Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 08:42:06, 29.03.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ҚЫРЫҚТЫ  ГӨЗЛЕГЕН  ФЕРМЕР

Мойынлаўымыз керек, дий­қаншылық мәдениятын әдеўир арттырған әмиўдәрьялы дийқанлардың ис-тәжирийбелеринен үлги алса арзыйды.

Жазы бойы төккен сонша маңлай тер есесине бинят болған пахта жыйын-теримин бүгингидей гүздиң таптырмайтуғын ашық-жарық күнлеринде бир ханасын да зая етпей жыйнап алғанлардың асығы алшы.

­ Бүгинги тапсыратуғын пахтасы менен «Махкам сари» мәррени ийелейди. Соларға ҳармасын айтайық, - деген «Бўз ёп» аўыл пуқаралар жыйынының ақсақалы Мақсет Ешжановтың гәпине бола машинасына отырдық.

Әмиўдәрьялы фермерлер бир нәрсени мақтаныш тутады, олар ала бәҳәрден атыз басына көшип өтеди. Жоқ деген фермердиң атыз басында үш-төрт бөлмеден ибарат имараты бар. Олардың айтыўынша, қайсы бир дақыл болмасын, меҳир менен көгереди, раўажланады. Сонлықтан ҳәр күни таң ерте күн санап өсетуғын дақылларды бир аралап, меҳир береди.

Жол бойы пахта далаларындағы теримшилердиң шаққан қыймылына ҳәўес пенен қарап, аппақ шағаладай болып ашылып, ханасында үлбиреп турған пахталарға сүйсинип, белиңе фартук байлап атызға түскиң келеди.

Хорезм машина-трактор паркине қараслы «Махкам сари» фермер хожалығы ис жүргизиўшиси Азатбай Ержанов дала үйи жанында «хош келипсиз» деп қарсы алды. Қайнап турған қазанға салынатуғын аттың тисиндей гүриштиң бирли ярым шигин тасын терип атырған аспаз дәрҳал сыпа үстиндеги көрпешени бир қағып төседи.

Фермер хожалығы шөлкем­лестирилгенли аўыл хожалығы өнимлерин сатыў бойынша белгиленген шәртнамалы тапсырманы қалыўсыз орынлап келмекте. Дәслепки тапсырма 12 қуты наўқан қуртынан қуты басына 54 килограмм орнына 58 килограммнан, бери келе 17 гектар гүзлик бийдайдан гектарына 25 центнер орнына еки есеге шамалас өним жетис­тирип, өзи де, хожалық жумысшылары да әдеўир мәпленди.  Сондай-ақ, егилген овощ-палыз, баў-бақша өнимлеринен дийдиленгениндей өним алып, «карантин» дәўиринде хожалық ағзаларына ҳәм кем тәмийинленген шаңарақларды қоллап-қуўатлаўда қол келсе, еки гектарлық бағ ҳәм жүзими де сеп болды.

­ «Миржалал-Қамранбек» фермер хожалығын басқаратуғын едим, - деп сөз ашты хожалық ис жүргизиўшиси Азат Ержанов. ­ 2016-жылы хожалық баламның фермер хожалығына қосылып ирилендирилди ҳәм «Махкам сари» атамасы менен ҳәрекет етип, балам Сапаримбетов Махкамжан басқарып атыр. Ўақты-сәти келгенде «эстафета»ны изиңдегилерге табыс етиў заңлы қубылыс емес пе? - деп мыйық тартады баласының аяқ алысынан кеўли толған ол.

Хожалық ағзалары быйылғы жылы 77 гектар егислик майданға әйне ўақтында шигит егип, 42 шаңараққа ижараға бөлип берилди. Бүгингидей (биз барған 8-октябрь күн) пахта тапсырыў бо­йынша белгиленген шәртнаманы орынлап, үлкен қуўанышқа бөлениўинде фермер ағзаларының үлеси, жазы бойы агротехникалық қәделер тийкарында алып барған жумыслары, маңлай терлери жатыр.

­ Жетистирилген өним толығы менен жоқары сортқа тапсырылды. Және бир артықмаш жеримиз, тапсырған өнимимиздиң 100 тоннасы туқымлық пахта есабына қабылланды. Өткен жыллардағыдай быйылғы жылы да 40 центнершилер қатарында боламан, - деп жаслық жигер менен ўәде берген М.Сапаримбетовты «объектив»ке алыўға қолайлас­қанымда кемтарлық етип; «Мийнет әкемдики, гәзийтке шығарар болсаң, аўыл ақсақалы менен бирге түсире ғой, алдынғы теримши керек болса, мәўсим баслан­ғалы жүзден түспеген еки теримшим бар, - деген оның илтимасын жерде қалдыр­ғымыз келмеди.

Қ.БАЙНИЯЗОВ. 

Әмиўдәрья районы.

СҮЎРЕТЛЕРДЕ: 1. «Бўз ёп» АПЖ ақсақалы М.Ешжанов ҳәм ис жүргизиўши А.Ержанов.

2. Шәппик қоллы теримшилер Гүлрух Сапарниязова ҳәм Саёра Юсупова.

Автордың түсирген сүўретлери.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF