Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 05:13:56, 20.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

БОЗАТАЎДА  «ЖАСЛАР ОРАЙЫ» ПАЙДАЛАНЫЎҒА  ТАПСЫРЫЛДЫ

Усы жыл 6-октябрь күни Бозатаў районында  Жаслар орайының имараты пайдаланыўға тапсырылды.

Оның ашылыў салтанатында район ҳәкими М.Қайпанов, Өзбекстан Республикасы Жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығының орынбасары И.Абдикаликов шығып сөйлеп, жыйналғанларды жаңа имараттың пайдаланыўға тапсырылыўы менен қутлықлады.

Атап өтилгениндей, Президентимиздиң басламасы менен қайта шөлкемлестирилген Бозатаў районында қысқа ўақыттың ишинде заманагөй имаратлар бой тиклеп, аймақ турғынларының ийгилиги ушын пайдаланыўға тапсырылмақта. Соның ишинде, жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў, олардың билим алыўы ҳәм бос ўақытларын мазмунлы өткериўи ушын иске түскен тигиўшилик фабрикасы, футбол майданшасы, Амфитеатр ҳәм басқа да бир қатар объектлерди атап өтиўимизге болады.

Жақында болып өткен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң гезексиз сессиясында Президентимиз бул бағдарда әмелге асырылып атырған жумысларға айрықша тоқтап өтти ҳәм район белсендилери, соның ишинде, жаслар менен сәўбетлести. Әсиресе, келеси жылы районда елимиз көлеминдеги фестивальдың өткерилиўи бойынша басламасы бозатаўлы жасларды ҳәр тәреплеме руўхландырмақта.

Жаңадан пайдаланыўға тапсырылған орайда жаслардың бос ўақытларын мазмунлы өткериўи ушын барлық шараятлар жара­тыл­ған. Бул жерде мәжилислер залы, мәлимлеме ресурс орайы, үш дөгерек жумыс алып барады.

Усы күни орай залында Өзбекстан Республикасы Жаслар ислери агентлиги Бозатаў районы бөлиминиң  баслығын тайынлаў мәжилиси болып өтти.

Илажда Нызаматдин Төремуратов Өзбекстан Республикасы Жаслар ислери агентлиги Бозатаў ра­йоны бөлиминиң  баслығы болып тайынланды.

Мәжилисте бир қатар белсенди жаслар шығып сөйлеп, көрсетип атырған бундай ғамқорлығы  ушын Президентимизге миннетдаршылық билдирди ҳәм Жаслар ислери агентлиги районлық бөлиминиң жаңадан тайынланған баслығының жумысларында әўмет тиледи.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF