Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 04:22:05, 20.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

НЕКЕ  ШӘРТНАМАСЫ КЕЛИСПЕЎШИЛИКЛЕРДИҢ АЛДЫН АЛАДЫ

Инсан дүньяға келер екен, өмири даўамында оқып, билим алыўға, шаңарақ қурыўға, перзент дүньяға келтирип, оны тәрбиялап камал­ға жеткериўге тырысады. Булардың бәри шаңарақ, деп аталған муқаддес дәргайда қәлиплеседи.

Шаңарақ ерли-зайыплының турмыс қурып неке дүзиўи менен жүзеге келеди. Неке түсинигиниң өзи араб тилинен алынып, ер ҳәм ҳаялдың өз разылығы тийкарында дүзилген аўқамы. Некеден өтиў тәртиби, шәртлери Шаңарақ Кодексинде анық көрсетип өтилген. Жаслардың бул көрсетилген талап ҳәм нормалардан, улыўма некеден өтиў бойынша жетерли түсиниклери бар. Ал, неке шәртнамасы бойынша пуқараларымыз түсиникке ийе ме?

Некелениўши шахслардың яки ерли-зайыплылардың некеде болған дәўириндеги олардың мүлклик ҳуқық ҳәм жуўапкершиликлерин белгилеўши келисими ­ неке шәртнамасы, деп айтылады.

Айырым пуқаралар неке шәртнамасы тек некеден ажырасқан ўақытта керек болатуғын ҳүжжет деп биледи. Негизинде, неке шәртнамасы бул бириншиден ­ келисиў. Екиншиден ­ неке шәртнамасы субъектлери ­ некелениўши яки неке дүзип болған шахслар, яғный, ерли-зайып. Үшиншиден, неке шәртнамасы ерли-зайыплының мүлклик ҳуқықлары ҳәм миннетлерин белгилеўши ҳүжжет болып есапланады.

Неке шәртнамасының абзаллығы сонда, оның жәрдеминде тәреплер имканият дәрежелеринен өз-ара хабардар болады. Қалаберсе, бир-бириниң алдағы ўақытта ерли-зайып арасында жүзеге келиўи мүмкин болған келиспеўшиликлер, тийкарынан мүлк даўлары келип шыққан жағдайда, тез ҳәм әдалатлы шешим табыўында неке шәртнамасы айрықша әҳмийетке ийе.

Неке шәртнамасы жазба түрде ерли-за­йыплы турмыс қурмастан алдын ямаса неке дәўиринде де дүзилиўи мүмкин. Бирақ, тилекке қарсы, неке шәртнамасы неке дүзиўшилер арасында кең түс алмаған. Буның себеби халқымыз арасында бундай шәртнаманың дүзилиўи менталитетимизге туўры келмейди, деген түсиниклердиң болыўы.

Неке шәртнамасы түсинигин халқымыз арасында кең түрде жеткерип бере алсақ, некеден ажырасқан жағдайларда, қалаберсе, турмыс қурып жасаў дәўири даўамында жүзеге келетуғын келиспеўшиликлердиң алдын алған боламыз.

Г.НУРЫМОВА,

Тақыятас районы ПҲАЖ бөлиминиң 1-дәрежели инспекторы

ўазыйпасын ўақытша атқарыўшы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF