Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 09:52:53, 25.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

МАШАҚАТЛЫ МИЙНЕТ ЖЕМИСЛЕРИ

Дүньяда сондай кәсип ийелери бар, оларсыз турмысымызды көз алдымызға келтириў қыйын. Жыллар өткен са­йын қәдири де, әҳмийети де артып баратуғын кәсиплердиң бири ­ бул муғаллимшилик десек, пикиримизге ҳәмме қосылатуғынына беккем исенемиз. Биз ким болсақ та, қайсы тараўда ислесек те, бәршемиз әйне усы кәсип ийелери, яғный, муғаллимлерден тәлим-тәрбия алғанбыз.

Сонлықтан да елимизде 1997-жылдан берли 1-октябрь сәнеси «Муғаллимлер ҳәм устазлар күни» сыпатында кең түрде белгиленип келинбекте.

Халқымызда «Устаз атаңдай уллы» деген гәп бар. Инсан бул өмирде қандай да бир табысқа ериссе, кәсибинен абырай арттырса, оның қәлбинде устазларына, әлипбени үйреткен биринши оқытыўшысына болған ҳүрмет мәңгиге мөрленеди. Өмир даўам етер екен, оқытыўшылық кәсиби, жоқарыда айтқанымыздай өзиниң мәнис-мазмунын, әҳми­йети ҳәм ҳүрметин ҳеш қашан жоғалтпайды.

Президентимиз Ш.Мирзиёевтиң «Сизлердиң жасларымыз қәлбине ҳәм санасына ана-Ўатанға муҳаббат ҳәм садықлық сезимин сиңдириў, оларды түрли қәўиплерден қорғаў, кәмил инсан етип камалға келтириў жолындағы шексиз хызметлериңизди барлық ата-аналар, жәмийетшилигимиз, пүткил халқымыз жақсы биледи ҳәм жоқары қәдирлейди», деген сөзлери пикиримиздиң айқын дәлили.

Нөкис қалалық Халық билимлендириў бөлимине қараслы 32-санлы улыўма билим бериў мектебиниң биология пәни оқытыўшысы  Роза Байниязованы кәсиплеслери билимли, тәжирийбели устаз ҳәм излениўшең  инсан сыпатында жүдә ҳүрметлейди. Себеби, ол өз үстинде турақлы ислеп, тынбай изленип, сабақларын жаңа педагогикалық методлар тийкарында қызықлы етип өтиўге айрықша итибар қаратады. Ҳәзиргидей  пандемия дәўиринде Роза Байниязова Қарақалпақстан телеканалы арқалы оқыўшылар ушын шөлкемлестирилип,  эфирге узатылып атырған онлайн сабақларға белсене қатнасып келмекте.

Тәжирийбели педагог  билим дәргайында 25 жылдан аслам ўақыттан берли жас әўладқа тәлим-тәрбия берип келмекте. Ол 2011-жылы «Жылдың ең жақсы пән оқытыўшысы» таңлаўының Қарақалпақстан Республикасы ҳәм мәмлекет көлеминде өткерилген басқышларында сыйлы орынларды қолға киргизген.

Роза Байниязова биология ҳәм зоология пәнлери бо­йынша илимий мақалалар жазыў, педагоглар ушын методикалық қолланбалар шығарыў менен де шуғылланып келеди. Мәселен, жоқары класс оқыўшылары ушын биология ҳәм зоология пәнлери сабақлықларының таярланыў процеси ҳәм оның баспа жүзин көриўинде тәжирийбели педагоглар қатарында қатнасқан. Оның мектепте билим берген көплеген талантлы оқыўшылары пән олимпиадалары ҳәм Билимлер беллесиўиниң қалалық, республикалық бас­қышларында жеңимпазлар қатарынан орын алды. Устаздың пидайы мийнетлери Халық билимлендириўи минис­трлиги тәрепинен мүнәсип баҳаланып, «Өзбекстан Республикасы Халық билимлендириўи ағласы» ҳәм  «Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириўи ағласы» көкирек нышанлары менен сыйлықланған болса, 2011-жылы оған «Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген халық билимлендириўи хызметкери» ҳүрметли атағы берилди. Жақында болса пандемия дәўиринде онлайн телевизиялық сабақлардың эфирге узатылыўына белсене қатнасқаны ушын «Меҳир-сақаўат» көкирек нышанына ылайық деп табылды.

Усылайынша машақатлы мийнетиниң рәҳәтин көрип, шәкиртлериниң алғыс-ҳүрметине миясар болып киятыр­ған Роза Байниязова ҳәм оның мыңлаған кәсиплеслерин 1-октябрь ­ Муғаллимлер ҳәм устазлар күни менен қызғын қутлықлап, жас әўлад тәрбиясы жолындағы ийгиликли ислеринде табыслар тилеймиз.

С.ЖАНИЕВ.

СҮЎРЕТТЕ: Роза Байниязова.

М.ҲАБИБУЛЛАЕВтиң түсирген сүўрети.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF