Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 08:46:58, 24.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

МАШҚАЛАНЫҢ ҮЛКЕН — КИШИСИ БОЛМАЙДЫ

Хожели районындағы  «Шағалакөл» мәкан пуқаралар жыйыны турғынлары сол жерден өтетуғын  коллектордың (изейкеш)  үстине өз басымшалық пенен қурылған көпир қолайсыз жағдайда екенлиги туўралы усы аймақтан сайланған Халық депутатлары Хожели районлық Кеңесиндеги ӨзЛиДеП  депутатлық топарының баслығы  Юлдаш Матниязоқа мүрәжат етти.

Депутат  аймақ турғынларының машқаласын нызам шеңберинде көрип,  үйренип шықты.  Халық ўәкили  Хожели районлық абаданластырыў бөлимине  депутатлық сораў  жиберди.  Абаданластырыў  бөлими  оңлаў жумысларын алып барыў ушын қурылыс материалларын алыўға 20 миллион сум муғдарында қаржы кереклигин айтты.

Депутат қаржы мәселесинде  район  ҳәкими  Жеңис Ермашевқа усыныс хаты менен шықты. Ра­йон ҳәкимлиги тәрепинен жоқарыдағы көрсетилген қаржы  ажыратылып,  усыныс   унамлы  шешимин  тапты.

Нәтийжеде көпирге ири оңлаў жумыслары алып барылып, қайтадан жаңа түске енди.

— Аймағымызда 978 хожалық бар, 5433 адам жасайды,-дейди «Шағалакөл» МПЖ баслығы Қоблан Асаматдинов. — Негизинде, бул көпирди усы жердиң турғынлары изейкештиң арғы тәрепиндеги 4-санлы улыўма билим бериў мектебине балаларының қатнаўы ушын өзлери қурып алған еди. Гүзги-қысқы мәўсимде жоллар тайғақ ҳалға келгенде балалардың оқыўға қатнаўына қыйыншылық туўдыратуғын еди. Сонлықтан, аймағымыздан сайланған депутат Ю.Матниязовқа жәрдем сорап мүрәжат етилген еди.

Машқаламызды шешиўге жәрдем көрсеткени ушын депутатқа, район ҳәкимлигине ҳәм абаданластырыў бөлимине миннетдармыз.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF