Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 09:27:41, 25.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ТАЯРЛЫҚ  ТАБЫС  КЕЛТИРЕДИ

— Апа, мәмлекетке пахта тапсырыўдың жобасын бириншилер қатары орынладым. Келинлериңе, аўыллас ҳаял-қызларға рахмет, ҳәр бири алды 100, кейни 75-80 килограммнан пахта терди, - деп үйине қуўаныштан жүреги шәўкилдеп келген «Нур­ҳасылдәўран» фермер хожалығының баслығы Қоңыратбай Бердиевтиң тоқсанға шамаласып жүрген анасы Қурбангүл ғурыжланып, «Тәңир жарылқасын, 70-80, 100 килограмы нес, ўақтында қырманға фартугимнен ҳәр күни 300 килограмм пахта, 2 тонна ғорек төгип, «стахановшы» атандым.

Әкең Ҳикмет бригадир, сизлердиң болса пахтаның нанынан тислериңиз шықты. Оқып, үйлениў тойларыңызды бергенлеримиз ядыңызда ма?»-дегенине Қоңыратбай мыйығынан күлип, басын  ийзеп мақуллады.

1990-жыллары МУдың аўыл хожалығын механизацияластырыў факультетин питкерип, инженер-механиклик дипломын алған Қоңыратбай түрли кәсиплерде ислесе де, бул тараўдан узақлап кетпеди. Әкеси уйытқы болған «Сәрсен шериўши» фермер хожалығы пахта, бийдай, басқа да егинниң түрлеринен мол табыс табатуғын еди. Өзлериндеги бар механизмлер менен лизингке алған трактор, басқа да қурал-сайманларын техникалық жақтан күтип услап, орайлық МТПның жәрдемисиз-ақ  жумыслар көлемин орынлап, қайтама қоңсы хожалықларға төлемли хызмет түрлерин көрсетиўге өткен.

— «Дийқандики жылда әрман» деп тегинге айтылмаған, - дейди Қоңы­ратбай атыз басындағы сәўбетимизде ҳәр аўыз сөзине мәни берип, салмақлады.

— Мәселен, быйылғы жылы 52 гектар жерге шигит егип, 22 центнерден 86 тонна жетистириўди жобаластырған едик. Ерте бәҳәрде барлық майданлардан бир тегис нәл алынғаны менен жылдағы 3-4тен қанып суў ишетуғын егислик жерлеримиз бир мәрте, оннан да шалама-шәкки суў  ишип қалды. Соның ушын, бар күш-жигеримизди агротехникалық тәрбияға қаратып, жапырағы, қатар араларын минерал төгинлер араласпасы менен бирнеше мәрте азықландырыў арқалы шөллетпеў ушын атызлардан шықпаўы­мызға туўра келди.

Жердиң тилин билетуғын, жумыстың бар аўырманлығын механизмлерине жеңдирген механизаторлардан туўысқанларымыз Ә.Бердиев, Б.Бер­диев, Ә.Қайыповлар жерлерди егиске таярлаўдан баслап оқтай дүзиў қатар шығарып шигит егиў, қатар араларына агротехникалық тәрбия бериў, шүдигарға қойыў, ҳасылды қабыллаў пунктлерине тасып жеткериўде көзге түспекте.

Ғаўаша тәрбиясы менен жыйын-терим мапазларында еки жылдан берли сырттан көмекши алмай, тийкарынан өз күшимиз бенен, аўыл халқының жәрдемине бола қысқа ўақытта сепситпей жыйнап алыўға еристик. Шәппик қоллы теримшилеримизден М.Насырова, П.Сейтекеева, С.Әбдихалықовалардың терген пахтасы мәўсим басынан 4-5 тоннадан асып кетти. Атыз басларында қолайлы турмыс шараятлары жаратылып, мийнет ҳақыларының өз ўақтында берилиўи ис өнимдарлығын арттырмақта.

Бүгинги күнде 12 гектарлық гүзлик бийдайдың егисин кеш суўғарып ексек те, атыз толтырғандай нәл алынды. Таярлық табыс келтиреди. Келеси жылдың мол зүрәәтине пуқта таярлықты бүгинги күннен баслап, жап-салмаларымыз қазылмақта. Өними жыйнап алынған атызларымыздың ғозапаяларын избе-из орып алыўға киристик.

Суў нәўпир болса, аймағымыздағы тәбийғый көлде ғаз-үйрек сақлаў ис жобамызға киргизилген. Ун қаразымыз аўылласларымыздың хызметинде. Быйылғы жылдың табысынан шарўашылықты жол­ға қоямыз, - дейди хожалық баслығы Қ.Бер­диев.

 

Ө.ӨТЕЎЛИЕВ,

өз хабаршымыз.

Шоманай районы.

 

 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF