Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 12:39:53, 28.03.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

РУЎХЫЙ-АҒАРТЫЎШЫЛЫҚ ИЛАЖЛАРЫНЫҢ НӘТИЙЖЕЛИЛИГИ АРТАДЫ

Усы жыл 16-октябрь күни республика Руўхыйлық ҳәм ағартыў орайы Қарақалпақстан бөлиминиң быйылғы жылдың өткен 9 айында ислеген жумысларының жуўмағына бағышланған мәжилис болып өтти.

Илажда республика Руўхыйлық ҳәм ағартыў орайы Қарақалпақстан бөлиминиң баслығы Қ.Юсупов, Қарақалпақстан Республикасы Минис­трлер Кеңеси Баслығының руўхый-ағартыўшылық жумыслардың нәтийжелилигин арттырыў, мәмлекетлик тил ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерине әмел етилиўин тәмийинлеў мәселелери бойынша мәсләҳәтшиси П.Дабылов ҳәм басқа да шығып сөйлеўшилердиң атап өткениндей, өткен 9 ай даўамында карантин қағыйдалары қатаң сақланған ҳалда пандемия себепли ZOOM бағдарламасы арқалы онлайн тәризде бир қатар видеоконференция ҳәм әнжуманлар, Өзбекстан Республикасы ғәрезсизлигиниң 29 жыллығы мүнәсибети менен «Сен-қүдирет дәреги, бахыт мәканы, жанажан Өзбекстаным!» сүрени астында руўхый-ағартыўшылық илажлар өткерилди.

Атап айтқанда, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде 2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер страте­гиясын «Илим, мәрипат ҳәм санлы экономиканы раўажландырыў жылы»нда  әмелге асырыўға байланыслы  Мәмлекетлик бағдарламаның 260-бәнтиндеги Аралбойы аймағында жасаўшы миллет  ҳәм халықлардың руўхый-ағартыўшылық байланысларын раўажландырыў,  жаслар арасында миллий үрп-әдет, тарийхый ҳәм мәдений мийрасты сақлаўды үгит-нәсиятлаў мақсетинде өткерилген «Мәнаўият инсанның улғайыў ҳәм күш-қүдирет дәрегидур» темасында руўхый-ағартыўшылық видеоконференция,  Нөкис қаласы ҳәкимлигинде Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2019-жыл 31-декабрьдеги «Үзликсиз руўхый тәрбия концепциясын тасты­йықлаў ҳәм оны әмелге асырыў илажлары ҳаққында»ғы қарарының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде  «Бахытлы болыўдың он шәрти», «Интернет ҳәм социаллық тармақларда хабар тарқатыў ҳәм пайдаланыў мәденияты» темасында болып өткен  онлайн әнжуман ҳәм оқыў семинары буның айқын мысалы болып табылады.

Буннан тысқары,  Нөкис қаласы ҳәм барлық районларда 1-октябрь «Муғаллимлер ҳәм устазлар күни» алдынан «Устазыңнан хабар ал» челленжи астында дөгерек сәўбети өткерилип, социаллық тармақларда  «Қайырлы ислерди өзине тән челленжге айландырайық!» «Устазыма тәжим етемен!» темаларында оқыўшылардың видеороликлери кеңнен сәўлелендирилип барылды.  Бүгинги күни Өзбекстан Республикасының «Мәмлекетлик тил ҳаққында»ғы Нызамы қабыл етилгениниң 31 жыллығына бағышланған түрли илажлар өткерилмекте.

Мәжилисте бөлимниң бас қәнигеси П.Жумамуратовтың Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 31-декабрьдеги «Руўхый-ағартыўшылық жумысларының нәтийжелилигин арттырыў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы ҳәм Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 1999-жыл 12-январьдағы «Атқарыў тәртибин беккемлеў илажлары ҳаққында»ғы қарарларының Нөкис қаласы, Шоманай ҳәм Нөкис районларында орынланыўын тәми­йинлеў бойынша мәлимлемеси тыңланды. Үйрениўлер барысында Нөкис қаласы ҳәм атап өтилген районларда қарарлардың орынланыўын тәмийинлеў бағдарында әмелге асырылған жумыслар менен бир қатарда айырым кемшиликлердиң орын алып атыр­ғаны мәлим болды.  Атап айтқанда, Нөкис қаласындағы 135 кәрхана, мәкеме, шөлкем, коммерциялық банк ҳәм мәкан пуқаралар жыйыны көзден өткерилгенде,  олардан жигирма тоғызында руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық мүйеши, тоқсан бесинде  руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық бөлмеси жоқ екенлиги анықланды.  Бундай кемшиликлер Шоманай ҳәм Нөкис районларында да ушырасты. Атап өтилген кемшиликлерди сапластырыў бойынша тийисли усыныслар билдирилди.

Илажда сондай-ақ «Мәмлекетлик тил ҳаққында»ғы Нызамның орынланыўы, «Маърифат»  жәмийетиниң  қалалық ҳәм районлық бөлимлери тәрепинен елимизде әмелге асырылып атырған реформаларды үгит-нәсиятлаў жумысларының барысы, «Маънавият тарғиботчиси» билимлендириў мәкемесиниң жумыслары додаланды.

Мәжилисте республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыў орайы Қарақалпақстан бөлими, оның қалалық ҳәм районлық бөлимлери тәрепинен руўхый-ағартыўшылық жумыслардың нәтийжелилигин арттырыў, тараўды буннан былай да раўажландырыў, есабат дәўиринде жол қойылған кемшиликлерди сапластырыў бо­йынша пикир-усыныслар билдирилип, анық ўазыйпалар белгиленди.

 

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF