Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 12:48:51, 25.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ЖАСЛАРДЫҢ БӘНТЛИГИН ТӘМИЙИНЛЕЎ БАС МӘСЕЛЕ

Бүгинниң жаслары — заманға сай пикирлейтуғын, ҳәр бир истиң көзин билетуғын, алға қойған мақсетине ерисиў жолында бар күш-ғайратын бағышлайтуғын, нәзик талғамлы, алға қарай адым атыўшы келешек қурыўшылары. 

 Соңғы жылларда елимизде жаслар бәнтлигин тәмийинлеў, ҳәр тәреплеме қолайлы шараятлар жаратыў, олардың ҳәр бир тараўдағы умтылысларын қоллап-қуўатлаў мәмлекетлик сиясат дәрежесине көтерилди. Ҳәр тәреплеме билимге ийе, мийнеткеш жасларымыз жаратылған имканиятлардан пайдаланып, бүгингидей сынаўлы  күнлерде де жақсы нәтийжелерге, жетискенликлерге ерисиўден тоқтап атырғаны жоқ. Олар бүгин ҳәр қашанғыдан да сергек, мийнеткеш. Олар тәрепинен ерисилип атыр­ған нәтийжелер пикиримиз дәлили.

Жасларды жумыс пенен тәмийинлеўде барлық аймақларда «Жаслар бағы», «Ҳәр бир жасқа — бир гектар», «Жаслар кооперациясы» сыяқлы әмелге асырылып атырған жойбарлар айрықша әҳмийетке ийе. Әсиресе, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2020-жыл 14-февраль күнги «Өзбекстан Республикасы Айрықша жағдайлар министрлигиниң жаслар бойынша жаңа басламаларын қоллап-қуўатлаўға байланыслы қосымша ис-илажлар ҳаққында»ғы 81-санлы қарарына тийкар Мойнақ районында шөлкемлестирилген «Мойнақ — келешек қурыўшылары» жуўапкершилиги шекленген жәми­йети тәрепинен дийқаншылықтың арқасында өзиниң, шаңарағының дәраматын арттырыў мақсетинде жасларға жер майданлары ажыратылып берилди.

Бундай қайырлы басламалар республикамыздың барлық аймақларында қолға алынып, жаслардың өз имканиятларын әмелге асырыўына шараят жаратып бермекте.

«Мойнақ — келешек қурыўшылары» жуўапкершилиги шекленген жәми­йетине ажыратылған жер майданларын жумыссыз жасларға бериў арқалы 1044 жумыссыз жаслардың бәнтлиги тәмийинленди.

 Жас дийқанлардың басламалары менен мийнетлери нәтийжесинде 4466 гектар жер майданына егинлер егилди.

Атап айтқанда, 1156,6 гектар жоңышқа, 1239,4 гектар мәкке, 1383,9 гектар салы, 255,1 гектар гүнжи, 168,3 гектар айғабағар, 126,5 гектар жүўери, 106,1 гектар қаўын-ғарбыз ҳәм 25 гектар мәш егинлери егилди.

Президентимиз мәсләҳәтшиси Турсунхан Айдарович басламасы менен Мойнақ, Тахтакөпир ҳәм Бозатаў районларында сырт елден қайтып келген жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў мақсетинде аймақлық бюджет қәрежетлери есабынан ҳәр бир районда ыссыханалар қурыў режелестирилмекте. Жойбар шөлкемлестирилиўи нәтийжесинде 300 ден аслам жастың бәнтлиги тәмийинлениўи күтилмекте.

Ҳәзирде егилген жоңышқаларды жыйнап алыў ислери әмелге асырылмақта. Атап айтқанда, 818,1 гектар жер майданынан 32673 дана пресс жоңышқа, 1904 тонна силос алынды.

Усы жылдың 15-август күни Нөкис қаласы орайлық дийқан базарында республикамыз районларындағы жас дийқанлар тәрепинен жетистирилген палыз егинлериниң ярмаркасы болып өтти.

Жаратылған имканиятлар нәтийжесинде аўыл хожалығында мийнет етип атырған жаслардың саны сезилерли дәрежеде артып бармақта. Әсиресе, олардың тынымсыз мийнетлериниң жемислери көзди қуўандырмақта. Жас дийқанларымыз бар екен, халқымыз дастурханында өнимлер мудамы мол болыўына гүман жоқ.

 

Абат Данияров.

Өзбекстан Республикасы Жаслар ислери агентлиги

Қарақалпақстан Республикалық бас­қармасы баслығы,

сенатор.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF