Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 15:11:09, 25.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ҚАРАҚАЛПАҚЛАРДЫҢ ПАЙДА  БОЛЫЎЫ  ӘЙЙЕМГИ ТАРИЙХ  НӘЗЕРИНДЕ

Ғәрезсизлик шарапаты, өзимизге қайтқан өзлигимизди аңлаў, ҳәр кимге өзиниң ҳаслы-тегин билиўге мүмкиншилик берди. Ҳақыйқатында да түп бабамыздың ким екенлиги, олардың өз заманында қандай дәўжүрек, мәрт, қаҳарман халық болғанлығы,  дүнья цивилизациясына үлес қос­қан, өз халқын дүньяға танытқан ислерин билиў инсанның кеўлинде қуўаныш ҳәм мақтаныш пайда етип, уллы  дөретиўшилик ислеринде мәдет ҳәм қуўат болып табысларға ҳәўижлендиреди.

Себеби, тарийх, әсиресе, бурылыс жылларында инсанды руўхый оятыўға, сол арқалы өзлигин өзи түсиниўге үлкен хызмет етеди. Ал, өзликти аңлаў болса, адамның келешекти дурыс байқап, пикирлер дүньясын байытып, кеўилге ой салады ҳәм жәми­йеттиң раўажына унамлы тәсир етеди.

Сонлықтан да ҳүрметли биринши Президентимиз  И.Ә.Кәримов ғәрезсизликтиң дәслепки жылларынан баслап-ақ «Өзлигимизди аңлаў — тарийхтан басланады. Усы ҳақыйқатлықтың иске асыўы мәмлекетлик дәрежеге көтерилиўи зәрүр» деген еди. Нәтийжеде ғәрезсизлик жылларында тарийхты тиклеў бойынша Қарақалпақстанда бурыннан догма сыяқлы тарийхый түсиниклер жемирилип, ҳақый­қатлық жарыққа шыға баслады. Тарийх ҳеш бир идеологиялық басымсыз, өмир шынлығының тийкарларында жаңаланыўға жол алды.

Ҳәр бир халықтың тарийхы оның келип шығыўынан басланады. Оны билиўге ҳәр бир инсан қызығады. Лекин, қарақалпақ халқының келип шығыўы ҳаққындағы мәселе жаңадан илимий тийкарда изертленбей, бурынғы советлик система дәўириндеги түсиниклер менен шекленип қалды.

Ҳәзир заманның өзгериўи, илимниң раўажланыўынан бурынғы тарийхшылардың қолы жетпеген ҳәм бурмаланған дәреклерде, түсиниклерде олқылық көрине баслады. Мысалы қарақалпақлар массагетлерден — печенеглерден пайда болды, деген түсиниклердиң төркинине терең нәзер тасламағанлығы, ал, массагетлерди, печенеглерди тарийхтың атасы Геродоттың көрсетиўинше, олардың ең дәслеп хунлардың ишинде пайда болғанлығы, ал, хунлардың өзи әййемнен Қытай дийўалының берги жағында жасаған түрклердиң 44 кәўимине киретуғынлығын Қытай дәреклери тастыйықлағаннан кейин қарақалпақлардың негизин әййемги түрк қәўимлеринен излеўге туўра келетуғынлығы келип шықты. Демек, қарақалпақлар әййемги халықлар қатарына киреди.

Бул мәселеде 2003-жылы Ташкентте «Маънавият» баспасынан шыққан «Өзбекстан тарийхының жаңа бетлери» деген айдар менен басылған А.Хужаев, К.Хужаевлардың «Әййемги дәреклерде халқымыздың өтмиши» мийнетиндеги ертедеги түрклердиң қурамына кирген қәўимлердиң тарийхы қарақалпақлардың келип шығыўы ҳаққында исенимли материалларды билдирди. Ол китапта бизиң эрамыздан 3 мың жыл бурынғы түрктиң түп сағасы «Ди» деген ат пенен белгили болғанлығы, бизиң эрамыздан бурын IV әсирлерден былай «Ди»лер «Теле» деп аталғанын көрсетеди. Олардың дәлиллеўинше телелер бизиң эрамыздан бурын 626-612-жыллары алдын­ғы қүдиретин жоғалтып, бир неше топарға бөлинип кеткен. Кейин Алтайда қәлиплескен түрк қәўимлериниң күшейиўинен соң барлық Теле қәўимлери олар менен бирлесип, өзлерин түрк аты менен атаған. Кейин Телениң қурамына кирген қәўимлер бизиң эрамыздан бурын 241-жылдан эрамыздың 118-жыллар арасында уллы Қытай дийўалының арқа тәрепиндеги аймақтан, оның батыс таманындағы Хэси коридорынан баслап Жер орта ҳәм Қара теңиздиң бойларына дейин жайылған үлкен жерде тарқалған Телеге кирген 44 қәўимниң атлары көрсетилген.

Бул қәўимлердиң ишинде вэйхэ (уйғыр), фуфуло (бөрикли), хун (хун), боло (бөри), уху (угуз), хегу (қырғыз), хэже (қазар), боху (авар), бэйган (печенег), ҳебеис (қыпшақ), субо (сибир), соху (черкес), алан (олан), бейту (башкур), дубо (туво). Бул Телеге кирген қәўимлердиң көпшилиги елеге дейин өз атын жоғалтпай, өз алдына халық болып кеткенлиги ҳәммеге мәлим. Сондай-ақ, «Теле» деген атамада Мүйтен қәўиминиң бир руўы ретинде елеге дейин жасайды.

Ал, сол қырық төрт қәўимниң ишиндеги «бөриклилер» деген қәўимге кеўил аўдарсақ: «Бөрикли» сөзи  түркий тилинде «қалпақ» екенлиги белгили. «Бөриклилер» тарийхта ғайратлы ҳәм қуўатлы қәўим болған. Басқа қәўимлерди өз дөгерегине уйымластырған. Қытайдың Вэн сулаласы тарийхшысының сөзи бойынша Тэйхэ хоқан тахтқа отырғанына он бир жыл тол­ғанда, ишки қарсылықлар күшейип, өз-ара гүресиўлердиң нәтийжесинде түрли қәўимлер жан жаққа кете баслады. Бөрикли қәўиминиң сәрдары Афучжило өзиниң жийени Чюнчи менен бирге 100 мыңнан артық қаңлы (гавче) бирлеспесиниң шаңарақлары менен батыс тәрепке көшип барып, өз мәмлекетин шөлкемлестирген ҳәм өзин «Қуд билик» хан, (Тәңри перзенти) деп жәриялады делинеди. Буннан бөриклилердиң гавче (қаңлы) деп аталған Телелердиң бир бөлими ишиндеги үлкен абырайын көрсетеди.

Ал, «гавче» болса әййемги түрк тилинде «Конколик» яки қысқаша «Қаңлы» деп атал­ған. Қытайлар қаңлылардың би­йик дегершикли арбалардан кең пайдаланғанын көрип, оларға «Гавче» «Бийик арба» деп ат қойған.

Ҳақыйқатында тарийх урпақларға қандай болмасын бир белгисин қалдырады. Сол би­йик арба қарақалпақлар арасында тийкарғы өндирис қуралы ретинде күни кешеге де­йин жасағаны белгили. Қаң­лылардың арба соғыўға бурыннан уста болғанлығын Бердақ өзиниң шежиресинде Майқы бийдиң қырық жигит пенен Шыңғысты излеп, оны таўып, хан ретинде алып келерде, Майқы бийдиң атын арбаға жегип, оған Шыңғысхан ҳәм Майқы бийди отырғызып, елге жеткергенин тәрийплеп:

Шунда Қаңлы уста болды,

Қағыб, соғыб арба қылды,

Шүйит ҳәм шүйин салды,

Шүннен шүйит болған екен» деген сөзи Қытайлардың көрсеткен қаңлысының бизге дәрек екенлигин билдиреди.

Белгили тарийхшы Л.Н.Гумилов өзиниң «Әййемги түрклер» деген китабында «Телениң ақсақалы Афучжило жаңадан болған жужанлардың ханы Долушга қытай менен урыс басламаўды қатты өтинип кеңес береди. Бирақ, оның пикирлериниң ханға тәсир етпеўине байланыслы барлық Теле халқы менен оған қарсы көтерилди» дейди. Сондай-ақ, 490-жылы Теле қәўимлери Ю-ебань мәмлекетин қыйратып, өз мәмлекетин «Гаогюй» деп аталған (гавче) мәмлекетин дүзеди.

Қытай дәреклериндеги бизиң эрамыздан бурын II әсирде жасаған түрклердиң 44 қәўими ишинде бәйган (печенег, бачанег) қәўими болып Телениң төртинши урпағындағы 10 қәўим менен Самар­қандтың арқа тәрепиндеги Сырдәрьяның жоқары бөлегинде жасаған.

Л.Н.Гумилов өзиниң «Әййемги рус ҳәм Уллы дала» деген мийнетинде қаңлыларды печенеглер деп атайды ҳәм қаңлы бирлеспелериниң печенеглерге айланғанлығын былай көрсетеди: «Олар Саҳрада жасайтуғын болғанлықтан III  ҳәм X әсирлердеги қурғақшылықлар олардың шарўашылығына оғада зыянын тийгизди. Қолайсыз жағдайлардан халықлардың бир топары басқа еллерге қоныс аўдарыўға мәжбүр болды. Солай етип «Советская энциклопедия»да көрсетиўинше, «899-жылы қаңлылардың панзынек (печенег) аты менен белгили бол­ғанлары Қара теңиз дөгерегине қарай қоныс аўдарып, аўыр жағдайды басынан өткерди. Дала қайтадан гүлленгеннен кейин қаңлылар (печенеглер) қайтадан күш жыйнап, қоршаған тәбият пенен бирге қулпырып, өз күшине минди» деп көрсетеди. Тарийхшылардың тастыйықлаўынша, қаңлылардың Далада раўажланыўы түрклердиң Европаға тәсириниң артыўына, 8V әсирдеги олардың Европаға үстемлик етиўиниң тийкарын салды.

Буннан кейин қаңлылардың өз ишине алған уйғыр, бөрикли, қырғыз ҳәм тағы бас­қа ҳәммеси 12 қәўим қыпшақ қәўимине қосылып, Дешти-қыпшақ далаларында жасап, оның менен бирге Европаны ийелеўге қатнасқан қарақалпақлардың буннан кейинги тарийхы қыпшақлар менен тиккелей байланыслы.

Бөриклилердиң Қыпшақ даласына араласыўының тийкары, тарийхшы Мурат Аджидиң көрсетиўинше, тарийхтың биринши әсиринен басланып, түрктиң көпшилик қәўимлерин қамтыған «Великие переселение народов» (Халықлардың уллы қонысласыўы) дәўириниң тәсири болғанлығы белгили.

Бул Бердақтың қарақалпақлардың атайы салты болған «Саҳра халқы көшип гезбек. Кәнтли жерден мәкан дүзбек» деп көрсеткенине туўры келеди.

Уллы көшиўдиң себеби, - дейди Мурат Аджи. — Алтай жеринде жүдә көп қәўимлердиң жасаўынан  ҳәммени асыраўға ҳалы келмеди. Сол дәўирде Алтай халқының абырайы, қүдирети дүньяның төрт тәрепине қарай көшип, оны ийелеў мүмкиншилигине ийе еди. Соның ишинде Европадағы халықтың азлығы ҳәм шарўашылыққа қолайлылығы түрклердиң Европаға бет алыўына себеп болды. 

Археологлардың көрсетиўинше, Дала деп аталатуғын жаңа қоныста түрклер қалалар қурды, жоллар салды, көпирлер пайда етти, аймақларды өзлестирди. Түрклер ҳәр жылы Даланың 40 км ишине жылыс­ты. Солай етип, еки ярым әсирде Алтайдан Атлантика океанына дейин еки ярым әсирлик өмирде таң қаларлық ел пайда болып, ол дүньялық мәденияттың орайына айланды. Қыпшақлар руўхый, материаллық ямаса әскерий күшлилик жақтан ҳәммеден үстем болды.

Бул уллы өзгерислер қыпшақлардың талантлы басшысы Аттилланың сиясаты менен де байланыслы болды. Аттилланың тусында Дешти қыпшақтың аймағының уллылығы оның заманласларын ҳайран қалдырды. Ол арқада Альп таўынан, Европаның түп орайы, Дунайдың сағасынан баслап, Шығысқа мың километрдей аралықтағы Байкал көлине дейин созылды. Византия хызметкери араб Ибн Батутта ҳәм басқа саяхатшылардың көрсетиўинше, Шығыстан Арқаға созылған түрк еллериниң жолы сегиз айлық жол еди. Қублада Босфорға жетти, Греция ҳәм Болгария түркий қағанат болып ол: «Уллы Булгария» деп аталды. Арқа Кавказ таўларының алды бети Дешти қыпшаққа қарады. Каспий теңизиниң жағалары да оған бағынды. Ҳәзирги Татарстаннын жери ең арқа шети болды. Тек Европа емес, Қытайда, Персияда түрклерге төлемлер төлеп турды. Оның әскерий күши, сондай күшли болды. Оған ҳеш бир халық қарсы тура алмас еди. Европа ҳәзирге дейин ол күшти умытпады. Қыпшақлар темир қылыш, узын найзалар менен урысты, темирден костюм, шлем кийди. Европада қураллар бронзадан исленген еди. Дала әскерлери ат үстинде урысты. Европалылар ушын атқа миниў әрман еди. Аттилла үлкенлик ҳуқықына ийе болғанлықтан Византия елшилерин ат үстинде отырып қабыл етти. Аттилланың ар­миясы ярым миллион әскерден ибарат еди. Оның изинен Европаға үш миллион түрклер ерип келди. Нәтийжеде ҳәр бир екинши европалы адам түрк тамырына ийе болды, деп көрсетип, Мурат Аджи орыс зыялыларын Аксаков, Байбаков, Годунов, Кутузев, Суворов, Карамзин, Темирязев, Нахимов, Тургенев, Баскаков, Юсуповлар ҳәм жүзлеген атақлы шаңарақлар пайда болды, деп тастыйықлайды. Ол дәўирде түрк тили австриялықларға, саксонларға, англичанларға түсиникли тил болған. Ал, серблердиң, хорватлардың, булгарлардың, украинлардың, қазақлардың, венгерлердиң, чехлардың ана тили екен. Түрклердиң үстемлигинен баслап Европада антиклик дәўир таўсылып, орта әсирлик дәўири басланып, онда бир қудайлыққа исениў дини орнады. Себеби, қыпшақлар аспан қудайы Тәңирге сыйынды. Ол қудайдың төрт тәрепке нурын шашып туратуғынын көрсеткен крестти пайда етти ҳәм ҳәммениң санасында тәңиршиликти, яғный, бир қудайға сыйыныўды әмелге асырды.

312-жылы Рим империясы 700 жыл Европаға ийелик еткен жағдайынан айрылды. Антик дәўир жоқ болып, грек-рим язычествоның орнына тәңиршилик тийкарында хрис­тианлық дини пайда болды.

Тарийхта қыпшақлардың ҳәр қыйлы миллетлердиң арасында ушырасатуғыны, яғный, оны қазақлар-қыпшақ, башкирлар-қыпсық, қырғызлар-қарпыз қыпшақ, өзбеклер фер­ғаналы қыпшақ, қарақалпақлар-қыпшақ деп атап, өзиниң тегин излеўи орынлы.

Қыпшақлардың уллы жеңисинде ол қәўимниң ишинде жасаған қарақалпақлардың да айтарлықтай үлеси бар екенлиги сол қыпшақларға өзиниң минез қулқының, сыртқы пишиминиң, дөгеректи түсиниў уқыплылығының, үрп-әдети, тили, дининиң уқсаслығының туўры келиўи дәлил болады.

Қарақалпақлар уллы Далада-Дешти қыпшақта қыпшақлар-половецлер болып, өзиниң минез-қулқын таплаған, батыр болған, бир сөзли, қайтпас, өжет ҳәм шәддеслик көрсетип, өзиниң қарақалпақлар, яғный «Ғайратлы қалпақ» деген ҳақыйқат атын дәлиллеген. Олар V әсирде Киевти салыў­ға, оның атын «Күйеў» (Киев) деп қойыўға араласқан. Ке­йин Киев Русы хәкимиятының сиясатына, урысларына қатнасып, «Великий Киевкий Руси, Чёрные глобоки» деген мөрдиң ийеси болған.

Қарақалпақлар печенеглер 972-жылы Киев князи полковеци Святославтың армиясын қырып, өзин қаза таптырады. Бул печенеглердиң қырағы, өзин-өзи қорғап билетуғын батыр халық екенлигин дәлиллейди. 

Лев Гумилов 1099-жылы Давид Игорович половодецлердиң ханы Боняк қыпшақ пенен бирге баслаған урыста венгерлердиң әскерлерин қыйратты. Ол өзиниң қубла тәрепин қорғаў ушын, пәраўан жасап атырған «Чёрные глобокилер» атлы түрклерди шегараға қонысластырды. Қара бөриклилердиң орайы Поросье еди. Қара бөриклилер Киев князларының әҳмийетли әскерий қуралы болып барлық әскерий ҳәрекетлерине қатнасты. «Полодовецлер Украинаның этногенезине қатнасы бар» деген сөзи қарақалпақлардың ким болғанын көрсетеди.

Мурат Аджиниң көр­сетиўинше: Қыпшақлардың бир шақасы: тоқсаба, сары қыпшақ, деп аталған.  Бул атама қыпшақлардың қарақалпақларға жақынлығын Бердақ бабамыздың шежиресиндеги мынандай қатарлардан көриўге болады:

«Қыпшақ ҳәм йылқы жыйнады,

Желиге қулун байлады,

Қымыз сабасын сайлады,

«Тоқсаба» уран болған екен» деген қосық қатарлары бизиң кыпшақлар екенимизди көрсетеди.

Тарийхта половецлерди «сары қыпшақ» деп те атаған. Мурат Аджидиң көрсетиўинше, «атаман» түрк сөзи. Сары Ауманның атаманлары, Черкес, Шодра, Қобан, Ермак, Ляпунлердиң ҳәммеси әскерий исте атақлы сарылар болған. Шамасы, бизиң «бессары» деп аталған руўымыз сол бес атаманлардың урпақлары да болыўы мүмкин.

Белгили алым А.Саладзе өзиниң «Ибн Сино» деген китабында «Аварлар қандай халық?», «Биреўлер «апар» - «апариум» Телениң фуфуло қәўими ме?» деп сораў қояды. Ал, Лев Гумилов: «Аварлар Теледеги фуфулоның бир қәўими», «Аварлар қарақалпақлардың урпақлары. II-III әсирлерде Тайшахан әскерлери душпан әскерлериниң Тянь-Шаньның арқа жайлаўындағы Тарғибатияға дейин қуўып бар­ғанда оларды авар қәўими тоқтатты. Аварлар Азия даласындагы ең жаўынгер халық деп есапланады. Олар тарийхта VII әсирлерде де белгили болып, кейин түрклер тәрепинен бағындырылыўынан соң жоқ болды» деп көрсетеди. Бул да қарақалпақлардың ғайратлылығының белгиси сыяқлы түйиледи.

Ал, енди тарийхқа тереңирек үңилсек, сол аварлар «Қара бөриклилер» тарийхтан түсип қалмапты. Мурат Аджи өзиниң китабында: Гиббон деген тарийхшының изертлеўине байланыслы қара бөриклилердиң (аварлардың) жоқ болып кетпегенин былай баянлайды. «Аварлар ордасы VI әсирде Алтайдан Европаға қарап қашқан. Уллы патша оның изинен қуўғанда олар Кавказдағы Анжи деген қор­ғанға жасырынған. Соң Константинопольдың хызметине кириўге урынған. Кейин Альп­ке жеткен. Альпте Баян ханның тусында жүдә күшейген. Өзиниң бабасы Аттиллаға уқсағысы келген. Ҳәтте, оның бир сарайын да ийелеген. Дөгеректеги көплеген елди бағындырып, Европада тағы бир жаңа халықты пайда еткен. Сол аварлар ҳәзирги баварлардың теги болып, XVI әcирге дейин түрк тилинде сөйлеген. Гейпаралардың гәпине қарағанда, олар ҳәзирге дейин түрк екенин биледи.

Демек, халық жоқ болып кетпейди, тарийх оның изин сақлайды. Мине енди, жоғалған аварлар немислерге айланып, Бавария елинде еркин жасап атыр.

Сондай-ақ, сол дәўирдеги қыпшақлардың ишиндеги қара бөриклилердиң бизиң турмысымызға алып келген белгилери бизиң шығысымызды көрсетеди. Мысалы, 312-жылы Даланың әскерлери Рим әскерлерин қыйратты ҳәм жеңилген қаланың дийўалында оқыған түрк тилиндеги намаз: «Ходай алдында бөтен әдәм ачық булсун» деген Тәңиршиликтиң тийкарғы қағыйдасы қарақалпақлардың мың жылдан бери ой-өрисинде қалып, «Қудай алдында ҳәмме ўақыт жүзиң ашық болсын» деген нәсиятына туўра келиўи,  «жүз қара», «Қызыл жүзли жигиттиң қызарғаны өлгени» деген, Хожа Ахмед Яссаўийдиң:

«Мен атына миндим өзим,

Нәмәҳремлерге түсти көзим,

Хақ алдында қызырып жүзим,

Өширди ийман шырағыны» деген ғәззелиндеги нәсият түрклердиң «Қудай алдында жүзиң ашық болсын» деген ибарасының қарақалпақлар арасында сақланыўы бизиң ким екенлигимизди билдиреди.

Қарақалпақлар ертеден-ақ түрк тиллес қәўимлердиң ишинде Тәңиршилик динине берилген қәўим екенлиги, оның елеге дейин Тәңирди, аспан қудайына мусылман дининдеги «Алла» менен теңдей сыйынатуғын әдетлеринен көриўге болады.  Халықта елеге дейин «Тәңир жарылқасын», «Малу-мүлким ҳәр не барым. Тапсырдым мен Тәңирге» (Әжинияз) деген ибаралар, балаларының исмин Тәңирберген, Тәңиржан деп қойыўы басқа халықларда ушыраспайды. Тәңиршилик дининде тек бир қудай, «Умай ана» қуда­йының қарақалпақлар арасында нәсилди сақлаў қудайы ретинде сақланыўы бизиң шығысымыздың қыпшақлар екенлигин көрсетеди.

Бизге жетип келген сол дәўирдеги қыпшақ тилиндеги терминлерди бизлердиң елеге дейин қолланып атырғанымыздың өзи де бизиң тегимизди көрсетеди. Айтайық, қыпшақ тилиндеги қойун - қой, қозу - қозы, қочқар - қошқар, тоқлы - тоқлы, шийшек - исек, сығыр - сы­йыр, өгүз - өгиз, буга -буға, бузагу - бузаў, тана - тана, теве - түйе, ийген - инген, бота - бота, ат - ат, айгур - айғыр, йорга - жорға, бе - бие, тай - тай, қулан - қулан, қунан - қунан деп аталғаны, бизиң оған қанша жақынлығымыздың гүўасы.

Қыпшақлардың хан, апа, ёпа, аул деген сөзлери де бизлердики. Олар байрақты «ту» деп атап, оны түрктиң руўхын көтеретуғын «рух» деп түсиниўи елеге дейин қарақалпақлар арасында сақланған. Буның мысалы жазыўшылардың «көтерилген ту» ҳаққында шығармалары, «туўыңды жақтым ба?» деген сөзлер ушырасыўы әҳмийетли уқсаслар.

Қыпшақларға усаған қарақалпақлардың минез-қулқы оның ғайбарлығы, туўры сөзлилиги, әсиресе, олардың ул баланы тәрбиялаўдағы әкениң қаталлығы белгили.

Қыпшақлар әдет бойынша баласына қандай қәўип туўып турған минутта да оған жәрдем бермеген. Ҳәтте, баласы өгиздиң шақына илинип турса да оған қол созбаған, дейди тарийхшылар. Өзиниң басында турған қара бултты өзи қуўсын, деп тәрбия берген. Қыпшақлардың сол әдети қарақалпақларда да ушырасар еди.

Қыпшақлардың атқа ҳүрмети оны әлпешлеўи қарақалпақларға да өткен. Мысалы, қыпшақлар атлы урыс­қан.  «Желдей есип келип, қустай ушып жоқ болатуғын» олардың қәсийетине байланыслы «Ат дегенше қанат десеңо», «Ер жигиттиң бир мурады ат болар» деген ибаралар буның мысалы. Қыпшақлар атта жүриў қолайлы болыўы ушын дүньяда биринши болып «Шавбар» ойлап тапқан. Ол бизиң тилде елеге дейин «Шалбар» деп атанып, бизиң ҳаслы-тегимизден хабар береди.

Миллий аўқат миллеттиң мәдениятының ең консерватив элементи. Адам балалықта жеген аўқатын умытпайтуғыны сыяқлы қыпшақлардың сол дәўирдеги аўқатларын қазы, шубат, сур гөшти ҳәзир де аңсамайтуғын қарақалпақ болмаса керек. 

V әсирде Аттилла өлгеннен кейин Европада узаққа созыл­ған урыслар басланыўы оннан дөреген 184 ул балалары (қызлары есап емес) ҳүкимет ушын бир-бири менен қырылысты. Бурынғы 500000 әскерден қалған топарлары бир-бири менен жан таласта жасады. Нәтийжеде Европада көп санлы түрк мәмлекетлери пайда болды.

1236-1242-жыллардағы Батыйдың шабылыўынан кейин половецлер-кыпшақлар сиясий бирлик ретинде өзиниң жасаўын тоқтатты ҳәм түрк хал­қының тийкарғы массивине Алтын Ордаға түрк халқының қурам бөлегине айланды.

Жуўмақлап айтқанда, бизиң бурынғы тарийхшылар мойынламаған «Қара бөриклилер» деп аталған қарақалпақларды XIV әсирде жасаған араб тарийхшысы ән-Нувайри қыпшақлардың он бир қәўиминиң бирин «Қара бөриклилер» деп атап, оны қыпшақтан шықты, деген пикирин ҳәм белгили тарийхшы Т.А.Жданконың қарақалпақларды қыпшақлардан шыққан, деп тастыйықлаўының ҳақыйқатлыққа туўра келетуғынлығын, қара бөриклилер қыпшақлар арасында олар менен уллы табысларға ерисиўинен «қарақалпақ», яғный, «күшли қалпақ» деген атқа миясар болған дәлилимиз қарақалпақлардың тарийхының жаңа бетин ашыўда әҳмийетли изертлеў, деп есаплаўға болады. Қарақалпақлардың жаңадан жазылатуғын тарийхында усы ўақыяларға терең итибар бериў керек, деп ойлаймыз.

 

 

Қ.КАМАЛОВ,

мийнет қаҳарманы,

Ж.БАЗАРБАЕВ,

академик.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF