Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 06:59:50, 25.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

СЕНАТОР МЕНЕН УШЫРАСЫЎДА МЕКТЕП МАШҚАЛАСЫ КӨТЕРИЛДИ

Өзбекстан жаслар ислери агентлиги  Қарақалпақстан Республикасы басқармасының баслығы, сенатор Абатбай Данияров Тахтакөпир районындағы 7-санлы улыўма билим бериў мектеби жәмәәти ҳәм ата-аналар менен ушырасты.

Ушырасыўда Президентимиздиң басшылығында билимлендириў тараўын буннан былай да раўажландырыў, педагог-қәнигелер менен қәбилетли оқыўшыларды қоллап-қуўатлаў, олардың ҳәр тәреплеме терең билим алыўы ушын жаратылған шараятларға тоқтап өтти.  Соның менен бирге, тараўды буннан былай да жетилистириў, илим-билимлендириўди раўажландырыў бойынша қабыл етилиўи күтилип атырған пәрманның, елимизде әмелге асырылып атырған жаслар сиясатының мазмун-мәниси бойынша кең түрде түсиник берди.

Билимлендириўге қаратылып атырған кең имканият­ларға қарамастан орынларда имканиятлардан нәтийжели пайдаланылмай атыр. Атап айт­қанда, усы мектепти бы­йылғы оқыў жылында 31 оқыўшы питкерген болса, соннан тек 3 оқыўшы жоқары оқыў орнына кирген. Бунда мектеп жәмәәтиниң емес, ата-аналардың да айыбы бар десек, асыра айтқан болмаймыз. Сонлықтан да буннан тийисли жуўмақ шығарыўымыз, оқыўшылардың минез-қул­қын, билим алыўға деген умтылысын, келешекке деген көзқарасын түпкиликли өзгертиў бүгинги күнниң әҳмийетли ўазыйпасы болып табылады. Себеби, жаслардың тәр­биясы ҳәм олардың келешеги ушын бәрше бирдей жуўапкер екенлигин умытпаўымыз ти­йис.

— Ушырасыўда оқыўшылардың билимли, жетик инсан болып ержетиўи ушын мектеп жәмәәти, ата-аналар ҳәм жәмийетлик шөлкемлер тығыз бирге ислескенде ғана унамлы нәтийже болатуғынлығы турмыслық мысаллар менен атап өтилди,-дейди илаж қатнасыўшысы Юлдузхан Спандиярова. — Ең баслысы, айырым ата-аналар өз перзентлериниң келешеги ушын жуўапкер екенлигин және бир мәрте сезинди.

Ушырасыў қатнасыўшылары өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Қарақалпақстан

хабар агентлиги.

 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF