Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 17:04:38, 28.03.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

«ТОЗА ҲУДУД» КӘРХАНАСЫНА ХЫЗМЕТ АВТОМАШИНАЛАРЫ ТАПСЫРЫЛДЫ

Усы жыл 14-октябрь күни Нөкисте Қарақалпақстан Республикасы «Тоза ҳудуд» мәмлекетлик унитар кәрханасының районлық бөлимлерине 11 дана хызмет автомашинасы тапсырылды.

Усы мүнәсибет пенен өткерилген илажда Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик экология комитети баслығының орынбасары И.Боқижанов, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының биринши орынбасары Ж.Казбеков,  Қарақалпақстан Республикасы «Тоза Ҳудуд» мәмлекетлик унитар кәрханасының директоры О.Генже­баевлар шығып сөйлеп, елимизде экономика тармақларында ҳәм елатлы пунктлерде пайда болатуғын турмыслық ҳәм қурылыс шығындылары менен байланыслы жумысларды басқарыў системасын буннан былай да жетилистириў, шығындыларды қайта ислеўде жоқары технологиялар қолланылатуғын өндирислерди енгизиў бағдарында әмелге асырылып атырған кең көлемли илаж­ларға тоқтап өтти.

Атап өтилгениндей, Өзбекстан Республикасы Президентиниң усы жыл 29-сентябрьдеги  «Турмыслық ҳәм қурылыс шығындылары менен байланыслы жумысларды басқарыў системасын буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарары тийкарында аймақларда турмыслық шығындылар менен байланыслы жумысларды әмелге асырыўда мәмлекетлик-жеке меншик шерикликтиң жаңа моделин басқышпа-басқыш енгизиў нәзерде тутылмақта. Турмыслық шығындыларды жыйнаў ҳәм алып шығып кетиў бойынша хызмет көрсетиў ушын тийисли аймақлар жеке меншик шерикликке бириктирилип, мәмлекетлик кәрханалар есабындағы шығынды полигонлары шығындыларды сайлап алыў ҳәм қайта ислеў бойынша технологияларды қолланған ҳалда қосымша түрде капитал қо­йылмалар ҳәм инвестицияларды тартыў шәрти менен жеке меншик шерикке узақ мүддетке пайдаланыўға  бериледи. Кәрхана тәрепинен усы жылдың өткен 9 айы даўамында 120131 тонна қатты ҳәм 22519 тонна суйық шығынды полигон­ларға жайластырылды.

Тараўда мәмлекетлик-жеке меншик шерикликти жолға қойыў және әмелдеги кәрханаларға жаңа техникалар сатып алыў ҳәм шығынды жыйнаў пунктлерин көбейтиў есабынан усы жылдың 1-сентябрь жағдайына мәкан пуқаралар жыйынларын турмыслық шығындыларды жыйнаў ҳәм алып шығып кетиў хызмети менен қамтып алыў дәрежеси 288 ди қурайды. Келеси жылы бул көрсеткиш 356,  2022-жылы 412 мәкан пуқаралар жыйынына жеткерилип, хызмет көрсетиў 100 процент­ке тәмийинленеди. Сондай-ақ, Европа раўажланыў ҳәм тиклениў банкиниң кредит қаржылары есабынан Нөкис қаласы, Төрткүл, Қоңырат ҳәм Қараөзек районларында улыўма баҳасы 120 миллион евро болған «Турмыслық шығындылар полигонларын рекультивациялаў ҳәм полигонларды қурыў» жойбарын әмелге асырыў режелестирилген.

— Бул өз гезегинде халықтан қатты турмыслық шығындыларды алып шығыў ҳәм оларды арнаўлы полигонларға жайластырыў жумысларының буннан да жақсыланыўына хызмет етеди, -дейди Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик экология комитети баслығының баспасөз хаткери-мәлимлеме сиясаты бойынша мәсләҳәтшиси Улбосын Мырзаназарова. — Ең әҳмийетлиси, қоршаған орталығымыздың шығындылар менен патасланыўының алдын алады.

Илаж соңында «Тоза ҳудуд» мәмлекетлик унитар кәрханасының районлық бөлимлерине жаңа хызмет автомашиналарының гилтлери салтанатлы жағдайда тапсырылды.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

М.ХАБИБУЛЛАЕВтың түсирген сүўрети.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF