Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 15:15:23, 28.03.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ТАРАЎДЫҢ БАСШЫ ХЫЗМЕТКЕРЛЕРИ МЕНЕН СОРАЎНАМА ӨТКЕРИЛДИ

2019-жылдың 3-октябринде Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Өзбекстан Республикасында кадрлар сиясаты ҳәм мәмлекетлик пуқаралық хызмети системасын түп-тийкарынан жети­лис­тириў ис-илажлары ҳаққында»ғы Пәрманы қабыл етилген еди.

Усы Пәрманда белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде усы жылдың l9-август күни Қарақалпақстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлигинде Өзбекстан Республикасы  Президенти жанындағы Мәмлекетлик хызметин раўажландырыў агентлигиниң Қарақалпақстан Республикасы филиалы тәрепинен Қарақалпақстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлигиниң орайлық аппараты ҳәм оның районлық бөлимлериндеги басшы хызметкерлер менен социаллық сораўнама өткерилди.

Сораўнаманы өткериўде тийкарынан басшы кадрлардың потенциаллық билимин жетилистириў, басшы менен хызметкерлердиң өз-ара мүнәсибетлери, басшылардың хызметкерлер менен ислесиўге көбирек ўақыт ажыратыўы, басшылардың шөлкемлестириўшилик қәбилети ҳәм кадрлар көнликпелери бо­йынша пикирлерине үлкен әҳмийет қаратылды.

Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Мәмлекетлик хызметин раўажландырыў агентлигиниң Қарақалпақстан Республикасы филиалы тәрепинен республикамыздағы минис­трлик системасында басшы лаўазымларында ислеп атыр­ған хызметкерлер менен социаллық (аноним) сораўнама ҳәм анализ өткериў илажлары даўам етпекте.

Сағынбай ОРАЗЫМБЕТОВ,

өз хабаршымыз.

СҮЎРЕТТЕ: сораўнама өткериў барысынан көринис.

Автордың түсирген сүўрети.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF