Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 12:32:29, 20.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

КИШКЕНЕ МЕКТЕПТИҢ ҮЛКЕН ЖҮРЕГИ

Мақаламыз арқалы  бул мектепте неше муғаллим тәлим-тәрбия берип атырғанлығы, ислеп атырған жумыслары, оқыўшылар саны, алдағы ўазыйпалары ҳаққында сөз етпекши емеспиз.

Әпиўайы еситилетуғын, лекин, көпшилик оқытыўшы ҳәм оқыўшы арасында әсте жоғалып баратыр­ған меҳир ҳаққында айтпақшыман.

Үлкен балам саламатлығына байланыслы күнде мектепке бара алмады. Әпиўайы балалар киби мектеп партасында отырыўды, теңлеслери менен ойнаўды, олар қатары пикирлес болыўын қатты қәлегенмен. Бул нәрсе мениң шаңарағым ушын үлкен әрман еди.

Бизлер жасаў мәнзилимизди өзгерткеннен соң, мектеп машқаласы алдымызда үлкен таў киби еди. Бир-еки мектеп баламның жағдайы менен танысып, оны қабыл ете алмайтуғынлығын айтты. Соң аймақлық шыпакердиң усынысы менен пайтахтымыздағы 6-санлы улыўма билим бериў мектебине екиленип бардым. Лекин, мектеп босағасынан мени қандай да бир меҳир күтип алғандай болды. Мектеп директоры  Гүлистан Жийемуратова,  оқыў ислери бойынша орынбасары Гүлжәҳән Сейтимова барлық ҳүжжетлер менен танысып, «әлбетте, балаңызды мектепке аламыз, балаңның билим алыў ҳуқықы бар, оны ең жақсы классқа орналастырамыз ҳәм тәжирийбели муғаллимге бекитемиз», дегенде иш-ишимнен дүнья жақсы адамлардың меҳри менен гөззал екенлигин аңлағандай болдым.

Мектеп сыртқы көринисинен кишкене көрингени менен жүреги үлкен екен. Бул мектепке қатнағаннан соң, жоқарыда атап көрсеткен әрманларым барлығы әмелге асты. Мектеп оқытыўшыларының меҳирли сөзлери, бир-биреўге бол­ған мүриўбетли қатнаслары, жыллы күтип алыўлары мениң перзентиме өзгеше тәсир жасады. Класс басшысы Урзия Қәлекеева оқыўшыларын өз перзентлери киби сүйеди. Өйткени, класының оқыўшыларына бул балаға жәрдем бересиз, оны жақын жораңыздай көресиз, деген тәрбиялық сөзлер бул балаларды инсан ретинде қатарға қосыўына үлес қосып атыр десек асыра айтқан болмаспан. Және қуўанышлы бир тәрепи, дене тәрбия пәни оқытыўшысы Нурлыбай Есенбаев балама айрықша итибар қаратып, оған физикалық шынығыўлар ислетип, оның мектепке күнде турақлы қатнасыўға қызығыўшылығын арттырды. Күтилмегенде, ол денсаўлығының жағдайына қарамастан, усы мектептиң меҳир-мүриўбетли оқытыўшылары арқасында күнде мектепке қатнаса баслады. Туўры, көпшилик ата-аналар перзентлерин пайтахтымыздағы абырайлы мектеплерде оқытып, тыянақлы билим алыўын қәлейди. Лекин, қандай мектеп болыўына қарамастан, оқытыўшы билим менен қоса балаға меҳир, адамгершилик, жақсылық етиў, сыйласық, ҳүрмет сезимлерин сиңдирсе ғана, балалардан келешекте жақсы пазыйлетли инсан камалға жетилисип шығады. Ақыры, дүнья усындай пазыйлетлер менен гөззал емес пе?! Бәршемиз гүўасы болып атырғанымыздай, бүгинги күндеги глобал машқалаға айланған коронавирус инфекциясын да усы әпиўайы адамлар ойлап тапқан емес пе?! Адамзат адамгершилигин умытты, бул нәрсениң барлық шийеленискен түби бир — бизнес. Адамлар барлық нәрселерге ийе, билим, денсаўлық, байлық, лекин, меҳирсизлик себепли топлаған билими басқа нәрселер жолында жумсалмақта.  

Билим менен меҳир баланы адамгершиликке, ең баслысы, инсан болыўға тәрбиялайды. Усындай бийминнет хызмет көрсетип атырған барлық устаз-оқытыўшыларды 1-октябрь — «Муғаллимлер ҳәм устазалар күни» байрамы менен қутлықлайман. Пүткил инсаниятқа меҳир-муҳаббат үлесип атыр­ған Сиз устаз­ларға  тәжим етемиз.

Т.ЖӘРИМБЕТОВА.

 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF