Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 18:10:43, 19.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ЖЕМИСЛИ  ДӨРЕТИЎШИЛИКТИ  АРДАҚЛАЎ

Өзбекстан Миллий баспасөз орайында «Ең уллы, ең әзиз» республикалық таңлаўының жеңимпазларын сыйлықлаўға арналған илаж өткерилди. Бул ҳаққында ӨзА хабар берди.

Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы жанындағы Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агент­лиги бас директоры Асаджон Хўжаев, Республикалық «Тасвирий ойина» дөретиўшилик аўқамы баслығы Исфандиёр Латипов ҳәм басқалар дөретиўши тулғаларды қоллап-қуўатлаў мәселеси мәмлекетимиз басшысының турақлы итибарында екенлигин атап өтти.

Быйылғы «Ең уллы, ең әзиз» республикалық таңлаўы Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 27-июльдеги «Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң жигирма тоғыз жыллық байрамына таярлық көриў ҳәм оны өткериў ҳаққында»ғы қарарының орынланыўы шеңберинде шөлкемлестирилди.

Дөретиўшилик жойбар «Сен қүдирет дәреги, бахыт мәканы, жанажан Өзбекстаным!» сүрени тийкарында Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы жанындағы Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги, Мәденият министрлиги, Жазыўшылар аўқамы, Журналистлер дөретиўшилик аўқамы, Көркем өнер академиясы, «Өзбеккино» миллий агентлиги, «Тасвирий ойина» дөретиўшилик аўқамы, Миллий телерадиокомпания, Электрон ғалаба хабар қураллары миллий ассоциациясы сыяқлы шөлкемлер тәрепинен өткерилди.

Ҳәзир қурамалы пандемия шараяты болса да, таңлаўды жоқары дәрежеде, көтериңки руўхта ҳәм айрықша жуўапкершилик пенен өткериўге үлкен әҳмийет қаратылды.

Дөретиўшилик таңлаўдың аймақлық басқышы жеңимпазларын сыйлықлаўға арналған илажлар усы жылдың 25-авгус­тынан 9-сентябрине шекем болып өтти.

Пандемия шараятында дөретиўшилик жумыслар белгиленген қатаң карантин қағыйдаларына әмел етилген ҳалда ти­йисли электрон почта және телеграм-аккаунт арқалы қабыл етилди. Таңлаўға елимиз дөретиўшилеринен көплеген жумыслар келип түсти. Оқыўшылардың пикирлерин есапқа алыў мақсетинде Tanlov2020.uz веб-сайты иске түсирилип, барлық келип түскен дөретиўшилик үлгилери усы сайтта жәрия­ланды. Сайттағы даўыс бериў процеси болса 16-20-сентябрь күнлери болып өтти.

Барлық жумыслар 2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бо­йынша Ҳәрекетлер стратегиясы және «Илим, мәрипат ҳәм санлы экономиканы раўажландырыў жылы» Мәмлекетлик бағдарламасына сәйкес екенлиги дыққатқа ылайықлы.

Дөретиўшилик жумыслары ең жақсы деп табылған 22 дөретиўши «Ең уллы, ең әзиз» республикалық таңлаўының жеңимпазы болды.

— Бүгин дөретиўши инсан ушын әдил пикир билдириў, анализди объектив тәризде жүргизиў имканияты бар, - деди Қарақалпақстан Телерадиокомпаниясы радиоканалының редакторы Гөззал Яху­даева. — Бул болса дөретиўши инсанларға үлкен жуўапкершилик жүклейди.

Илажда жеңимпазларға диплом ҳәм саўғалар тапсырылды. Сөзге шыққанлар дөретиўшилерге берилип атырған итибар ҳәм ғамқорлық ушын миннетдаршылық билдирди.

Бул таңлаўда Қарақалпақстан Телерадиокомпаниясы радиоканалының редакторы Гөззал Яхудаева «Жаңаланыў қәдемлери», «Инсан мәплери — халық келешеги», «Саламатлық сырлары», «Ҳәзирети дийқан» еситтириўлери ушын «Ең жақсы журналистлик материал ушын» хошаметлеўши номинациясы бойынша радио бағдарында сыйлықланды.

 Қарақалпақстан хабар агентлиги.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF