Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 05:13:52, 25.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

КӨРКЕМ  ӨНЕРИМИЗ КӨРКЕЙМЕКТЕ

Елимизде көркем өнерге айрықша итибар қаратылыўы нәтийжесинде көплеген талантлы жаслар жетилисип шықпақта. Бизиң Қарақалпақ журтында миллий бақсышылық ҳәм опера жөнелисиниң  ғәрезсизлик жылларында өзгеше тәризде раўажланыўы нәтийжесинде халықаралық таңлаўлар жеңимпазлары көплеп табылып, елимиз мәденияты дүнья халықлары нәзерине түспекте.

Бәршемизге белгили, көркем өнер­диң ең жетик формасы опера ҳәм балет жөнелиси есапланады. Бул жөне­листе дөретиўшилик етиў, өз елин дүньяға танытыў кемнен-кем инсанға ғана несип ететуғын бахыт. Себеби, опера машақатлы мийнет, беккем төзим, үлкен билим талап ететуғын жөнелис. Операда ҳеш қандай техникалар үйлеспейди, онда тек жанлы ҳаўаз бирлемши роль ойнайды. Бақсышылық тараўы да сондай. Дуўтар менен ширели ҳаўаз әҳмийетли. Бул музыкалық инструментти қолға алған бала әлбетте, Қарақалпақ халқының миллийнамаларын шертип үйренип қалмастан хал­қымыздың узақ тарийхы, мәденияты, әдебияты менен де жақыннан танысады. Көркем өнердиң бул ­еки  жөнелисин таңлаған бала мәмлекетимизди дүнья аренасына алып шыға алады.

Миллий мәденияты­мызға жан күйдирер екенбиз, биринши орында талантлы жасларды жақыннан қоллап-қуўатлаў зәрүрлиги бар еди. Усы зәрүрликти аңлаған ҳүрметли Журтбасшымыз Нөкис қаласында Опера ҳәм бақсышылық көркем өнерине қәнигелестирилген мектебин ашыў усынысын билдирген еди. Жақында елимизге сапары даўамында усы мектепти салтанатлы жағдайда ашып, Қарақалпақ көркем өнерине, Қарақалпақ жасларына үлкен исеним билдирди.

Қарақалпақстан Республикасында жылдан-жылға опера жөнелисинде халықаралық ареналарда  сыйлы орынларды қолға киргизген жаслар саны көбеймекте. Бул Президентимиз Ш.Мирзиёевтиң жоқары итибар қаратыўының нәтийжеси деп билемен. Мениң усы мектептиң дөретиўшилик басшысы етип тайынланыўым маған еки есе жуўапкершилик жүкледи. Қуўа­нышлысы, тараў ўәкиллери ҳәм  жаслар менен сәўбетлесиўде ҳәр бир ра­йонда усы мектептиң бөлимлерин ашыў, келешекте мектеп негизинде консерваторияның филиа­лын шөлкемлестиририў режесин билдирип,  бәршеге үлкен қуўаныш бағышлады. Алдағы ўақытларда сырт еллерден опера жөнелисинде белгили болған, терең билим ҳәм тәжирийбеге ийе профессор-оқытыўшыларды шақырыў, шеберлик сабақларын шөлкемлестириў арқалы жасларымыз қәбилетин еле де асырыў, халық­аралық таңлаўларға таярлаў киби үлкен ўазыйпаларымыз бар.

Бул мектепте тек ғана опера ҳәм бақсышылық өнери сырлары емес, қосымша тәризде Европа саз әсбапларын шертиў де үйретиледи. Сондай-ақ, халық­аралық бақсышылық тараўының республикамызда өткерилиўиниң жобаластырылыўы да бул тараўдың өзгеше пәт пенен раўажланыўының айқын көриниси.

Усындай жаңаланыўлар, алға илгерилеўлер Ренессанс дәўириниң ҳәрекетлениўши күши десек болады. Өзбекстан Президенти мәмлекетимизде кең көлемли реформаларды әмелге асырыўда анық сис­тема болыўын ҳәм ҳәр бир ис илим-пән жетискенликлерине тийкарланыўын, миллий раўажланыўымызды инновациялық технологиялар, санлы экономикаға таянған ҳалда жедел жетилистириўдиң ең туўры жолларын көрсетип берди. Сол айтқандай, Қарақалпақ көркем өнер тараўы үшинши Ренессанс дәўириниң раўажланыўы ушын сәтли қәдем тасланды.

Жеңисбай ПИЯЗОВ,

Өзбекстан Республикасына хызмет көр­сеткен артист.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF