Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 14:34:18, 28.03.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

«СОVID — 19 ҒА ЖУЎАП»

Ҳәзирги ўақытта  дүньяның барлық мәмлекетлери коронавирус себепли  аўыр жағдайды басынан кеширмекте. Кеселликтиң  басланғыш дәўири  көпшилик жағдайда жасырын түрде өтиўи,  коронавирус белгилериниң ҳәр түрлилиги шыпакерлерге наўқасларға анық диагноз қойыў ушын  қыйыншылық туўдырмақта.

Нәтийжеде  кеселликке шалын­ғанлардың  саны күннен-күнге артып бармақта. Дүнья жүзи  денсаўлықты сақлаў шөлкеминиң берген мағлыўматына  қарағанда,  бүгинги күнге  шекем  коронавирус  инфекциясын жуқтырып  алғанлардың  саны 35,5 миллионнан асты, ал, қурбан болғанлар бир миллионнан асламды қурайды. Әлбетте,  бул ашынарлы  жағдай. Ҳәр бир  адам өз денсаўлығына  бийпәрўа болмай,  биринши гезекте жеке гигиена қағыйдаларына, медицина хызметкерлериниң   көрсетпелерине әмел  етиўи күтә зәрүр.

Өзбекстан  Қызыл  Ярым Ай жәмийети  тәрепинен де  халықтың бул инфекцияға шалыныўының алдын алыў, пуқараларға түсиник жумысларын алып барыў мақсетинде бир қатар жумыслар әмелге асырылмақта. Жақында Нөкис қаласында да Қызыл  ярым ай жәмийети  Қарақалпақстан бөлими ҳәм Хорезм ўәлаяты қәнигелери ҳәм кеўиллилердиң, сол қатары  ғалаба хабар ўәкиллериниң COVID — 19 бойынша улыўма билим ҳәм көнликпелерин еле де асырыў, халық арасында саламат турмыс тәризин ен жайдырыў мақсетинде «COVID — 19ға  жуўап»  атамасында семинар-тренинг шөлкемлестирилди.

Семинарда дүньядағы ҳәм елимиздеги сынаўлы жағдай додаланып,   пандемия еле даўам етиўи мүмкинлиги, оны жеңиўде  көплеген қыйыншылықлар гүзетилиўи ҳаққында сөз етилди. Бул ушын биринши орында пандемияға қарсы гүресиўде  ҳәкимликлер, секторлар, денсаўлықты сақлаў, ишки ислер уйымлары хызметкерлери менен бир қатарда мәҳәлле  белсендилерине үлкен жуўапкершилик жүклетилетуғыны атап өтилди. Айтып өтиў керек, әйне пайытта бул инфек­цияны емлеўде видеобайланыс арқалы  сырт ел тәжирийбесинен де  утымлы пайдаланылмақта.

COVID — 19 Қарақалпақстан Республикасы аймағында коронавирус инфекциясы  тарқалыўының алдын алыўға қаратылған «COVID — 19 ға жуўап» жойбары тийкарында 2020-жылы 26-сентябрьде республикамыздағы   балалар жуқпалы кеселликлер  емлеўханасында емленип атырған  наўқаслар ушын  комплект  үскенелер: 40 кроват, матрац, көпшик, одеяло ҳәм басқа да керекли буйымлар алып берилди, - дейди Өзбекстан  Қызыл Ярым Ай  жәмийетиниң Қарақалпақстан  Республикасы шөлкеминиң баслығы Д.Даниярова. ­  Буннан басқа да,  пандемия  ўақтында  жалғыз баслы, кем тәмийинлеген  наўқасларға 9 миллион сумға  жақын   материаллық жәрдем  берилди ҳәм халық арасында  үгит-нәсият  илажлары  турақлы түрде өткерилип барылды.

Президентимиздиң;   «Бүгинги күнде  ең әҳмийетли  ўазыйпа  халықтың арасында  вирус шынжырын  үзиў есапланады. Буның ушын  карантин талапларына  сөзсиз әмел етиў, олардың иммунитетин беккемлеў, денсаўлығын қәстерлеп сақлаў, ҳәр бир адамның өмири ушын гүресиў зәрүр»   деп айтқанындай    кеселлик жуғыўының алдын алыў, көзге көринбес бул жаўды жеңиў сиз ҳәм бизиң айрықша итибарлы болыўымызға байланыслы.

Зарафшан

ЖАҚСЫМУРАТОВА.

 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF