Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 21:28:48, 23.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ҚОЛЫ ГҮЛ, ҚӘДЕМИ ҚУТЛЫ ҚУРЫЛЫСШЫ

Өзбекстан Республикасы Ғәрезсизлигиниң 29 жыллық байрамы ҳүрметине «Дослық» ордени менен сыйлықланған «Бахыт Миратдин-қурылыс» жуўапкершилиги шекленген жәмийети баслығы Бахыт Салатдиновты Бозатаў районы орайындағы қурылысы қызғын түс алған Мәмлекетлик хызметлер орайының майданшасы менен жаңа үлгидеги турақ жайлардың қурылысында Өзбекстан Республикасы спортшыларының жәҳән ареналарында кийип шығатуғын миллий спорт формасын кийип жүрген пайытлары ушыраттық.

Өзбекстан Республикасы Дене тәрбиясы ҳәм спорт министрлиги қысқа ўақыт ишинде Мойнақ, Қанлыкөл ҳәм Бозатаў районларының орайларында ҳәр бири 1000 орынлық спорт комплекслерин өз мүддетинде сапалы қурып, пайдаланыўға тапсырғаны ушын өткен жылдың 8-декабринде «Өзбекстан спорт ағласы» көкирек нышанына ылайық деп тапқан қурылысшының «Дослық» орденине миясар болғаны менен бириншилер қатарында қутлықлап, саўға ретинде жибергенин билдик.

­ Кәсиплеслеримиз ҳәр қандай қурылыс объектлерин салыўға қәнигелеспесе болмайды, -дейди Бахыт Салатдинов гүрриңлесиў барысында.

­ Ҳәрдайым Мойнақ, Қанлыкөл ҳәм Бозатаў районларында азанғы ҳәм кешки ўақытлары районлардың турғынлары пидәкерли мийнетлеримиз бенен қурып питкерген ста­дионларымызды толтырып, дене шынықтырыў ҳәм спорттың көплеген түрлери бойынша командалар дүзип, өз-ара жарысқанда қуўанышларымыз қойынларымызға сыймайды...

1983-жылы Нөкис қаласындағы Әжинияз атындағы орта мектепти питкерген Бахыт Одесса қурылыс техникумына оқыўға кирип, армия хызметин өтеўден Ташкент транспорт институты қурылыс факультетиниң кешки бөлимине оқыўға түскен. Өндиристен қол үзбей,  темир-бетон буйымлары заводында мийнеттен қайнап писеди. 2010-жылы өз атына «Бахыт Миратдин-қурылыс» жуўапкершилиги шекленген жәмийетин ашқанша көплеген қурылыс шөлкемлеринде басшы-қосшы жумысларда ислеп, әсиресе, Қоңырат сода заводы қурылысларында мол тәжирийбе топлаўға ериседи. Нөкистеги көп қабатлы, Ақшолақта жаңа үлгидеги турақ жайларды қурыўдағы мийнетлери менен танымалы болыпты.

Жыллар өтиўден, жәмәәттиң материаллық-техникалық базасы беккемленип,  ислеўшилерди жыл даўамында турақлы жумыс пенен тәмийинлегени ушын ҳәр бири үш-төрт қәнигелик ийелеген жүзден зыят маман қурылысшы-монтажлаўшылар отряды қәлиплеседи.

2018-жылы Наманган лак-бояў заводының Нөкистен филиалын ашып, бурынлары қымбатына сырт­тан әкелинетуғын қурылыс материаллары, әйнек-қапыларға болған өз талабын  қанаатландырып қоймастан, сыртқа сатып, әдеўир пайда көрмекте.

Жыл басында Сырдәрья ўәлаятындағы «Сардоба» суў сақлағышында жүз берген тәбийғый апатшылықты сапластырыў ушын жәмәәттиң он бестен аслам қурылысшыларына өзи бас болып, керекли механизм ҳәм қурылыс материаллары менен бириншилер қатары жетип барып, бөлип берген жумыслар көлемин өз ўақтында сапалы питкерип қайтады.

Пүткил дүнья бойлап ен жайған коронавирус пандемиясы шараятында ислеўшилериниң қымбатлы денсаўлығы, өмирлерин қорғап қалыўда шешиўши илажларды көриўи нәтийжесинде жумыслары бир минут та тоқтамайды. Қыйын-қыстаў, сынақлы күнлери меҳир-мүриўбет, қайыр-сақаўатлы ислерден өзлерин щетке алмай, район халқына 205 қалта ун, 15 миллион сумлық қаржылай жәрдем берип, кем тәмийинленген бес шаңарақты өз қәўендерлигине алады. Сондай-ақ, жәрдемге мүтәжлердиң турақ жайларын оңлап ҳәм салып бериўди өзлерине парыз ҳәм қарыз деп билген.

­ Жәмәәтимиздиң ағзалары вахталық усылда ис жүргизеди. Ықласлы мийнетлери менен айрықша көзге түсип жүргенлерден атап өтсем, бас инженер М.Бекмуратов, прораб А.Тәжимуратов, ис усталарынан Р.Хожаметов, Ә.Бердақов, К.Бекмуратов, Ә.Оразов, Ә.Туре­кеев, сантехник Т.Серекеев, монтёр Р.Нурымбетов, алыс жерлерден қурылыс материалларын иркинишсиз тасып жеткериўде өзлерине бекитилген автомашиналарды техникалық жақтан күтип услайтуғын шофёрлардан Н.Алламбергенов, Ҳ.Бекмуратов, С.”айыпов, бетон қарыўшы механизмди басқарыўшы С.Аймуратов, А.Султанов, жүк көтериў кранын меңгериўши А.Бекимбетовлардың атларын ҳүрмет пенен тилге алғым келеди.

Қурылысын қурып атырған орынлардың экономикасына аз да болса жәрдемимизди тийгизиў мақсетинде банклердеги есап бетимизди районға көширип әкелиўдиң есабынан l миллиард сумлық салық төледик. Район ҳәкимиятынан жаңа тараўлар дийқаншылық ҳәм шарўашылық ислери менен шуғылланыў ушын жәрдем сорағанымызда,  50 гектар егислик жер ажыратып берди, - дейди Б.Салатдинов. 

«Ат туяғын тай басар» дегениндей, туўылған ўақытлары үлкен исеним менен қурылыс жәмәәтине атын қойған туңғышы Миратдин әке кәсибин ардақлап, Москвадағы қурылыс институтының екинши курсында оқып атыр.

Өз алдына отаў тигип, қайта қуралып атырған Бозатаў районы орайында ең заманагөй архитектуралық үлгидеги қурылыс имаратларын қурып, пандемия дәўиринде халқымыздың дәртине дәрман болған зәбердес қурылысшы Бахыт Салатдиновтың үлгили ислеринен өрнек алсақ арзыйды.

Ө.ӨТЕЎЛИЕВ,

өз хабаршымыз.

Бозатаў районы.

 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF