Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 23:42:24, 28.03.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ӘҲМИЙЕТЛИ БАСЛАМАЛАР АЛҒА ҚОЙЫЛДЫ

Бүгинги күнде дүнья мәмлекетлери халықларын ләрзеге салып атырған коронавирус пандемиясы шарая­тында онлайн видео байланыс түринде өткерилип атырған БМШ Бас Ассамблеясының 75-юбилей сес­сия­сына Ҳүрметли Президентимиздиң  мәмлекетлик тилде баянат пенен қатнасыўы  бәршемизди және бир мәрте толқынландырып жиберди.

Бул демек, ғәрезсизлик арқалы берилген мәмлекетлик тилимиздиң дүнья мәмлекетлери халықлары арасында абырайы және бир мәрте көтерилди деген сөз.

Соның менен бирге, мәмлекетимиз басшысы өткен сапарғыдай бул ретте де бир қатар әҳмийетли усыныс ҳәм басламаларды алға қойды.

Ҳүрметли Президентимиз, 2017-жыл сентябрьде Нью-Йорк қаласында болып өткен БМШ Бас Ассамблея­сының 72-сессиясында да әҳмийетли усыныс ҳәм басламаларды алға қойып, олардың дерлик барлығы бүгинги күнде әмелиятқа енгизилди ҳәм енгизилмекте.

Өзбекстан Президенти дәслеп коронавирус пандемиясы ҳәм оның ақыбетлери, пүткил дүнья мәмлекетлери ортасында бирге ислесиўди және де күшейтиў зәрүрлиги ҳаққында айтып, Бирлескен Миллетлер Шөлкеми қәўендерлигинде Пандемиялар дәўиринде мәмлекетлердиң миннетлемелери ҳаққындағы халық­аралық кодексти ислеп шығыўды усыныс етти. Бүгинги күнде дүнья хәм кең жәмийетшилик ушын үлкен апатқа айланған пандемия ақыбетлерин жеңип өтиў ушын билдирилген бул усыныстың, әлбетте, барлық мәмлекетлер тәрепинен қоллап-қуўатланыўына исенемиз.

Сондай-ақ, мәмлекетимиз басшысы өз баянатында соңғы жыллары Орайлық Азияда жақсы қоңсышылық, өз-ара исеним ҳәм бирге ислесиў мәселелеринде үлкен жетискенликлерге ерисилип атырғанын айрықша атап, бул жетискенликлерди еле де раўажландырыў мақсетинде Бирлескен Миллетлер Шөлкеми қәўендерлигинде Транспорт-коммуникация байланысларын раўажландырыў аймақлық орайын ашыўды усыныс етти. Бул болса өз гезегинде региондағы мәмлекетлердиң экономикалық өсиўине шараят жаратады. Соның менен бирге, Президентимиз өз баянатында 2021-жылы  ЮНЕСКО менен биргеликте Хийўа қаласында «Орайлық Азия жәҳән цивилиза­циялары кесилиспесинде» деген атамада халықаралық форумды өткериўге таяр екенлигин билдирди. Әлбетте, бизиң регионымыз, атап айтқанда, Ўатанымыздың пүткил дүнья цивилизациясына қосқан үлеси жүдә үлкен. Бул форум болса пүткил дүньяның дыққатын және бир мәрте регионы­мызға қаратыўы, елимиздиң бай мәдений мийрасын үгит-нәсиятлаў ҳәм мәдений байланысларды кеңейтиўде үлкен әҳмийетке ийе болары сөзсиз.

Ҳүрметли Президентимиз буннан үш жыл бурын болып өткен БМШ Бас Ассамблеясының 72-сессиясында пүткил дүнья итибарын Арал апатшылығына қаратқан еди. Бул сапары да усы мәселеге айрықша тоқталды. Өйткени, бүгинги күнде бул машқала тек ғана регионымыз ушын емес, ал, пүткил дүнья ушын ең үлкен экологиялық апатшылыққа айланды десек қәтелеспеген боламыз. Аралбойы аймағы экологиялық апатшылықтың орайына айланғанын, оның ақыбетлерин сапластырыў ушын мәмлекетимиз ҳәм де дүнья жәмийетшилиги тәрепинен әмелге асырылған жумыслар ҳаққында айтып өтти. Сондай-ақ, бул бойынша жумысларды еле де күшейтиў мақсетинде Арал бойы регионын экологиялық инновация ҳәм технологиялар аймағы, деп жәриялаў ҳаққында Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас Ассамблеясының арнаўлы резолю­циясын қабыл етиўди ҳәм де усы әҳмийетли ҳүжжет тас­тыйықланған сәнени болса Халықаралық экологиялық системаларды қорғаў ҳәм тиклеў күни сыпатында белгилеўди усыныс етти.

Әлбетте, мәмлекетимиз басшысы бул сапарғы баянатында да глобал әҳмийетке ийе және бир қатар көплеген усыныс ҳәм басламаларды билдирди. Бул басламалар тез арада әмелге асыўына исенимимиз кәмил. Өйткени, Өзбекстанның бүгинги күндеги орны ҳәм де роли тек регионымызда ғана емес, ал, пүткил дүньяда артып бармақта ҳәм мәмлекетимиз глобал мәселелерди шешиўде белсене қатнасып келмекте.

 

Тажибай РОМАНОВ,

ӨзМТДП ҚР Кеңеси баслығы, Қарақалпақстан Республикасы

Жоқарғы Кеңесиндеги ӨзМТДП фракциясы баслығы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF