Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 03:30:13, 24.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

САЛЫҚ КОМИТЕТИ БАСЛЫҒЫНЫҢ АРНАЎЛЫ ШТАБЫ ШӨЛКЕМЛЕСТИРИЛДИ

Хожели районын социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў ҳәм инвестициялық потенциалын арттырыў мәселелерине Мәмлекетлик салық комитетиниң баслығы жуўапкер етип бириктирилип, бул жерде Мәмлекетлик салық комитетиниң баслығы Ш.Кудбиевтың арнаўлы штабы шөлкемлестирилди.

Штаб тәрепинен район халқының машқалалары үйренилип, оларды тез арада шешиў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў, кәмбағаллықты қысқартыў илажлары әмелге асырылады. Сондай-ақ, социаллық инфраструктурасы раўажландырылады — мәҳәллелер, көшелер абаданластырылып, коммуналлық тәмийнат ҳәм байланыс сис­темаларының сапасы жақсыланады.

Ҳәзирги ўақытта бул бағдардағы жумыслар режеге муўапық нәтийжели түрде баслап жиберилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF