Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 13:18:26, 18.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ХОЖЕЛИДЕ КЕҢ КӨЛЕМЛИ АБАДАНЛАСТЫРЫЎ ЖУМЫСЛАРЫ БАСЛАНДЫ

Президентимиздиң тапсырмасына муўапық Хожели районын социаллық-экономикалық раўажландырыў ҳәм инвестициялық потенциалын арттырыў мәселелерине Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик салық комитети баслығы жуўапкер етип бириктирилип, Хожелиде МСК баслығының арнаўлы штабы дүзилгенлиги ҳаққында хабар берген едик. 

Арнаўлы штаб тәрепинен ра­йонды экономикалық раўажландырыў, жаңа өндирислик кәрханаларды шөлкемлестириў ҳәм социаллық объектлерди қурыў бо­йынша жойбарларды әмелге асырыў режелестирилген.

Ҳәзирги ўақытта бул штаб тәрепинен орынларда пуқаралардың машқалалары үйренилип, оларға тез шешим табыў илажлары көрилмекте.

Атап айтқанда, пуқаралардың пикир-усынысларынан келип шығып, «Қумжыққын» аўыл пуқаралар жыйынының «Нурымбет» аўылындағы жарамсыз жағдайға келип қалған электр трансформаторы жаңасына алмастырылып, аўылдағы электр тәмийнаты үзилиске ушырамайтуғын болды.

Буннан басқа, «Күн нуры» мәкан пуқаралар жыйынындағы жаңадан қурылған турақ жайлар ушын да жаңа трансформатор ҳәм электр сым ағашлары орнатылып, барлық шаңарақлар электр тәмийнатына жалғанды.  Ал, «Қолап» аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы орта басымлы газ трубасындағы насазлықлар саплас­тырылып, қайта оңланыўы нәтийжесинде бул аймақтағы шаңарақларда газ жана баслады.

Сондай-ақ, Хожели районы орайында да кең көлемли абаданластырыў жумыслары басланып кетти. Орайлық көшелер тазаланып, ишки жолларда оңлаў жумыслары алып барылмақта.

Бул бағдардағы жумыслар нәтийжели даўам етпекте.

Қарақалпақстан

хабар агентлиги.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF