Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 16:03:13, 23.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

КЕЛЕШЕККЕ ҮМИТИМИЗДИ ЖӘНЕ ДЕ БЕККЕМЛЕЙДИ

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас Ассам­блея­сының 75-сессиясында шығып сөйлеген сөзи мойнақшыларды да айрықша қуўанышқа бөлемекте.

Елимиз басшысы өзиниң шығып сөйлеўинде дүнья жәмийетшилигиниң итибарын және бир мәрте Арал теңизи қурыўының қәўипли ақыбетлерине қаратты. Тек итибар қаратып қоймастан, Аралбойы регионын экологиялық инновация ҳәм технологиялар аймағы, деп жәриялаў ҳаққында Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас Ассамблеясының арнаўлы резолюциясын қабыл етиўди усыныс етти.

Президентимиздиң шығып сөйлеўин елимиздиң ҳәр бир пуқарасы қатарында мойнақшылар да айрықша қызығыўшылық пенен бақлап барды. Себеби, мәмлекетимиз басшысының алдыңғы шығып сөйлеўиндеги басламасы менен Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Аралбойы регионы ушын Инсан қәўипсизлиги бойынша көп тәреплеме шериклик тийкарында Траст фонды дүзилди.

Бүгинги күни Арал теңизиниң қурыған ултанын көклемзарластырыў бойынша кең көлемли жумыслар алып барылмақта. Атап айт­қанда, аймақта ҳәзирги экологиялық жағдайды жақсылаў ушын еки миллион гектар майданда жаңа өсимлик атызларын ҳәм тоғайлар жаратыў ислери әмелге асырылмақта.

Мойнақ районы орайы ҳәм аўылларымызда заманагөй объектлер бой тиклеп, халқымыздың ийгилиги ушын хызмет етпекте. Буны бизиң аўыл пуқаралар жыйыны мысалынан да көриўимизге болады.

Бүгинги күни аймағымызда исбилерменликти қоллап-қуўатлаў, пуқаралардың үй қапталы қыйтақ жерлеринен өнимли пайдаланыўын үгит-нәсиятлаў, жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша айтарлықтай жумыслар алып барылмақта. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 24-октябрьдеги «Шаңарақлық исбилерменликти раўажландырыў Мәмлекетлик бағдарламалары шеңберинде әмелге асырылып атырған жойбарларды кредитлеў тәртибин жетилистириўдиң қосымша илажлары ҳаққында»ғы қарары тийкарында  21 ҳаял-қызға жеңиллетилген кредит есабынан тигиў машинасы алып берилди. «Жаслар — келешегимиз» Мәмлекетлик бағдарламасы тийкарында  Аллаяр Утегенов 30 миллион сум жеңиллетилген кредит алып, «Аллаяр-Сәрбиназ» жуўапкершилиги шекленген жәмийетин шөлкемлестирди ҳәм аўыл хал­қына хызмет көрсетпекте. Бундай мысалларды көплеп келтириўге болады.

Буның барлығы Президентимиздиң экологиялық аймақта жасап атырған халқымызға деген айрықша итибары ҳәм ғамқорлығының нәтийжеси болып табылады. Солай екен, елимиз басшысының Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас Ассамблеясының 75-сес­сиясында шығып сөйлеген сөзи мойнақшылардың айдын келешекке болған үмитин және де беккемлейди.

Мақсетбай АБУБАКИРОВ,

Мойнақ районындағы «Мәдели» аўыл пуқаралар жыйынының баслығы,

«Дослық» ордениниң ийеси.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF