық ертеклеринде оқығанымыздай, пүткил әлем тырнағы ушында көринген тилсимли дүнья, бүгинги күнде ҳақыйқатлыққа айланып, илим-техниканың өсиўшилиги, интернет тармақлары қызықтырған тараўларыңдағы жаңалықларды алдыңа жайып таслайды. Сана-сезимлеримизге көптен уялаған ески түсиник, ис усылларынан ўаз кешип, меншиктиң көплеген түрлерине өтип жаңаша ислеў, жаңаша пикирлеўлерге имканиятлар туўылмақта.

Бүгинги заманагөй дийқан-фермерлер қол мийнетлерине аз үлес қалдырып, бар аўырманлықларды техникаға жеңдириўдиң жолларын қарастырады. Усындай көзқарастан, биринши гезекте бар күш ҳәм мүмкиншиликлеримизди киши машина-трактор паркин зәрүрли механизм, әсбап-үскенелер менен толықтырдық. 2018-жылы банклерден алған 2 миллиардлық кредитимизге жоқары өнимдарлықта ислейтуғын шет еллердиң алты механизми алынды. Солардан «Ньюхолланд» тракторы, «Досан» экскаваторы өз талабымызды қанаатландырып қой­мас­тан, қоңсылас хожалық­ларға төлемли хызмет түрлерин көрсетиў арқалы қарыздарлығымызды кемитпекте. Баҳасы 59 миллион сумлық түрк культиваторы бир ўақытта ғаўашаның қатар арасын қатыўаштан жумсартып, минерал төгинлер менен азықландырады.

Көп жыллардан берли жийи-жийи қайталанатуғын суўдың там-тарыслығы аўыл хожалығына орны толмас зыян келтирип, истен қолымызды суўытар еди. Президентимиз Ш.Мирзиёевтиң пахташылықта тамшылатып суўғарыўды жолға қойыўда сырт ел технологияларынан кеңнен пайдаланыў ҳаққындағы 318-санлы қарарын аса қызығыўшылық пенен қайта-қайта оқып шықтым. 2019-жылы республикамызға келген Түркия мәмлекетиниң елшиси фермер ҳәм исбилерменлер менен ушырасқанда өзимди қызықтырған ғаўашаны тамшылатып суў­ғарыў бойынша усыныс ҳәм ой-пикирлеримди билдирдим. Айтылған сөзлердиң айтылған жерде қалмасы ушын район ҳәкимияты, республика басшыларының қоллап-қуўатлаўы менен хожалығымызға жиберилген түркиялы қәнигелер менен тил табысып,  иркинишсиз жумыс баслап жибердик.

Банктен жылына 26 процент өсимли, 600 миллион сумлық кредитти жүрексинип алғанымызда аўылласларымыз «Шүкирилланың басы кредиттен шықпайтуғын болды, фермерлигин таслап қашпаса болар еди» деп исенимсизлик билдирсе де, өзлеримиз таңлаған дурыс жолымыздан қайтпадық. Мен, усы жерде фермерлерди болсын деп, жай-жағда­йын жақсы түсинетуғын Президентимизге шын кеўлимнен рахметимди айтқым келеди.

Сырт ел технологиясын өндириске енгизгенимиз ушын берилетуғын жеңиллик-субсидиялар иске қосылды. Шигит еккен ҳәр гектар жер ушын мәмлекетимиз 8 миллион сумнан қаржы ажыратты, банктен алған өсимли кредитимиз 10 процентке шегирилди. Бир жылға жер салығынан азат етти. Өндирген өнимимизге 15 процентлик қосымша қун салығы салынбайтуғын болды. Пахтамыз ең жоқары сортқа қабылланғаны ушын 15 процентлик үстеме қосқанның есабынан жәми 345 миллион сумлық қарызымызды жаўып берди. Биринши гезекте қарыздарлықтан қутылыў ушын есап бетимиздеги 50 миллион сумды банкке төлеп,  190 миллион сумға азайттық. Алдын ала есаплаўлар соны көрсетеди,  мәмлекетке сататуғын быйылғы пахтамыздан 1 миллиард 300 миллион сумлық табыс табатуғын болсақ, соның 800 миллион сумы сап пайдамызға жатады. Мәмлекетлик  буйыртпаға кирмеген 40 гектар жердеги салымыздан 60 тонна қырмызы дән жетистиргеннен есап бетимизге 180 миллион сум түсетуғын болса және де азаяды.

Шәртнама шәртлерине муўапық, түркиялы ин­вес­торларымыз тамшылатып суўғарыўға керекли болған барлық масламаларды өз ўақтында қурып монтажлады. Суўды төбесинен емес, тамыры арқалы тамшылатып бергенимиз утымлы болды.

Жумыстың өзлеримизге тийисли бөлегин қалыўсыз орынлағаннан иркинишлерге жол қоймадық.  Тамшылатып суўғарыў ушын ажыратылған 30 гектар жерге жақын орталықтан суў сақлағыш ­ ҳәўиз қазып, ултаны менен қапталлары бетонланды. 1 километр 800 метр қашықлықтан электр линиясын тартып әкелиў ушын темир-бетон бағаналары, ҳәр қыйлы маркадағы кабельлер, трансформатор, есаплағыш ҳәм бөлистиргишлер ушын және 300 миллион сум жумсаўымызға туўра келди. Жақын аралықтағы «Сүўенли» каналынан электр насослары арқалы ҳәўизди суўға толтырғаннан соң  компьютерлескен орайлық басқарыў пультинде отырған Рустем Қудияров шлангалар ар­қалы ағызып, бир күнде 30 гектар жерди тамшылатып суўғарыўға үлгерди. Бурынғы жап-салмалардың қулақ-аўызларынан ашылатуғын суў 70 процентке үнемленип, әспек болған быйылғы жылда мол өним жетистиргенимиз өзлеримиз ушын абырай, басқалар ушын өрнек болды.

Дәслепки тәжирийбе, есап-китапларымыз соны көрсетеди,  тамшылатып суўғарыўға 30 гектар жер азлық етер екен. Келеси жылы өз есабымыздан және 30 гектар қосыў ушын банктен 6 процентли 400 миллион сумлық кредит алмақшымыз.

Алдағы жылларда түрк инвесторлары менен бирге ислесиўди кеңейтип, «Қосжап» аўыл пуқаралар жыйыны аймағынан 7 гектарлық гидропоника ыссыханасын қурыўды режелестирип қойдық. Дәслепки 4 гектары иске түскенниң өзинде аўылымыздан 50 адам жумыслы болады.

Сондай-ақ, бийдай өндирип, жуғымлы жем таярлайтуғын цех, салы ҳәм ун қаразларын қурыў ис-жобамызға кирген. Жерлеримизди лазер технологиясында сүрип-тегислеў, ғаўаша майданларын тамшылатып суўғарыўдың басқарыў пультинде ислеў, компьютерлер, шет ел технологияларын техникалық жақтан күтип услап, оңлаў жумысларын хожалық ағзалары тез күн ишинде меңгерип алды.     

Талабымыздың оралып, ислеримиздиң жүрисиўине мудамы қайыр-сақаўатлы, саўап ислерден өзлеримизди шетке алмағанымыз қут-берекет дарытпақта. Быйылғы дийқаншылығымыздан Ташкент қаласындағы 23-санлы Хлебушкина атындағы ҳәм Хожелидеги Меҳрибанлық үйлерине ҳәр жылдағыдай 4 тоннадан гүриш жеткерип бериў ушын таярлық көрилмекте. Ҳә­зир­ги пандемия жағда­йында аўыл пуқаралар жыйыны ҳәм район аймағынан көплеген кем тәмийинленген шаңарақларды өз қәўендерлигимизге алып, жәрдем қолларымызды созамыз...  

Айтар аўызға жеңил бол­ған жумыслар көлемин табыслы әмелге асырыўда ўақыт пенен санаспай мийнет ететуғын балам Даниял менен ақылласып, бир-биримизди түсинискен ҳалда аўызбиршиликли жумыс ислеймиз. Ол республикалық «Ташаббус» таңлаўына қатнасып, «Ең белсенди жас фермер» номинациясы бойынша бириншиликти жеңип алды. Жаңа үлгидеги турақ жай берилип, дәслепки төлемлерин төлеп берди.

Байлықтың көзи ­ жерде. Жерлеримиздиң қунарлылығын арттырыў ушын қыста қарап жатпас­тан, балл бонитети төмен майданларымыз ушын намбар таярлаўға кирисилди. «Пахта-жоңышқа» алмаслап егиўи жолға қо­йылған...

Ҳәзирги экологиялық қыйын шараятта ҳәр тамшы суўдың қәдир-қымбатына жетип, қәлейик-қәлемейик, тамшылатып суў­ғарыўдай ийгиликли ис, жаңалықтың жол баслаўшысы болған Шүкирилла Садуллаевтан өрнек алып, қатарына қосылсақ, утысымыз көп болар еди...

 

Ө.ӨТЕЎЛИЕВ,

өз хабаршымыз.

Қанлыкөл районы.

СҮЎРЕТЛЕРДЕ: Атызларда жәўлан ур­ған шәппик қоллы теримшилерден (солдан оңға қарай) Д.Сейданова, Н.Ҳасаматдинова,  Н.Аманбаева, ис жүргизиўши Ш.Садуллаев, Ж.Борановалар ҳәм мийнет алдынғыларын сыйлықлаў пайыты.

Автордың түсирген сүўретлери.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF