Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 13:21:49, 29.03.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ДИЙҚАНШЫЛЫҚ СИСТЕМАСЫНЫҢ РАЎАЖЛАНЫЎ БАСҚЫШЛАРЫ

Жәҳән аўыл хожалығы тараўының раўажланыўына нәзер тасласақ, экономикалық дүзим басқышларына тиккелей байланыслы екенлигин түсинемиз.

Мысал ушын, алғашқы адамлар сол дәўирде тәбият пенен уйғынлас­қан ҳалда жасап, тек тәбийғый шараятларда (жабайы түрде) жетисип шыққан өнимлерден пайдаланған. Өним жетистириў, тәбияттағы ҳәдийселер неге ондай яки бундай екенлиги ҳаққында ойлап та көрмеген.

Адамлар саны көбейип, жақсы зүрәәт беретуғын өнимдар ҳәм географиялық жайласыўы қолайлы бол­ған жерлерге бәсеки күшейип, түрли әскерий ҳәм аўыл хожалығы қурал-жарақларын жаратыўға мәжбүр болған. Бул дәўирде физикалық әззи қәўимлер өзлери жасап атырған аймақтағы жақсы, өнимдар жерлерин душпанларына берип қойыўы ақыбетинде азық-аўқат өнимлерин белгили бир шекленген аймақларда жетистириў маш­қаласы келип шыққан. Нәтийжеде дий­қаншылық тараўы жаратылған. Мәлим болғанындай, сол дәўирдеги шеңгелликлер шараятында дийқаншылық етиў, мол өним жетистириў ушын үлкен қол күши талап етилген. Ақыбетинде адамларды мәжбүрий ислетиў нәтийжесинде қулшылық дүзими келип шыққан.

Адамлар санының және де тез көбейиўи ҳәм санааттың қәлиплесип барыўы нәтийжесинде қулшылық дүзими дәўир талабына жуўап бермей, феодализм дүзими кирип келген. Илим-пән, техника ҳәм аўыл хожалығы ушын дәслепки химиялық қураллардың хызмет етиўди баслаўы ҳәм санааттың раўажланыўы нәтийжесинде буржуазия дәўири басланған. Бул дәўирде санаат аўыл хожалығы ушын техника, төгин ҳәм басқа да химиялық қуралларды жеткерип бериў ўазыйпасын өз жуўапкершилигине ала баслаған. Өз гезегинде санаатқа дән, ләблеби, картошка, пахта, зығыр, майлы ҳәм басқа да техникалық егинлер өнимин жеткерип бериў аўыл хожалығының жуўапкершилигине жүкленген. Нәтийжеде аўыл хожалығы ҳәм санаат тезлик пенен раўажлана баслаған. Адамлар санының тезлик пенен көбейиўи, жумыссызлық, санаат ҳәм аўыл хожалығындағы жумыслар дәўир талабына жуўап бере алмай қалған. Сондай-ақ, илим-пәнниң жаңа бағдарларының ашылыўы, жедел раўажланыўы нәтийжесинде дүзимге сыймай қалған. Нәтийжеде барлық тараўларда кескин раўажланыў дәўири ­ капиталистлик дүзим кирип келген.

Мине атап өтилгениндей, инсанияттың раўажланыў басқышларында өз дәўирине тән болған дийқаншылық системалары қолланылған.

Дийқаншылық системасы деген не? деген сораў туўылыўы тәбий­ғый жағдай.

Дийқаншылық системасы ­ аўыл хожалығы егинлериниң өнимдарлығын арттырыўды тәмийинлейтуғын илимий ҳәм шөлкемлестириўшилик усыл ҳәм де технологияларды қолланыў және топырақ өнимдарлығын сақлаў тәртиби.

Демек, инсанияттың раўажланып барыў басқышлары бойынша дийқаншылық системалары да жетилис­тирилип, дәўир талабына бейимлесип барған. Буның нәтийжесинде қурамаласқан ҳәм арнаўлы аўыл хожалығы егинлерин алмаслап егиў, атызлар бойынша гезеклестирип егиў схемалары келип шыққан.

Алмаслап егиў деген не? Алмаслап егиў ­ аўыл хожалығы егинлериниң жыллар ҳәм атызлар бойынша илимий тийкарланған ҳалда гезеклестирип егилиўи. Гезеклестирип егиўдиң дийқаншылық системасы ­ анық бир мақсетке ерисиў ушын еки тийкарғы егинниң жыллар даўамында гезеклестирилиўи болып, мысал ушын дән ғәрезсизлигине ерисиў есапланады.

Алмаслап егиў схемаларының ең оптимал тәреплери нелерден ибарат? деген сораўға жуўап берейик.

Бириншиден, аймақтың топырақ жағдайы, ықлымы, суў ҳәм басқа да ресурслар менен тәмийинлениўи, егинлер структурасына ҳәм санаат, базар талапларына сай ҳәм де егин түрлеринен жоқары экономикалық нәтийже алыў ҳәм топырақ өнимдарлығын жақсылаў, сақлаў имканиятларын бериўши егинлердиң теориялық-әмелий жақтан мүмкиншиликлерине ийе болады.

Екиншиден, алынған өним түри, көлеми, сапасы ҳәм оларды жетистириў мүддетлерин алдыннан белгилеў, программаластырыў имканиятлары бар.

Үшиншиден, зәрүр жағдайларда айырым егинлер майданын бир ротация даўамында ўақытша кеңейтиў яки азайтыў мүмкин.

Төртиншиден, топырақ өнимдарлығы ҳәм оның зүрәәт бере алыў қәбилетин илимий тийкарда басқарыў имканияты бар.

Алмаслап егиў схемасында ең жоқары экономикалық нәтийжеге ерисиў ушын егинлер түри ҳәм сортын дурыс таңлаў, атызлар бойынша салмағын белгилеў ҳәм жайластырыў, яғный, структурасы жүдә үлкен әҳмийетке ийе.

Республика бойынша аўыл хожалығы егинлери структурасының шеберлик пенен, ҳәр бир аймақтың ықлым, топырақ, суў тәмийнаты ҳәм тарийхый дийқаншылық пенен шуғылланыў түрине, қәнигелестирилген жағдайына қарап белгилениўи жүдә әҳмийетли есапланады. Буның нәтийжесинде, аўыл хожалығы өнимлери жетистирилетуғын егин түрлери ҳәм сортлары, өнимниң писип жетилисиў мүддетлери ҳәм көлемин анықлаў имканиятлары айдынласады. Сондай-ақ, өним түрлерин жетистириўде иннова­циялық технологияларды, сорт, араласпа ҳәм басқа да жаңалықларды енгизиў, оларды орайласқан түрде жеткерип бериў, қоллап-қуўатлаў ҳәм де жетистирилген өнимниң орайласқан түрде сатып алыныўы, экспорт етилиўи яки сақланыўы аңсатласады.

Өсимликлерди қорғаў, аймақлық «өсимликлер клиникасы» тәрепинен өз-ара келисилген ҳалда өним жетистириўши тәрепинен орнында орайласқан түрде унамлы шешиледи. Және бир әҳмийетли тәрепи, жетистирилген өнимди жыйнап-терип алыў, сортлаў талап етилетуғын арнаўлы стандарт ящик, өним түрине қарап түрли көлемдеги жумысларға жайластырыў, товардың қосымша тармақлық қунлары бо­йынша жумысларды әмелге асырыў есабынан қосымша жумыс орынларын жаратыў ямаса жетистириўшилерге қосымша дәрамат дәреги болып хызмет етеди. Соның менен бирге, мәпдарлық артады ҳәм де жетистирилген өним сапасы ҳәм қадақланыўы бойынша экспортқа яки ишки базарға толық кепилленеди.

Сондай-ақ, жетистирилген жәми аралас стандарт емес өнимлер орайласқан түрде сатып алынып, стандарт талапларына келтирилиўи яки қайта ислениўи нәтийжесинде өнимниң набыт болыўының алды алынып, жетистириўши ҳәм қайта ислеўшилерге қосымша дәрамат келтиреди.

Аўыл хожалығы егинлерин жайластырыў структурасы ҳәм тар жөнелисте қәнигелестириў тийкарында жергиликли яки сырт елли исбилермен таяр өнимди емес, ал, олардың топырақ-ықлым шараяты, жетистириўдиң басқышпа-басқыш технологиясы, өсимликлерди қорғаў, зүрәәтти жыйнап алыў, тасыў транспортлары ҳәм басқаларды айнада көргендей көрип барыў, ҳәр қыйлы жергиликли ҳәм сырт ел стандартлары тийкарында қадағалаў, сапасын баҳалаў ҳәм де өнимди сатып алыў яки алмаў ушын ҳақыйқый баҳалаў имканиятлары жаратылады. Бул болса фермер ҳәм дийқанларымыздың қәнигели юридикалық билим ҳәм тәжирийбелерин арттырыўына, кейинги басқышта халықаралық талапларға жуўап беретуғын органикалық өнимлер жетистириўге тийкар жаратады. Дийқаншылық системасы, аўыл хожалығы егинлерин жайластырыўға болған итибар, оларды дурыс алмаслап, гезеклестирип егиўге шараят жаратып, ҳәр қыйлы кеселлик, зыянкеслер ҳәм жабайы шөплердиң санының кескин артып, зыян келтириўиниң алды алынады ҳәм топырақ өнимдарлығы сақланып, мол ҳәм сапалы өним алыныўына хызмет етеди.

Сондай-ақ, аўыл хожалығы өнимлерин сақлаў, терең қайта ислеў режелериниң дурыс белгилениўине алып келеди.

Демек, жуўмақ орнында соны айтыў керек, республикамызда аўыл хожалығы егинлериниң илимий тийкарланған түрде жайластырылыўына айрықша итибар талап етиледи. Бул болса халықаралық талапларға сай түрде анық дийқаншылық жүргизиў, аймақларды белгили бир жоқары экономикалық нәтийже беретуғын егин түрлерине, тар жөнелисине қәнигелестириў, бул тараў бойынша мәмлекет сиясаты ҳәм перспективасын белгилеўге ҳәм қадағалаўды әмелге асырыўға хызмет етеди.

 Н.ХУДАЙБЕРГЕНОВ,

ТашМАУ докторанты.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF