Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 11:21:17, 16.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

IТ-ПАРК — КЕЛЕШЕККЕ  ЖЕТЕЛЕЎШИ  КҮШ

Дәўир, заман, бүгинги күни тез өзгерип алға илгерилемекте. Суўлыққа таслап турған арғымақтай, мәлимлеме-коммуникация технологиялары көз илмес пәтте раўажланған әсирде жасап атырмыз.

Сонлықтан да, заманға сай қәдем атыў ушын елимизде унамлы жумыс­ларға қол урылмақта.

Негизинде мәлимлеме-коммуникация технологияларын раўажландырыўдың әҳмийетли шәрти программалық өним ҳәм санлы хызметлерди усыныў ушын қолай шараятлар жаратыў, оларды ишки ҳәм сыртқы базарға алып шығыў, инновациялық қолланбаларды хошаметлеўден ибарат.

IT-парк сөзиниң тилге түскенине оншелли көп ўақыт болмады. Сөз байлығымыздан ылайықлы орын ийелеп атырған IT-парклер жоқарыда келтирип өткен мақсетлерге хызмет етеди. Тараўдағы компанияларға прогрессив жойбарларды иске түсириў, хызметин илим-билимлендириў менен интеграциялаў, программаластырыў өнимлер базарына шығыўға көмеклеседи, идеяларды ҳақыйқый имканиятқа айландырыўға тийкар жаратады. «Заманагөй ақыл орайлары» ҳәзирги күнде мыңлаған стартаплар ҳәм программаластырыўдың басын жәмлеў алдында.

Бәринен әҳмийетлиси, бүгинги күни елимизде IT-парклер тәрепинен жаслардың санлы технологиядағы имканиятларына тийисли билимин жетилистириў, жас программистлерди таярлаў, оларды қоллап-қуўатлаў, хошаметлеў ушын бир қанша жойбарлар әмелге асырылмақта.

Қуўанышлысы, Нөкис қаласының орайындағы «Ғәрезсизлик» мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы, А.Шамуратова ҳәм С.Камалов көшелериниң кесиспесинде «IT-парк» қурылыўы белгиленген. Дурыс, пайтахтымызда бурын да көп қабатлы имаратлар қурылған. Туңғыш мәрте 16 қабатлы имарат бой тиклеп атырғаны өз алдына жаңалық десек қәтелеспеймиз. Жойбардың улыўма баҳасы 46,0 миллиард сумды қурайды.

Қурылыс майданы 33мх20 метр көлемди ийелеп, «GOLD STEP INVEST» ЖШЖ жойбар шөлкеми басшылығында, бас буйыртпашы «Nukus city» мәмлекетлик унитар кәрханасы, ал «UY-JAY QURILIS» ЖШЖ қурылысшылары тәрепинен орынланады.

Жойбардан гөзленген тийкарғы мақсет — АКТ тараўында қәнигели кадрларды таңлап алыў, оларды таярлаў, 85 программалар жаратыў, санлы экономиканы раўажландырыў.

Үстимиздеги жылдың июнь айында қурылыс жумыслары басланып, өз мүддетинде тапсырыў режелестирилмекте. Жасыратуғыны жоқ, дүнья жүзин шырмап алған коронавирус пандемиясы ўақтында жумыс алып барыў карантин қағыйдаларын қатаң сақлаўды талап етеди. Соның ушын да, l40тан аслам қурылысшының ҳәр күни жумыс­қа келер пайытында дене температурасы өлшенип, антисептикалық қураллар, нықап, қолқаплар менен тәмийинленген.

Қурылыс жумысларының үзилиске түсип қалмаўында заманагөй қурылыс материаллары Ташкент қаласынан жеткерип берилмекте. Әлбетте, бундай 16 қабатлы зәўлим имаратты арнаўлы қурылыс техникасысыз алып барыўдың илажы жоқ. Сонлықтан да, Түркия мәмлекетинен еки дана ТGM 66-15 маркалы бийиклиги 60 метрлик башня краны алып келинип орнатылған. Бул кранларды өзимиздиң жигитлер басқарып атырғаны мақтаныш сезимин оятады. «Исти қардарына тапсыр» дегендей, қурылысшылардың көпшилиги Москва сити, Ташкент сити қурылысларында тәжирийбе топлағанын еситип, халқымыз ийгилигине хызмет ететуғын имаратлардың тырнағы беккем қаланатуғынына исеним түйдик. Қәд көтерген бул имаратлар пайтахтымыз орайына «жүзикке қас қондырғандай» жамал берери сөзсиз.

Президентимиз тәрепинен алға қойылған бес әҳмийетли басламаның үшинши бағдары шеңберинде халық ҳәм жаслар арасында компьютер технологиялары ҳәм де интернеттен нәтийжели пайдаланыўды шөлкемлестириўден ибарат. IT-парктиң қурылысы питкерилип пайдаланыўға тапсырылыўы, халқымыз ҳәм жасларымыздың жумыс пенен тәмийинленип, экономикамыз раўажланыўында локомотив ўазыйпасын атқарары анық.

 

Қонысбай РЕЙМОВ,

өз хабаршымыз.

СҮЎРЕТТЕ: IT-парктиң макети.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF