Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 14:53:17, 19.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

БЕЛСЕНДИ  ЖАСЛАРҒА  КӨКИРЕК  БЕЛГИСИ  ТАПСЫРЫЛДЫ

Усы жыл 14 октябрь күни Нөкис қаласындағы Жаслар орайында республикамыздан 4 ықтыярлы жасқа  «Меҳр-саховат» көкирек белгиси тапсырылды.

Усы мүнәсибет пенен өткерилген илажда Өзбекстан Республикасы Жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығы, сенатор А.Данияров, «Жаслар келешегимиз»  қорының атқарыўшы директоры Х.Саттаров ҳәм басқалар, пандемия дәўиринде жүзеге келген қәўип-қәтерге қарсы нәтийжели гүресиўде ҳәм оның ақыбетлерин сапластырыўда республикамыз жасларының да белсендилик көрсеткенлигин айрықша атап өтти.

Олардың арасынан, халықтың социаллық қорғаўға мүтәж қатламына, бағыўшысын жоғалтқан кекселерге,  карантин себепли күнлик дәрамат дәрегин жоғалтқан адамларға азық-аўқат өнимлери, дәри-дәрмақ ҳәм басқада күнделикли зәрүр затларды өз ўақтында жеткерип бериўде «Жаслар келешегимиз»  қорының Қарақалпақстан Республикасы аймақлық координаторы Болатбек Бахбергенов, 1197 қысқа номерли «Call center» орайында бийғәрез хызмет көрсеткен ықтыярлы жаслардан Саламат Сайджанов,   Гүлзар Еркебаева ҳәм Бекбосын Әдилбаевлардың мийнетлери айрықша атап өтилди.

— Дүнья жүзи көлеминде глобал маш­қалаға айланған коронавирус панде­миясы дәўиринде бийғәрез жәрдем көрсетиўде өрнек болған жаслар қатарында мени де усы сыйлыққа мүнәсип тапқанынан қуўанышлыман,-дейди «Меҳр-саховат» көкирек белгиси ийеси Гүлзар Еркебаева. — Бул сыйлық биз жасларға үлкен жуўапкершилик жүклейди.

Илажда көкирек белгилери салтанатлы жағдайда тапсырылды.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

М.ҲАБИБУЛЛАЕВтың түсирген сүўрети.

 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF