Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 04:50:56, 25.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ҚАРАКӨЛШИЛИК КЛАСТЕРИ ШӨЛКЕМЛЕСТИРИЛМЕКТЕ

Төрткүл районында қаракөлшилик кластерин шөлкемлестирип атырған интакерлер  менен ушырасыў өткерилди. 

Ушырасыўға Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары С.Хожаметов, Өзбекстан Республикасы Пиллешилик ҳәм қаракөлшиликти раўажландырыў комитети  баслығының биринши орынбасары  Б.Юсупов, район ҳәкими Р.Шамуратов ҳәм басқа да исбилермен шарўалар  қатнасты.

Ушырасыўда  бүгинги күнде қаракөлшилик тараўында қабыл етилип атырған Президент қарарлары, әмелге асырылып атырған реформалардың мазмун-мәниси кең түрде түсиндирилди.

Районда шөлкемлестирилген «To’rtko’l qarako’l klaster»  жуўап­екершилиги шекленген жәмийетинде 30 адам жумыс ислейди. Олар ушын барлық қолайлықлар жаратылған. Район ҳәкиминиң қарары тийкарында бул қаракөлшилик кластерине  496  мың  гектар жайлаў жерлери ажыратылды.

Ушырасыў қатнасыўшылары кластердиң жумысы менен жақыннан танысты. Бул жерде жүннен таярланатуғын аяқ кийимлер ислеп шығарыў жолға қойылған болып, қайта исленген өнимлерди келешекте  Россия Федерация­сына экспорт етиў режелестирилген.

Қарақалпақстан

хабар агентлиги.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF