Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 03:58:37, 18.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

КЕМШИЛИКЛЕР ТАЛҚЫЛАНЫП, АНЫҚ ЎАЗЫЙПАЛАР БЕЛГИЛЕНДИ

Усы жыл 7-октябрь күни болып өткен Халық депутатлары Нөкис  районлық Кеңесиниң он екинши сессиясында районды 2020-2021-жылларда комплексли раўажландырыў, усы арқалы «қызыл» аймақтан шығыў бо­йынша қосымша илажлар ҳаққындағы мәселе көрип шығылды.

Сессия күн тәртибиндеги мәселе бойынша районның 4 сектор басшылары халыққа мүрәжат етти ҳәм жол қойылған қәте-кемшиликлер ушын кеширим сорады.

Атап өтилгениндей, Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 24-сентябрь күни өткерилген видеоселектор мәжилисинде аймақлардың социаллық-экономикалық жақтан раўажланыў дәрежесин рейтинг баҳалаў көрсеткишлери нәтийжеси бойынша Нөкис ра­йоны да «қанаатландырарсыз» деп баҳаланған еди.

Буннан тийисли жуўмақ шығарған ҳалда экономикалық раўажланыў ҳәм нәтийжелилик көрсеткишлери бойынша усы жылдың ақырында районда улыўма баҳасы 248,4 миллиард сумлық 11 жаңа санаат өндирислик жойбары иске түсирилип, әмелге асырылған илажлар  нәтийжесинде аймақлық санаат өнимлерин ислеп шығарыў көлеми өткен жылға салыстырғанда 108,3 процентлик өсим күтилмекте.

Районда өткен 9 ай даўамында жәми 3 миллион 53  мың АҚШ доллары муғдарындағы өним экспортқа шығарылып, реже 60 процентке орынланды. Жыл ақырына шекем бул көрсеткиш 6 миллион 600 мың АҚШ долларына жеткериледи. Экономиканың бә­cекилиги ҳәм диверсификациясы көрсеткишлери бағдары бойынша быйылғы жылы қосымша 6 санаат өндириси жойбарын экспортқа шығарылатуғын өним ислеп шығарыўға бағдарлаў нәтийжесинде қосымша 35,7 миллиард сумды ямаса ислеп шығарыл­ған санаат өнимлерине қатнасы 19 процентти қурайды. Жыл ақырына шекем районда 121,6 миллиард сумлық инвестицияны өзлестириў белгиленген болып, соннан тиккелей сырт ел инвестициялары 6,7 миллиард сумды қураўы күтилмекте.

Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң мүрәжатлары менен ислесиў нәтийжелилиги ҳәм мағлыўматлардың ашық-айдынлығы көрсеткишлери бойынша усы жылдың биринши ярым жыллығы даўамында Президентимиздиң Виртуал ҳәм Халық қабыллаўханаларына 97 мүрәжат келип түскен болып, бул өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 82 мүрәжатқа азайған. Бул мүрәжатлар тийисли тәртипте көрип шығылып, соннан 28 мүрәжат қанаатланды­рылған. Районның сектор басшылары тәрепинен бы­йылғы жылдың 6 айы даўамында мүрәжатлар менен ислесиўде олардың анық ийелерине бағдарланғаны, орынланыўы қадағалаўға алынғанлығы, додаланғанлығы ҳәм тәкирарланған мүрәжатлар менен айрықша ислесиў системасының жол­ға қойылғанлығы нәтийжесинде унамлы көрсеткишлерге ерисилди.

Районда исбилерменлик субъектлерин қоллап-қуўатлаў бағдарында бир қатар жумыслар әмелге асырылды. Атап айтқанда, коммерциялық банклер тәрепинен өткен 9 ай даўамында 199 исбилерменлик субъектине 7 миллиард 153 миллион сум кредит ажыратылды. Буннан үш жыл бурын районда 409 исбилерменлик субъекти болған болса, бүгинги күни олардың саны 1778 ге жетти.  Жаңадан шөлкемлестирилген кәрханалар есабынан 1369 қосымша жумыс орны жаратылды. Инвестициялық бағдарлама  тийкарында жыл ақырына шекем 277, буннан тысқары, 180 киши бизнес субъектин жаңадан шөлкемлестириў арқалы 457 пуқараның бәнтлиги тәмийинленеди.

Районның экономикалық турақлылығын тәми­йинлеў, экспорт көлемин кеңейтиў мақсетинде өнимдарлығы төмен болған 1165 гектар пахта егилип келген майданда овощ ҳәм палыз өнимлерин жетистириў, бағ ҳәм жүзимзарлық жаратыў жумыслары алып барылмақта. Соннан 169 гектар майданда интенсив бағ жаратыў бойынша улыўма баҳасы 11 миллиард сумлық 6 жойбар иске түсириледи. Нәтийжеде жүзге шамалас жумыс орны жаратылады. Районның овощ ҳәм палыз жетистириўге қәнигелестирилгенин есапқа алған ҳалда «Саманбай» ҳәм «Тақыркөл»  аўыл пуқаралар жыйынлары аймақларында 200 гектар майданда заманагөй типтеги ыссыхана қурыў бойынша жойбарлаў сметалық ҳүжжетлери ислеп шығылмақта.

2020-2021-жылларда жумысты үйге алып ислеўди раўажландырыў ҳәм халықтың дәраматларын арттырыў мақсетинде улыўма баҳасы 77 миллиард сумлық 38 жойбар есабынан 1086 жаңа жумыс орнын жаратыў режелестирилген. Солай етип, «Темир дәптер»ге киргизилген шаңарақлардың ағзалары жумыс пенен тәмийинленеди.  Буннан тысқары, шарўашылық, балықшылық ҳәм былғары аяқ кийим ислеп шығарыў бойынша 4 кластер шөлкемлестирилип, улыўма баҳасы 451 миллиард сумлық жойбар әмелге асырылады ҳәм 2573 жумыс орны жаратылады. Сондай-ақ, «Шортанбай» алтернативалы машина-трактор парки негизинде еркин экономикалық зонасын шөл­кемлестириў, усының есабынан улыўма баҳасы 12,4 миллиард сумлық 15 жойбар әмелге асырылады.

Сессияда Қарақалпақстан Республикасы Жоқар­ғы Кеңесиниң комитет баслығы З. Реймова, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының ағзасы О.Атаниязова, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының депутаты Л.Сейтова, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары М.Жуманов шығып сөйлеп, орын алып атырған машқалаларды сапластырыў бо­йынша өзлериниң пикир-усынысларын билдирди.

 Илажда район ҳәкими Ө.Уснатдинов депутатлардың, ғалаба хабар қураллары ўәкиллериниң ҳәм блогерлердиң қызықтырған сораўларына жуўап берди.

— Бундай кемшиликлердиң орын алыўында барлық сектор басшыларының айы­бы бар деп есаплаймыз,-деди район ҳәкими Өмирбай Уснатдинов. — Бул кемшиликлерди сапластырыў бо­йынша анық илажлар ислеп шықтық ҳәм оны әлбетте әмелге асырамыз. Соның ишинде, быйылғы жылдың жуўмағы бойынша «сары», 2021-жылдың жуўмағы бо­йынша «жасыл» аймаққа шығыўды мақсет етип алдық.

Күн тәртибиндеги мәселе бойынша сессияда ти­йисли қарар қабыл етилди.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF