Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 08:06:17, 18.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ТАРАЎҒА ЗАМАНАГӨЙ ТЕЛЕКОММУНИКАЦИЯЛЫҚ ТЕХНОЛОГИЯЛАР ЕНГИЗИЛМЕКТЕ

— Ҳәзирги ўақытта, байланыс ҳәм мәлимлемелестириў тараўында республикамыз халқына «Өзбектелеком» АК Қарақалпақстан Республикасы филиалы сымлы байланыс, «Билайн», «Ucell», «UMS», «Perfectum Mobile»   ҳәм «UzMobile» — уялы байланыс операторлары тәрепинен заманагөй, сапалы байланыс хызметлерин усынбақта.

2019-жылдың жуўмағы бойынша республикамызда мобиль байланыстың қамтыў дәрежеси 97,4 процентке жетти. Себеби, жәмийеттиң ҳәр қыйлы социаллық-экономикалық тараўларына мәлимлеме-коммуникациялық технологияларды енгизиў ҳәм пайдаланыўды ең әҳмийетли ўазыйпалардың бири деп есаплаймыз.

Сонлықтан, ҳәзирги ўақытта байланыс тараўының мақсетли ҳәм нәтийжели раўажланыўы ушын нызам, нормативлик-ҳуқықый базаны ислеп шығыў, халықаралық операторлар менен еркин байланыс каналларын шөлкемлестириў, инвестицияларды тартқан ҳалда телекоммуникациялық тармақты санлы технологиялар базасына модернизациялаў сыяқлы жумыслар әмелге асырылмақта.

«Өзбектелеком» АК Қарақалпақстан Республикасы филиалы тәрепинен усы күнге шекем бар болған телекоммуникациялық тармақларды модернизациялаў, жаңа заманагөй технологияларды енгизиў бойынша, сондай-ақ, тутыныўшыларға көрсетилип атырған хызметлердиң түрин көбейтиў ҳәм көп сандағы потенциаллы абонент­лерди тартыў мақсетинде сервис дәрежесин жақсылаў жумыслары турақлы түрде алып барылмақта.

Бүгинги күнде филиал тәрепинен телефон байланысы, интернет, IPTV хызметлери көрсетилип атыр. Бул хызметлер сапалы, тутыныўшылар ушын қолайлы ҳәм әпиўайы болыўы керек. Усы мақсетте, республикамыз бойлап, «Бир айна» принципи тийкарында жумыс ислейтуғын саўда бөлимлери ҳәр қыйлы байланыс хызметлерин көрсетип келмекте. Сонлықтан, бурынлары компания абонентлери телефон, интернет, уялы байланыс хызметлеринен пайдаланыў ушын «Өзбектелеком» АКның ҳәр бир филиалына өз алдына мүрәжат еткен болса, бүгинги күнде жаңа саўда бөлимине келиўи ҳәм бир жерден барлық түрдеги хызметлерден пайдаланыў имканиятына ийе.

Сондай-ақ, филиал тәрепинен телекоммуникациялық тармақларды раўажландырыў ҳәм қайта оңлаў бо­йынша бир қатар жумыслар исленди. Бүгинги күнге келип район (қала) орайларын санластырыў 100 процентке жетти. Интернет хызметлерин раўажландырыў ҳәм енгизиў ушын «Өзбектелеком» АК Қарақалпақстан Республикасы филиалы, «Buzton» ЖК ҳәм «East Telecom» тәрепинен хызмет көрсетилмекте.

Провайдерлер тәрепинен кең полосалы интернет хызметлери, ажыратылған ҳәм шийше талшықлы кабель арқалы мағлыўматлар алмасыў транспорт тармақларының өткериў тезлиги Ташкент-Нөкис аралығы  100 Гбит/с, қала ҳәм район орайларына шекем 40 Гбит/с.қа жеткерилди.

Қарақалпақстан Республикасында магистрал ҳәм зона ишиндеги шийше талшықлы байланыс линиясының қурылысы байланыс тараўының маш­қалаларын шешеди. Бундай деўимиздиң себеби, заманагөй санлы системаны мағлыўматлар узатыў, сапалы байланыс линиясы, телевидение ҳәм интернет қурайды.

Өзбекстан Республикасы Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуника­цияларын раўажландырыў министрлиги Қарақалпақстан Республикасы аймақлық басқармасы тараўындағы барлық кәрхана, шөлкем ҳәм бөлимлерге өткен жыл даўамында мәлимлеме технологияларын раўажландырыў бо­йынша «Өзбектелеком» АК Қарақалпақстан Республикасы филиалына cыйымлығы 15 264 абонентке мөлшерленген 48 дана MSAN қурылмасы ажыратылды. Соның 21 данаси Нөкис қаласына, 2 дана Хожели районына ҳәм 8 данасы Қоңырат районына, 3 данасы Кегейли районына,  11 дана Беруний районына ҳәм де Мойнақ, Елликқала, Бозатаў  районларына 1 данадан орнатылып, халыққа IPTV ҳәм интернет хызметлерин көрсетиў жол­ға қойылған болып, усы жылдың 2 шерегинде ZTE технологиясы тийкарында 41 792 абонентке мөлшерленген 95 дана MSAN қурылмалары алып келинген болып, ҳәзирги күнде бәрше абонентлерди қайта жалғаў жумыслары даўам етпекте.

Кең полосалы хызметлерди көрсетиў ушын орнатылған қурылмалардың сыйымлылығы 54,8 мың данаға көтерилди. 21 жаңадан қурылған көп қабатлы жайларға FTTx технологиясы тийкарында 18,9 км.лик шийше талшықлы байланыс кабельлери тартылды ҳәм тутыныўшыларға кең полосалы телекоммуникациялық хызметлер усынылмақта.

Бүгинги күнде GPON технологиясы тийкарында 852,5 км. узынлықтағы шийше талшықлы байланыс линиялары тартылды.

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги тәрепинен тастыйықланған бағдарламаға муўапық, 2019-жыл даўамында жәми 505 социаллық тараў объектлерине (274 мектеп, 118 бақша,
113 денсаўлықты сақлаў мәкемелери) 300,9 км.лик шийше талшықлы байланыс линиялары қурылған болып 2020-жыл 1 шереги даўамында және де 154 социаллық объектлерине(79 мектеп, 59 бақша, 16 денсаўлықты сақлаў мәкемелери) 109 км артық шийше талшықлы байланыс линиялары қурылып, ҳәзирги күнде халық билимлендириў, мектепке шекемги билимлендириў ҳәм денсаўлықты сақлаў мәкемелерине шийше талшықлы байланыс линияларын жалғаў ушын Switch үскенелерин алып келиў ҳәм орнатыў жумыслары әмелге асырылмақта.

Сондай-ақ, Мәмлекетлик хызметлер агентлигиниң район (қала)лық орайларына шекем 5,6 км, район (қала)лық судлардың имаратларына шекем 15,1 км, район (қала)лық прокуратура имаратларына шекем 11,2 км ҳәм «Нөкис-Фарм» еркин экономикалық зонасы аймағына шекем 2,7 км. шийше талшықлы байланыс линиялары шөлкемлестирилип, оларға байланыс ҳәм интернет хызметлери көрсетилип басланды.

Республикамыздағы туристлик орынларға қолайлылық жаратыў мақсетинде Нөкис қаласындағы темир жол вокзалы, «Истиқлол» бағы, Жаслар орайы, Муҳаммед Ал Хорезмий атындағы ТИТУ Нөкис филиалы,   И.В.Савицкий атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик көркем өнер музейи аймағы, Мойнақ районындағы Арал музейи, кемелер қойымшылығы, Экология музейи, Беруний районындағы Мәлимлеме-ресурс орайы, «Жаслар бағы» ҳәм Қанлыкөл районындағы Жаслар орайы ушын шийше талшықлы байланыс кабельлери тартылып, WI-FI зоналары шөлкемлестирилди.

«Телекоммуникация транспорт тармағы» филиалының 6-санлы техникалық узели тәрепинен быйылғы жыл даўамында Нөкис-Қоңырат-Бейнеў халықаралық телекоммуникациялық тармақларды резервлестириў мақсетинде Қоңырат-Мойнақ 100 км. ҳәм Кегейли — Бозатаў  50 км.лик шийше талшықлы байланыс кабельлери өткерилди.

Почта байланысын көрсетиў бо­йынша халықтың почта жөнелтпелерин тез ўақыт ишинде жеткерип бериў мақсетинде Нөкис қаласында ҳәм ра­йонлық почта байланысы бөлимшелеринде «Оператив почта» ҳәм курьерлик хызметлер жолға қойылды.

Тутыныўшыларға қолайлылық жаратыў мақсетинде Беруний, Еллик­қала, Шымбай районлары ҳәм Нөкис қаласы мәмлекетлик салық инспек­циясы, жол ҳәрекети қәўипсизлиги басқармасы бөлимлериниң имаратлары жанынан төлемлерди қабыл етиў пунктлери шөлкемлестирилип, барлық почта байланысы бөлимшелеринде ҳәм байланыс бөлимлеринде «Ўзагросуғурта», «Кафолат», «Ўзбек­инвест» қамсызландырыў компанияларының ықтыярлы қамсызландырыўларын, санлы телевидение телекарталарын сатыў жолға қойылды.

РРТО МУКтың Қарақалпақ радиотелетарқатыў орайы тәрепинен
21 объектке жәми 11 жоқары ҳәм кем қуўатлы санлы телевидение узатқышларын орнатып республикамыз хал­қын санлы телевидение менен қамтып алыў 100 процентке жеткерилди.

Президентимиздиң бес әҳмийетли басламасына тийкарланып Нөкис қаласы, Мойнақ, Беруний ҳәм Қанлыкөл районларында Санлы технологиялар 85-орайлары ашылды. Бүгинги күнге шекем усы орайларды 1245 оқыўшы-жаслар питкерип, сертификатлар алды.

Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасының басламасы менен Мойнақ районында «Future Muynak» 85 орайы ҳәм Book cafe объектлери пайдаланыўға тапсырылды ҳәм бул мәкемелер бийғәрез түрде Муҳаммед Ал Хорезмий атындағы Ташкент мәлимлеме-технологиялары университетиниң Нөкис филиалы балансына өткерип берилди.

Мәлимлеме коммуникация технологияларын раўажландырыў мақсетинде Министрлер Кеңеси тәрепинен 6 мәлимлеме ресурсы, 7 мәлимлеме системалары (reestr.uz)  енгизилди. Ашық мағлыўматлар (data.gov.uz) порталына 279 дана мағлыўматлар топламы жайластырылып, усылар 822 мың мәрте жүклеп алын­ған.

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесинде, қала ҳәм район ҳәкимликлеринде локал ҳәм корпоратив тармақлар шөлкемлестирилди.

Жергиликли ҳәкимликлер, мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў уйымларында электрон ҳүжжет айланысы системасын шөлкемлестириў ушын «Е-XAT» қорғалған электрон почталары ҳәм «IJRO.GOV.UZ» электрон ҳүжжет айланысы системалары енгизилди.

Усы бағдарламаға муўапық, 2013-2020-жылларда телекоммуникация тармағындағы байланыс инфраструктурасын, стационар кең полосалы интернет жалғаныўын раўажландырыў, мобиль байланыс тармағының базалық станцияларын 3G, 4G LTE, EVDO, LTE технологиялары тийкарында кеңейтиў ҳәм мағлыўматларды жеткериўди 100 Мбит/с.ға жеткериў, халықаралық пакетли коммутацияны 300 Гбит/с, Өзбекстан Республикасы ишиндеги магистрал тармақтың жеткериў тезлигин ўәлаят орайларына шекем 100 Гбит/с.қа, район орайларына шекем 40 Гбит/с.қа жеткериў, «Клиринг», «Салық», Денсаўлықты сақлаў», «Әдиллик», «Саўда», «Бажыхана», «Билимлендириў», «Мәмлекетлик бас­қарыў», «Напақа», «Коммунал» ҳәм «Лицензия» мәлимлеме системалары комплекслерин ҳәм мағлыўматлар базаларын енгизиў ўазыйпалары белгиленген.

Алдымызда усы ўазыйпаларды толық жуўмақлаў турыпты.

Сондай-ақ, тараўға Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл      2-марттағы «2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бо­йынша ҳәрекетлер стратегиясын «Илим, мәрипат ҳәм санлы экономиканы раўажландырыў жылы»нда әмелге асырыўға байланыслы мәмлекетлик бағдарламасы ҳаққында»ғы Пәрманы менен де бир қатар ўазыйпалар жүкленди.

2020-жылда кеминде 800 мың кең полосалы Интернет портларын жаратыў ҳәм 12 мың километр шийше талшықлы байланыс линияларын тартыў, еки ай мүддетте бизнеске және исбилерменликти баслаў тилегиндеги пуқараларға ҳәм өзин-өзи бәнт етпекши болғанларға сервис көрсететуғын интерактив мобиль қосымшалар жаратыў ушын таңлаўлар жәриялап, ең жақсы жойбарларға грантлар ажыратыў системасын жолға қойыў, Өзбекстан Республикасы Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги менен биргеликте экспертлер, атап айтқанда, сырт ел экспертлериниң қатнасыўында мағлыўматлар ҳаққындағы илим, үлкен мағлыўматлар, жасалма интеллект сыяқлы бағдарларда кадрлар таярлаўды нәзерде тутқан ҳалда, мәлимлеме-коммуникациялары ҳәм санлы экономика тараўындағы оқыў бағдарламаларының қайта көрип шығылыўын тәми­йинлеў, «Электрон ҳүкимет» сис­темасын раўажландырыў бағдарында ҳәм тараўға тийисли басқа да әҳмийетли ўазыйпалар жүкленди.

Алдымызға қойылған бул ўазыйпалар белгиленген мүддетлерде әмелге асырылса, тараў және де раўажланып, халықтың абаданлығының артыўы, жумысының жеңиллениўи ушын хызмет етеди.

Жазып алған:

Қонысбай РЕЙМОВ,

арнаўлы хабаршымыз.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF