Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 11:17:30, 28.03.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

«ВАҚФ»  ҚОРЫНЫҢ ҚАЙЫРҚОМЛЫҚ ИЛАЖЫ

Өзбекстан мусылманлары мәкемеси жанындағы «Вақф» қайырқомлық жәмийетлик қоры Қарақалпақстан Республикасы аймақлық филиалы тәрепинен өткен шемби күни «Ғамқор болайық!»  қайыр­қомлық акциясы өткерилди.

«Имам ийшан Мухаммад» жәмәәтлик мешитинде болып өткен илажда Нөкис қаласынан бағыўшысынан айрылған 40 жетим балаға азық-аўқат өнимлери тапсырылды. Буннан тысқары, барлық районнан 160 балаға да усындай азық-аўқат өнимлери бериледи. Буның ушын қордан 15 мил­лион, қәўендерлер есабынан 5 миллион сум қаржы ажыратылды.

— Кем тәмийинленген, жәрдемге мүтәж шаңарақлардан хабар алыў халқымызға тән ағла пазыйлетлерден бири,-дейди «Вақф» қайырқомлық жәмийетлик қоры Қарақалпақстан Республикасы аймақлық филиалы баслығы ўазыйпасын ўақтынша атқарыўшы Исламбек Тажетдинов. — Акцияның тийкарғы мақсети, бүгинги сынаўлы күнлерде бағыўшысынан айрылған жетим балаларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, азда болса олардың кеўиллерин көтериў болып табылады.

Усы күнниң өзинде азық-аўқат өнимлери республикамыздың барлық районларына жеткерилип берилди.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

М.ҲӘБИЙБУЛЛАЕВтың түсирген сүўрети.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF