Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 07:43:29, 25.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ҲАЯЛ-ҚЫЗЛАРҒА ҲӘМ ЖАСЛАРҒА ИТИБАР КҮШЕЙЕДИ

Өзбекстан «Миллий тик­ланиш» демо­кра­тия­лық партиясы Нө­кис қалалық Кеңеси сайлаўалды Платформадан келип шығып ис-реже тийкарында нәтийжели жумысларды алып бармақта.

Партияның Нөкис қалалық Кеңеси «Жаслар қанаты» тәрепинен де жаслардың белсендилигин асырыў барысында бир қанша нәтийжели жумысларды әмелге асырмақта.

Жаслардың бос ўақытларын мазмунлы шөлкемлестириў, оларға кәсип-өнер үйретиў мақсетинде «Хызмет-бийминнет» жойбары тийкарында исбилерменлик субъектлери, тәжирийбели оқытыўшылар менен биргеликте бийпул билим бериў жолға қойыл­ған. Бул жойбар бойынша телеграмм социаллық тармағы арқалы группа ашып, өнер үйрениўди қәлеўши жасларға өнермент Гүмисай Раметова басшылығында миллий нағыс түрлери бойынша кестелеў оқыў курсын, Әжинияз атындағы НМПИ қасындағы тигиў цехы баслығы Тамара Жумағалиева басшылығында тигиўшилик оқыў курсы шөлкемлестирилип, бир қанша жаслар ҳәм ҳаял-қызларға бийпул билим берилмекте. Бул жойбар тийкарында ҳаял-қызлардың үй мийнети менен дәрамат табыўына ҳәм бәнтлигин тәмийинлеўине себеп болды.

Сондай-ақ, партияның «Жаслар қанаты», «Ҳаяллар қанаты» тәрепинен «Кеўилли карантин» жойбары тийкарында телеграмм социал тармағы арқалы таңлаў жәрияланды.

«Видео ролик», «Мен салған сүўрет», «Ең жақсы фото сүўрет», «Пәзендешилик», «Тигиў-пишиў» жөнелислери бо­йынша күш сынасқан жасларымыз арасынан ең көп даўыс жыйнаў арқалы анықланған жеңимпазларымызға диплом ҳәм саўғалары тапсырылды. 

Соның менен бирге Халық депутатлары Нөкис калалық Кеңесине пар­тиядан сайланған депутатлық топары ағзалары да бир қанша унамлы жумысларды әмелге асырмақта. Карантин дәўиринде халыққа қолайлықлар жаратыў мақсетинде турақлы түрде азық-аўқатлық өнимлерин арзанластырылған баҳада жеткерип бермекте. Сондай-ақ,  депутатларымыз Өзбекстан Республикасы Президентиниң басламасы менен шөлкемлестирилген «Сақаўат ҳәм көмек» улыўмахалықлық ҳәрекетин  қоллап-қуўатлап, кем тәми­йинленген шаңарақлардың ҳал-жағдайынан хабар алып, өз есабынан пуллай ҳәм азық-аўқат өнимлерин тарқатпақта.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев басшылығында 8-октябрь күни «Жәми­йетте хаяллар ҳәм жаслардың ролин асырыў ҳәм де бәнтлигин тәмийинлеў ис-илажлары», «Жол картасы»н белгилеў бойынша видеоселектор жыйналысы болып өткен еди. Видеоселекторда усыныс ҳәм үйрениўлер тийкарында буннан былай әмелге асырылатуғын жумыслар додаланды.

Яғный, ўәлаят, район кесиминде «Ҳаяллар дәптери», «Жаслар дәптери» жүритилиўи белгиленди. Буның нәтийжесинде нелер сәўлеленеди:

-ҳәр бир жас ҳәм ҳаяллардың мәнзилли дизими шөлкемлестириледи.

-анықлап дизимге киритилген ҳаяллар ҳәм жасларды кәсипке таярланады, социаллық ҳуқықый мәсләҳәтлер бериледи,

-бар болған бос жумыс орынларына жайластырыў, жумыс пенен бәнтлиги тәмийинленеди.

Яғный, бул процессте ҳеш бир жас яки ҳаяллар итибардан шетте қалмайды. Базы кәсиплер жүзесинен қойылатуғын талаплар әпиўайыластырылады.

Мәселен, китапхана, банк агентлиги, аўдармашы, реклама қәнигелиги киби қәнигеликлер ушын жоқары мағлыўмат талап етилмеслиги жүзесинен қайта көрип шығылып, усыныслар таярлаў тапсырмасы берилди.

Яғный, базы жаслар ҳәм ҳаяллардың жоқары мағлыўматлы дипломы жоқлығы жумысқа кириў имканиятын жоққа шығарады. Лекин бундай шахс сол қәнигелик бойынша жүдә көп жаңалықлар, жойбарлар ислеген, кәсипти пуқта ийелеген, лекин жоқары мағлыўматлы дипломы жоқ жаслар ҳәм ҳаяллар нәзерде тутылған.

Соның ушын мийнет базары, талап ҳәм усынысларды  жақсылап үйренип шығыў тапсырмасы берилди.

Бул видеоселекторда айтып өтилген талап ҳәм тапсырмалар тийкарында партия Кеңесиде ис-реже дүзип партияның «Жаслар қанаты» ҳәм басқа бирге ислесиўши шөлкемлер менен биргеликте жасларды кәсипке бағдарлаў, олардың бәнтлигин тәмийинлеў, нызамсыз миграцияның унамсыз ақыбетлерин түсиндириў, жаслар арасында өнерментшиликти раўажландырыў, олардың басламаларын қоллап-қуўатлаўға ҳәм жақыннан жәрдем бериўге айрықша итибар қаратыўды өз алдымызға мақсет етип, бул бойынша әлле қашан жумыслар баслап жибердик.

Усы жылы Өзбекстан Республикасы Олий Мажлис Нызамшылық палатасы ҳәм Сенаты жанында «Жаслар парламенти»ниң шөлкемлестирилиўи ҳәм биринши мәрте төменги палатада ағзалыққа партиямыздан Бердақ атындағы Қарақалпақ мәм­лекетлик университети магистранты Наргиза Балтабаеваның сайланыўы да үлкен жетискенлик болды.

Ҳәзир Н.Балтабаева   менен бирге партия ўәкиллери ҳәм партиядан сайланған жергиликли депутатлар, жаслар менен турақлы ислесетуғын мәкеме, кәрхана ҳәм жәмийетлик шөлкемлер, мәҳәлле пуқаралар жы­йынлары ҳәм оларда ҳәрекет етип тур­ған жәмийетлик комис­сиялар, билимлендириў мәкемелери биргеликте ҳәр бир аймақта жәмлеспеген жаслар менен турақлы ислесип, пикирлесип ҳәм жәмийетте болып атыр­ған өзгерис ҳәм жаңаланыўлар, реформаларға қатнасын, бәнтлигин тәмийинлеў мақсетинде ушырасыўлар өткерилмекте. Бунда ҳәр бир жастың шаңарағында жеке өткерилип, пикир-усыныслары, машқалалары тыңланып, партия тәрепинен алып барылып атыр­ған жумыслар, әсиресе жәмлеспеген жасларға бағдарлан­ған жойбарлар ҳаққында түсиник, жол-жоба берилип атыр.

Улыўмаластырып айт­қанда, бүгинги күни карантин талапларына қатаң әмел етилген ҳалда ең тийкарғы искерлигимиз елимиздиң гүллеп-раўажланыўында партиямыздың алдына қойған ийгиликли мақсет ҳәм ўазыйпаларын халыққа жеткериў ҳәм түсиндириў болып, бул жолда жасларды да белсендиликке шақырыў  есапланады.

А.Нурумбетова,

Өзбекстан «Миллий тикланиш» демокра­тия­лық партиясы

Нө­кис қалалық кеңеси баслығы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF